Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2025
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

Президент сайлаўы – демократиялық жаңаланыўлардың ҳәм реформалардың айнасы

2016-11-09 | Cайлаў

Елимизде 2016-жыл 4-декабрь күни болып өтетуғын Өзбекистан Республикасы Президентин сайлаўға таярлық жумыслары қызғын түске кирди. ӨзА ның хабаршысы Өзбекистан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясының баслығы Мирзаулуғбек АБДУСАЛОМОВ пенен усы сайлаўдың елимиздиң турмысындағы ҳәм раўажланыўындағы әҳмийети, миллий сайлаў нызамшылығымызға киргизилген өзгерислер, сайлаўға көрилип атырған таярлық жумыслары ҳаққында сәўбетлести.

– Ғәрезсизлигимиздиң тийкарын салыўшы, Биринши Президентимиз Ислам Кәримовтың мезгилсиз қайтыс болыўы ҳәммемиз, пүткил халқымыз ушын аўыр жоғалтыў болды, – дейди М.Абдусаломов. – Елбасшымыз республикамыз дерлик дағдарысқа келип қалған, аўыр социаллық-экономикалық машқалалар жәмийетте кескин наразылық кейпиятын алып келген қыйын ҳәм қәўетерли бир ўақытта республикамыз басшысы етип сайланған еди. Уллы Жолбасшымыз өзиниң ақыллы ҳәм дана сиясаты, узақты көре алыўы, ҳәр бир машқала ҳәм мәселениң шешими бойынша терең ойланып, жети өлшеп, бир кесиўи нәтийжесинде тек ғана усы дәўирге жүзеге келген жағдайдың және де тереңлесип, жалын алып кетиўиниң алдын алыўға ерисип қоймастан, ал Ўатанымыздың ғәрезсизлигин жәриялап, оны ғәрезсиз раўажланыў жолына алып шықты. Биринши Президентимиздиң басшылығында Өзбекистан социаллық бағдарланған базар экономикасына ийе болған ҳуқықый демократиялық мәмлекет ҳәм күшли пуқаралық жәмийетин қурыў, халықтың абаданлығын, оның турмыс сапасы менен дәрежесин турақлы арттырып барыў, жәҳән жәмийетшилигинен мүнәсип орын ийелеў жолында үлкен табысларға еристи.

Ислам Кәримов Өзбекистан Республикасы Конституциясының тийкарғы авторы, елимизди жаңалаў ҳәм модернизациялаў процесслериниң ҳуқықый тийкарын белгилеп берген көплеген нызам ҳүжжетлердиң басламашысы ҳәм дөретиўшиси болды. Өзбекистанда демократиялық принциплерге толық жуўап беретуғын миллий сайлаў системасының ҳәм нызамшылығының жаратылғаны да тиккелей Биринши Президентимиздиң аты ҳәм жумысы менен байланыслы.

Елимиз сайлаў нызамшылығының тийкарын инсан ҳуқықлары пүткил жер жүзилик декларациясы, Пуқаралық ҳәм сиясий ҳуқықлар ҳаққындағы халықаралық пакт ҳәм Өзбекистан тәрепинен ратификацияланған басқа да халықаралық ҳуқық ҳүжжетлеринде беккемленген ҳәм дүньяда тән алынған әҳмийетли демократиялық принциплер қурайды. Бул ҳаққында сөз еткенде, көпшилик шет елли бийғәрез экспертлер бүгинги күнде Өзбекистан сайлаў нызамшылығы демократияға муўапықлық дәрежеси бойынша дүньяның көплеген раўажланған мәмлекетлериниң сайлаў ҳаққындағы нызамларынан жоқары турады, деген пикирде екенин айтып өтиў орынлы болып табылады.

Елимизде жаратылған әне усындай демократиялық сайлаў нызамшылығы парламент, Президент ҳәм жергиликли Кеңеслерге сайлаўлардың беккем ҳуқықый тийкары болып хызмет етпекте.

Орайлық сайлаў комиссиясы Өзбекистан Республикасы Конституциясының 96- ҳәм 117-статьялары, «Өзбекистан Республикасы Президентин сайлаў ҳаққында»ғы нызамның 8-статьясы, «Өзбекистан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясы ҳаққында»ғы нызамның 5- ҳәм 9-статьяларына муўапық 2016-жылдың 4-декабрь күнин Өзбекистан Республикасы Президентин сайлаў күни, деп белгиледи ҳәм 9-сентябрьден сайлаў кампаниясының басланғаны жәрияланды.

Өзбекистанда мәмлекетлик басқарыўда президентлик институт әҳмийетли орын ийелейтуғынын атап өтиў орынлы. Елимиздиң еле бурынғы аўқам қурамында болған дәўирде Ислам Кәримов тийкар салған бул институт ғәрезсизликке ерисиў жолындағы әҳмийетли қәдем еди. Өзбекистан ғәрезсизликти қолға киргизгеннен соң президентлик институты өзиниң түп мәнисиндеги мазмун-мәнисине ийе болды.

Өзбекистан Республикасының Конституциясында беккемленип қойылғанындай, Президент мәмлекет баслығы болып табылады ҳәм мәмлекетлик ҳәкимият уйымларының келисилген ҳалда жумыс ислеўин және бирге ислесиўин тәмийинлейди. Президент пуқаралардың ҳуқықлары менен еркинликлерине, Өзбекистан Республикасы Конституциясы ҳәм нызамларына әмел етилиўиниң кепили болып есапланады.

Бийғәрез Өзбекистан тарийхының ҳәзирги дәўиринде алдымызда оғада жуўапкершиликли ўазыйпа тур. Елимиздеги тынышлықты ҳәм турақлылықты, пуқаралар ҳәм динлераралық кеңпейилликти, өз-ара ҳүрмет пенен мийрим-шәпәәтлилик орталығын қәстерлеп сақлаў ҳәм және де беккемлеўди, социаллық-экономикалық салаларды турақлы раўажландырыўды, халқымыздың абаданлығын избе-из арттырып барыўды, Ўатанымыздың дүньядағы ең раўажланған мәмлекетлер қатарынан орын алыўы жолындағы ийгиликли мақсетлеримизди жүзеге шығарыў бойынша стратегиялық ҳәм тийкарғы ўазыйпаларды белгилеп алыўымыз лазым.

Усы мәнисте быйылғы жылдың 4-декабринде болып өтетуғын Президент сайлаўы елимиздиң, халқымыздың турмысында оғада әҳмийетли орын ийелейтуғын жәмийетлик-сиясий илаж болып есапланады.

Усы сайлаўға шөлкемлестириўшилик-ҳуқықый ҳәм материаллық-техникалық жақтан жоқары дәрежеде таярлық көриў, оны миллий сайлаў нызамшылығымызда беккемлеп қойылған демократиялық принциплерге толық муўапық ҳалда, ашық-айдынлық, жәриялылық және әдалатлы өткериў үлкен әҳмийетке ийе. Буның ушын елимизде барлық шараятлар жаратылған.

Президент сайлаўын демократиялық принциплерге муўапық ҳалда өткериўди кепилликке алатуғын ҳуқықый тийкарлар ҳаққында кеңнен мағлыўмат берсеңиз.

– Өзбекистан Республикасы Конституциясы миллий сайлаў системасының жумыс ислеўи ҳәм жәмийетимиз турмысының барлық салаларын демократиялық раўажландырыўда, тийкарғы ҳүжжет болып хызмет ететуғынына гүман жоқ. Конституцияда, атап айтқанда, Өзбекистан Республикасының Президенти Өзбекистан Республикасының пуқаралары тәрепинен улыўма, тең ҳәм тиккелей сайлаў ҳуқықы тийкарында жасырын түрде даўыс бериў жолы менен сайланатуғыны белгилеп қойылған. Буннан тысқары, ғәрезсизлик жылларында Президентти сайлаў процесин тәртипке салатуғын нызамлар жаратылды. «Өзбекистан Республикасы Президентин сайлаў ҳаққында», «Пуқаралардың сайлаў ҳуқықларының кепилликлери ҳаққында», «Өзбекистан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясы ҳаққында»ғы нызамлар менен басқа да нызам ҳүжжетлери усылардың қатарына киреди.

Елимизде усы салада қабыл етилген ҳуқықый-нормативлик ҳүжжетлер әдалатлылық, ашық-айдынлық, жәриялылық ҳәм транспарентлик принциплери тийкарында пуқаралардың сайлаў ҳуқықларына сөзсиз әмел етиў, сайлаўшыларға сайлаўда еркин қатнасыў ушын зәрүр шараятлар, Президентликке талабанды көрсететуғын сиясий партияларға ҳәм талабанларға сайлаў кампаниясы даўамында кең және теңдей имканиятлар жаратыўға қаратылған.

Миллий нызамшылығымызда Орайлық сайлаў комиссиясының басшылығында сайлаўлардың нызам талапларына муўапық түрде шөлкемлестирилиўин ҳәм өткерилиўин тәмийинлейтуғын ҳәм тек ғана нызамға бойсынатуғын бийғәрез сайлаў комиссиялары ҳаққындағы норманың беккемлеп қойылғаны сайлаў системасының ең әҳмийетли өзгешелиги болып табылады.

Сайлаў нызамшылығына соңғы жыллары киргизилген өзгерислерге де тоқтап өтсеңиз.

– Елимизде топланған демократиялық сайлаўлар өткериў тәжирийбесин ҳәм ҳуқықты қолланыў әмелиятын есапқа ала отырып, сайлаў нызамшылығы избе-из жетилистирилмекте. Соны да атап өтиў орынлы, 2014-жылы Өзбекистан Республикасы Олий Мажлиси, халық депутатлары ўәлаятлық, районлық ҳәм қалалық Кеңеслерине сайлаўлар ҳәм 2015-жылы өткерилген Өзбекистан Республикасы Президентин сайлаў демократиялық сайлаў системасын раўажландырыў бойынша алып барылып атырған өзгерислер өз нәтийжесин берип атырғанын көрсетти.

Елимизде демократиялық реформаларды буннан былай да тереңлестириў ҳәм пуқаралық жәмийетин раўажландырыў концепциясы тийкарында сайлаў нызамшылығына сайлаў еркинлиги пиринципин және де толық әмелге асырыўға байланыслы нормативлер киргизилди. Бул сайлаўалды үгит-нәсиятын өткериўде сиясий партиялар ҳәм олар тәрепинен көрсетилген талабанларды тең шараятлар менен тәмийинлеўдиң нәтийжелилигин арттырыў, сайлаў даўамында жәриялылықты тәмийинлеўдиң ҳуқықый механизмлерин жетилистириў имканиятын берди.

 2015-жылы өткерилген Президент сайлаўынан соң «Өзбекистан Республикасы Президентин сайлаў ҳаққында»ғы нызамның жетилистирилгени де үлкен әҳмийетке ийе болды. Нызамда сиясий партиялардың сайлаўда қатнасыўына жеңиллик берилди. Яғный, Өзбекистан Республикасы Президентлигине көрсетилген талабанды қоллап-қуўатлайтуғын имза қағазлары жәми сайлаўшылардың улыўма санының кеминде бир процентиниң, кеминде сегиз ҳәкимшилик-аймақлық структураны өз ишине алған сайлаўшылардың имзасын қамтып алған болыўы керек. Бурын бул көрсеткиш бес процент еди.

Даўыс бериў тәртибине байланыслы қағыйдалардың жетилистирилгени сайлаўларды және де либералластырыў, олардың ашық-айдынлығын тәмийинлеў, пуқаралардың өз ерк-ықрарын еркин ҳәм бийғәрез билдириўи ушын және де қолайлы шараят жаратты.

Раўажланған мәмлекетлердиң нызамшылығында болған сайлаў күни ҳәм даўыс бериўдиң басланыўына бир күн қалғанда сайлаўалды үгит-нәсият жумысына жол қойылмайтуғынлығына байланыслы норма да нызамшылығымызға киргизилди. Бул сайлаўшыларға өзиниң көз-қарасларын, сиясий жақтан тилеклес екенлигин анықлап алыў, ким ҳәм қандай сиясий бағдарлама ушын даўыс бериў мәселесинде анық бир шешимге келиўи ушын қосымша имканият жаратады. Бул даўыс бериў күни қарсаңында ҳәр қыйлы жуўапкерсизлик жағдайларының ҳәм нызам бузылыўларының алдын алады.

Сайлаў күни айырым пуқаралар мийнет дем алысы, хызмет сапары ямаса оқыў кестесиниң тәртиби, мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик миннетлемелерди орынлаў, денсаўлығына байланыслы кеширимли себеплерге бола өз үйлеринде болмаўы мүмкин. Онда сайлаўшының басқа ҳәкимшилик аймаққа кетип атырғанлығы тийисли ҳүжжетлер менен тастыйықланған болыўы керек. Бул процесс «Өзбекистан Республикасы Президентин сайлаў ҳаққында»ғы нызамның 31-статьясында өзиниң көринисин тапқан.

Мүддетинен бурын даўыс бериў сайлаўға 10 күн қалғанда басланады ҳәм сайлаўға бир күн қалғанда жуўмақланады. Мүддетинен бурын даўыс бериўди өткериў ўақты округлик сайлаў комиссиясы тәрепинен белгиленип, сайлаўшылар, бақлаўшылар ҳәм ҒХҚ ўәкиллериниң итибарына жеткериледи.

Соны да атап өтиў керек, қамақта сақлаў орынларында сайлаў участкаларын шөлкемлестириў имканияты «Өзбекистан Республикасы Олий Мажлисине сайлаў ҳаққында»ғы, «Халық депутатлары ўәлаятлық, районлық ҳәм қалалық Кеңеслерине сайлаў ҳаққында»ғы нызамларға киргизилген еди. Бул әмелият Нызамшылық палатасына болып өткен сайлаў ўақтында, сондай-ақ, Орайлық сайлаў комиссиясының қарарына тийкарланып 2015-жылда болып өткен Президент сайлаўында табыслы сынақтан өткерилди. Пуқаралардың ҳуқықлары менен еркинликлерин тәмийинлеў мақсетинде қамақта сақлаў орынларында суд ҳүкими шығарылмаған шахслардың даўыс бериўи ушын имканият жаратылды.

Сайлаў нызамшылығындағы соңғы өзгерислер ҳәм қосымшалардан келип шығып, Орайлық сайлаў комиссиясының оннан аслам нызам ҳәм инструкциясы қайта көрип шығылды.

Орайлық сайлаў комиссиясы тәрепинен сайлаўшылардың дизимин дүзиў тәртиби, талабанларды көрсетиў ҳәм оларды қоллап-қуўатлап топланған имза қағазларының дурыс толтырылғанлығын тексериў тәртип-қағыйдасы, сайлаўалды үгит-нәсиятының ҳәм сайлаў кампаниясының қаржыландырылыўы, шағым, арзалардың көрип шығылыўы, сондай-ақ, бақлаўшылардың ҳуқықлары менен ўазыйпаларына байланыслы мәселелерди тәртипке салатуғын ҳүжжетлер жаңаланған еди. «Өзбекистан Республикасы Президентин сайлаў ҳаққында»ғы ҳәм «Өзбекистан Республикасы Олий Мажлисине сайлаў ҳаққында»ғы нызамларда басқа да мәмлекетлерден ҳәм халықаралық шөлкемлердиң бақлаўшыларына мандатлар Орайлық сайлаў комиссиясы тәрепинен берилетуғыны ҳаққындағы норма беккемленди.

Сайлаўға таярлық жумыслары қалай алып барылмақта?

– Барлық дәрежедеги сайлаў комиссияларының жумысы ҳәм сайлаў процесиниң ҳәр бир басқышында өткерилетуғын илажлар тийисли нызамлар менен нызамшылық талапларынан келип шыққан ҳалда ислеп шығылған Өзбекистан Республикасы Президентин сайлаўға таярлық көриў ҳәм оны өткериў бойынша тийкарғы илажлардың бағдарламасы тийкарында алып барылмақта. Сайлаў кампаниясын жоқары демократиялық дәрежеде шөлкемлестириў, округлик ҳәм участкалық сайлаў комиссияларының нәтийжели жумыс ислеўи, сайлаў процесси қатнасыўшыларының ҳуқықларын толық әмелге асырыў ушын зәрүр шараятлар жаратылмақта.

Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласының шегаралары шеңберинде Өзбекистан Республикасы Президентин сайлаўды өткеретуғын 14 сайлаў округи дүзилди, округлик сайлаў комиссиялары тәрепинен 9 мың 378 сайлаў участкасы шөлкемлестирилди. Елимиздиң сырт мәмлекетлердеги ўәкилханаларының жанында 44 сайлаў участкасы дүзилди. Участкалық сайлаў комиссияларының қурамы қәлиплестирилип, олардың жумысына 98 мыңнан аслам адам қамтылған. Округлик сайлаў комиссиялары ағзаларының 56 сы ҳаял-қызлар болып табылады, олардың  12 си сайлаў комиссияларының басшылығынан орын ийелеген. Участкалық сайлаў комиссияларының қурамында ҳаял-қызлардың саны 47,4 процентти қурайды. Участкалық сайлаў комиссиялары баслықларының 26,7 проценти ҳаял-қызлар есапланады.

Сайлаў округлери ҳәм участкалары барлық шараятларға ийе заманагөй имаратларда жайластырылып, транспорт, мәлимлеме-коммуникация ҳәм байланыс қураллары, соның ишинде, интернетке жалғаныў имканиятлары менен тәмийинленбекте.

Физикалық имканиятлары шекленген пуқаралардың даўыс бериўде қатнасыўы ушын қолайлы шараят жаратыў мақсетинде ҳәр бир сайлаў участкасы майыплардың арбалары биймәлел имаратқа кириўин нәзерде тутатуғын айрықша пандус пенен үскенеленбекте. Буннан тысқары, кабиналардың бири майыплардың даўыс бериўи ушын мөлшерленбекте. Көзи әззи пуқараларға брайл әлипбесинде сайлаўдың темасы бойынша ҳәр қыйлы қолланбалар таярланбақта, дәслепки мәрте олар ушын мөлшерленген сайлаў бюллетеньлерин таярлаў режелестирилген. Булардың барлығы имканияты шекленген шахслардың жәмийетимиздиң толық ҳуқықлы ағзасы екенин инабатқа алған ҳалда әмелге асырылмақта.

Бизге мәлим, участкалық сайлаў комиссияларының жумысын дурыс шөлкемлестириў сайлаў кампаниясын дурыс алып барыўдың ең әҳмийетли шәртлеринен бири есапланады. Усыған байланыслы бул тәрепине және де үлкен жуўапкершилик пенен қатнас жасалмақта, сайлаў участкаларын таярлаў, участкалық сайлаў комиссиялары ағзаларының ҳуқықый билимлерин арттырыў бойынша кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта. Участкалық сайлаў комиссияларының жумысын нәтийжели шөлкемлестириўге қаратылған үш басқышлы семинар-тренинглер бағдарламасы ислеп шығылды. Елимиз, ўәлаятлар ҳәм районлар көлеминде шөлкемлестирилип атырған бул илажларда Орайлық сайлаў комиссиясының ағзалары, сайлаў нызамшылығы ҳәм әмелияты бойынша экспертлер де тиккелей қатнасып, участкалық сайлаў комиссияларының жумысын қаржыландырыў, сайлаўшылардың дизимин дүзиўдиң өзине тән өзгешеликлери, даўыс бериў процессин шөлкемлестириў ҳәм өткериўдиң ҳуқықы тийкарлары, мүддетинен бурын даўыс бериўди шөлкемлестириў сыяқлы әҳмийетли мәселелер бойынша участкалық сайлаў комиссиялары ағзаларының билим ҳәм маманлығы арттырылмақта.

Бүгинги күнде сайлаў участкалары пуқараларымыздың тек ғана ҳуқықый мәдениятын арттырыў емес, ал талабанлардың сайлаўалды бағдарламалары ҳәм өмирбаяны менен танысыў ушын сиясий-ағартыўшылық орайға айланған. Бул жерде сайлаўшы сайлаўға байланыслы ҳәр қандай мағлыўматты алыўы мүмкин.

Миллий сайлаў әмелиятымыз тарийхында биринши мәрте Өзбекистан Республикасы Президентин сайлаўға таярлық көриў дәўиринде сайлаўшылардың ҳуқықый мәдениятын буннан былай да арттырыў бойынша өткерилетуғын илажлардың бағдарламасы қабыл етилди.

Бағдарлама пуқараларға ғәрезсизлик жылларында жаратылған миллий сайлаў системасы, «Өзбекистан Республикасы Президентин сайлаў ҳаққында»ғы нызам, соңғы жылларда оған киргизилген өзгерислер менен қосымшалар, Орайлық сайлаў комиссиясының сайлаў мәселелерин тәртипке салатуғын қарарларының мазмун-мәниси ҳәм сайлаўшылардың нызамларда беккемлеп қойылған ҳуқықлары менен еркинликлерин кеңнен түсиндириў жумысларын алып барыўды нәзерде тутады.

Үгит-нәсият илажлары дөгерек сәўбети, семинар, ушырасыў, тиккелей сөйлесиў, конференция, тренинг түринде, ғалаба хабар қураллары арқалы мақала,  еситтириў ҳәм көрсетиўлер жәриялаў, түрли қолланба, флаер ҳәм басқа да үгит-нәсият материалларын таярлаў арқалы әмелге асырылмақта.

Бағдарламада нәзерде тутылған илажлар шеңберинде халықтың барлық қатламы, шет елдеги жерлеслеримиз қамтып алынбақта. «Камолот» жаслар жәмийетлик ҳәрекети, Ҳаял-қызлар комитети, «Мәҳәлле» қайырқомлық жәмийетлик фонды, Республика Интернационаллық мәденият орайы, пуқаралық жәмийети институтлары мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымлары менен социаллық шерикликте пуқаралардың ҳуқықый мәдениятын ҳәм белсендилигин буннан былай да арттырыў мақсетинде ҳәр қыйлы акциялар өткермекте.

Сайлаўшылардың ҳуқықый мәдениятын арттырыўға қаратылған үгит-нәсият илажларында шаңарақлық даўыс бериўдиң алдын алыўға айрықша итибар қаратылмақта. Орынларда сайлаўшылар, округлик ҳәм участкалық сайлаў комиссиялары ағзаларының қатнасыўында семинарлар өткерилмекте. Соның менен бирге, бул темада 100 мың нусқада үгит-нәсият плакатлары басылып, оларды адамлар көп жыйналатуғын орынларда жайластырыў жумыслары әмелге асырылмақта. Өзбекистан Миллий телерадиокомпаниясы менен бирге мүддетинен бурын даўыс бериў, даўыс бериў ҳәм сайлаў бюллетенин толтырыў тәртибине бағышланған роликлер таярланбақта.

Сайлаў кампаниясының ең әҳмийетли басқышларынан бири болған сайлаўалды үгит-нәсият жумыслары даўам етпекте. Бул процесс ҳаққында да айтып берсеңиз.

– Сайлаўалды үгит-нәсияты сайлаў кампаниясында оғада әҳмийетли орын ийелейди. Бул процесске барлық демократиялық мәмлекетлер, соның ишинде, елимизде де айрықша итибар қаратылады. Үгит-нәсият жумыслары талабанларға сайлаўшыларды өзиниң сайлаўалды бағдарламасы менен таныстырыў имканиятын береди. 2015-жыл 29-декабрьде қабыл етилген «Өзбекистан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер менен қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы нызам сайлаўға байланыслы нызамшылықты жетилистириў жумысларының логикалық даўамы болды. Бул нызамда сайлаўалды үгит-нәсият жумысын алып барыўдың түрлери, формалары менен усыллары, ғалаба хабар қураллары арқалы үгит-нәсият жумысын алып барыў, ҒХҚ арқалы тарқатылатуғын мәлимлемеге қойылатуғын, мәселен, оның ашық-айдынлығы, президентликке талабанлар, сиясий партиялардың ҳуқықлары менен нызамлы мәплериниң бузылмаўына байланыслы талаплар толық баян етилди.

Нызамда баспа, көргизбели, аудиовизуал ҳәм басқа да үгит-нәсият материалларында әлбетте көрсетилиўи лазым болған тираж, басып шығарылған сәне сыяқлы мағлыўматлардың дизими өз көринисин тапқан. Имаратлар, объектлер ҳәм басқа да орынларда орналастырылған сайлаўалды үгит-нәсият материаллары сайлаў күнинен бир күн алдын жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары тәрепинен алып тасланатуғыны белгиленди.

Сайлаўшылар менен ушырасыўлар өткериў арқалы сайлаўалды үгит-нәсият жумысын жүргизиў, Президентликке талабанлар ушын тең шараятлар жаратыў мәселелерине айрықша итибар қаратылған. Атап айтқанда, мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыў уйымлары, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары, жәмийетлик бирлеспелери ҳәм пуқаралардың өзин өзи басқарыў уйымлары президентликке талабанларға сайлаўшылар менен ушырасыў өткериў ушын тийисли түрде үскенеленген ханалар ажыратыў, керекли мағлыўмат ҳәм мәлимлеме  материалларын алыўға көмеклесиў шәртлиги белгиленген.

Бүгинги күнде сайлаў кампаниясы, соның ишинде, сайлаўалды үгит-нәсият жумысын әмелге асырыў процесслери елимиздиң нызамшылығы ҳәм Орайлық сайлаў комиссиясы тәрепинен тастыйықланған Өзбекистан Республикасы Президентин сайлаўға таярлық көриў ҳәм оны өткериў бойынша тийкарғы илажлар бағдарламасына толық муўапық ҳалда әмелге асырылмақта.

Сиясий партиялардан келип түскен усыныс ҳәм тилеклерди инабатқа алып, ҳәр бир талабанға өзиниң сайлаўалды бағдарламасын халыққа жеткериў ушын Өзбекистан Миллий телерадиокомпаниясының «Ўзбекистон» ҳәм «Ёшлар» теле ҳәм радиоканалларында 638 минуттан, Миллий телерадиокомпанияның 12 аймақлық телеканалында 206 минуттан, «Тошкент» телерадиоканалында 286 минуттан бийпул эпир ўақты ажыратылды. «Халқ сўзи», «Народное слово» ҳәм «Правда Востока» газеталарында 6 беттен ибарат баспа майданы бийпул берилмекте. Буннан тысқары, аймақлардағы 30 жергиликли газетада ҳәр бир талабан ушын 55,5 бет баспа майданы бийпул усынылады.

Ҳәр қыйлы миллет ўәкиллери болған пуқараларға сайлаўалды үгит-нәсият материаллары менен танысыўға айрықша итибар қаратылмақта. Өзбекистан Республикасы Президентлигине талабанлар тәжик тилиндеги «Овози тожик», «Овози Самарқанд», қазақ тилиндеги «Нурлы жол» газеталарының баспа орнынан бийпул пайдаланады. Улыўма алғанда, сайлаў кампаниясының процесслери ҳаққындағы мәлимлемелер елимиздеги ҒХҚларда 17 тилде басып шығарылмақта. Буннан тысқары, корейс тилиндеги «Корё Синмун», «Тхонил-Единство», армиян тилиндеги «Апага» сыяқлы баспалар да ҳеш қандай тосқынлықларсыз өз оқыўшыларын усы процесслер ҳаққында хабардар етиўи дыққатқа ылайық.

Талабанлардың ҳәр бири елимиз бойынша 642 ден сыртқы реклама қуралынан, яғный, арнаўлы конструкциялар, экранлар, биллбордлардан өзиниң бағдарламалық идеяларын ҳәм мақсетлерин үгит-нәсиятлаўда пайдаланады. Республикамыздағы 36 электрон мониторда да талабанлардың үгит-нәсият роликлерин бийпул орналастырыў имканияты жаратылды.

Өзбекистан Республикасы Президентлигине талабанлар ғалаба хабар қуралларында сайлаўалды үгит-нәсият материалларының түрлерин, формаларын, усылларын ҳәм мазмунын бийғәрез белгилейди.

Атап өтиў орынлы, сайлаўалды үгит-нәсият жумысы дәўиринде тең шараят жаратыў принципи партияның баспаларына қарата енгизилмейди. Олар тийисли материаларды қәлеген көлемде баспадан шығарыўы мүмкин.

Бүгинги күнде талабанлар сайлаўалды үгит-нәсият илажларын белсене алып бармақта, бул процессте оларға исенимли ўәкиллери жақыннан жәрдем бермекте.

Округлик сайлаў комиссиялары теңлик принципине әмел етилиўин қатаң қадағалап бармақта.

Орынларда нызамшылық талаплары қай дәрежеде тәмийинленип атырғаны мониторинг етилмекте ҳәм бул бойынша Орайлық сайлаў комиссиясына күнлик мәлимлеме берилмекте.

Сайлаў процесиниң ашық-айдынлығын ҳәм жәриялылығын тәмийинлеў ушын сайлаў комиссиялары тәрепинен қандай илажлар көрилмекте?

– Елимизде демократиялық сайлаўларды шөлкемлестириў жасырын даўыс бериўге тийкарланған болып, қалған барлық процесслер ашық-айдынлық, жәриялылық ҳәм транспарентлик тийкарында өткериледи. «Өзбекистан Республикасы Президентин сайлаў ҳаққында»ғы нызамға муўапық, сайлаў комиссиялары пуқараларды сайлаўға таярлық көриў ҳәм оны өткериў бойынша өзиниң жумысы менен таныстырып барады. Сайлаў комиссияларының дүзилгени, олар жайласқан мәнзил ҳәм олардың жумыс ўақты ҳаққында мәлимлеме береди. Сайлаўшылардың дизими, сайлаўда қатнасып атырған сиясий партиялардың дизими, Өзбекистан Республикасы Президентлигине талабанлар ҳаққындағы мағлыўматлар менен таныстырады, даўыс бериў ҳәм сайлаў жуўмақлары бойынша хабардар етеди.

Сайлаўға таярлық көриў ҳәм оны өткериўге байланыслы барлық илажларды, ҳәр бир сайлаў участкасында сайлаў күни даўыс бериў ханаларында ҳәм даўысларды санап шығыўда Өзбекистан Республикасы Президентлигине талабанларды көрсеткен сиясий партиялардан бир-бирден бақлаўшы, баспасөз, телевидение ҳәм радио ўәкиллери, сырт мәмлекетлер, халықаралық шөлкемлерден ҳәм ҳәрекетлерден бақлаўшылар қатнасыў ҳуқықына ийе.

Сайлаў процесиниң ашық-айдынлығын ҳәм жәриялылығын тәмийинлеўде ғалаба хабар қураллары әҳмийетли орын ийелейди. Президентлик сайлаў бойынша 2016-жылғы сайлаў кампаниясын ҳәр тәреплеме қалыс сәўлелендириў мақсетинде Орайлық сайлаў комиссиясы ҳәм Өзбекистан Миллий телерадиокомпаниясы, Өзбекистан Миллий мәлимлеме агентлиги, «Жаҳон», «Uzreport» мәлимлеме агентликлери, Электрон ғалаба хабар қураллары миллий ассоциациясы арасында еки тәреплеме келисимлерге қол қойылды.

Президент сайлаўын сәўлелендириў бойынша Республикалық баспасөз орайы, сондай-ақ, округлик сайлаў комиссияларының жанында да усындай баспасөз орайларының жумысы жолға қойылған. Орайлық сайлаў комиссиясы тәрепинен сырт ел ҳәм миллий ғалаба хабар қуралларының 500 ден аслам ўәкили, округлик сайлаў комиссиялары тәрепинен дерлик 560 жергиликли журналист аккредитациядан өткерилди.

Орайлық сайлаў комиссиясының барлық қарарлары, реже ҳәм инструкциялары қабыл етилген күнниң өзинде-ақ комиссияның www.elections.uz мәнзили бойынша рәсмий веб-сайтына өзбек, рус ҳәм инглис тиллеринде орналастырылып атырғаны сондай-ақ, сайлаў кампаниясы менен байланыслы мағлыўматлар, жаңалықлар, баспасөзде ҳәм мәлимлеме агентликлериниң веб-сайтларында әҳмийетли темаға байланыслы жәрияланған мақалалар, фото ҳәм видео материаллар, эфирге узатылған интервью ҳәм көрсетиўлер, сайлаўшылардың ҳуқықый мәдениятын арттырыўға ҳәм олардың хабардарлығын тәмийинлеўге қаратылған роликлер, сайлаў темасына байланыслы басып шығарылған қолланбалар сайттың тийисли бөлимлеринде сәўлеленгени сайлаў процессиниң ашық-айдынлығын ҳәм жәриялылығын тәмийинлеп атырғанлығының және бир айқын дәлили болып есапланады.

Орайлық сайлаў комиссиясының бағдарламасына муўапық округлик ҳәм участкалық сайлаў комиссиялары, сондай-ақ, ҳаял-қызлар, жаслар, нуранийлер, имканияты шекленген шахслар, әскерий хызметкерлер, пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары, мийнет жәмәәтлери, оқыў орынларының ўәкиллери, журналистлер ушын темаға байланыслы семинарлар өткерилмекте. Бул миллий сайлаў нызамшылығына киргизилген соңғы өзгерислер, сайлаў комиссияларының алдында турған ўазыйпалар, ғалаба хабар қуралларының қатнасыўында сайлаў процессиниң ашық-айдынлығын ҳәм жәриялылығын тәмийинлеў ўазыйпалары ҳаққында олардың хабардарлығын арттырыўға жәрдем береди.

Бул бағдардағы ис-ҳәрекетлердиң нәтийжесинде сайлаў кампаниясы басланғанлы берли елимиздиң ғалаба хабар қуралларында бул темада 9 мың 900 ден аслам, шет ел ғалаба хабар қуралларында 800 ден аслам материал жәрияланды.

Өзбекистан Республикасы Президентин сайлаўға таярлық көриў, оны өткериў ўақтында нызамбузылыўының алдын алыў, физикалық ҳәм юридикалық шахслардың мүрәжатлерин өз ўақтында көрип шығыў, олар бойынша нызамда белгиленген илажларды көриў ҳәм округлик, участкалық сайлаў комиссиялары менен турақлы байланыс орнатыўды тәмийинлеў мақсетинде 2016-жылдың 1-ноябринен баслап Өзбекистан Республикасы Орйлық сайлаў комиссиясында күни-түни ислеп туратуғын «исеним телефоны» (0 371 239-35-62), сондай-ақ, факс (0 371 239-42-43) ҳәм электрон почта (ub­_saylov@umail.uz) иске қосылды.

Ҳәзирги ўақытта Орайлық сайлаў комиссиясы тәрепинен Европада қәўипсизлик ҳәм бирге ислесиў шөлкеминиң Демократиялық институтлар ҳәм инсан ҳуқықлары бойынша бюросы, Ғәрезсиз Мәмлекетлер Дослық Аўқамының Атқарыўшы комитети, Шанхай бирге ислесиў шөлкеми, Ислам бирге ислесиў шөлкеми ҳәм Пүткил дүнья жүзилик сайлаў уйымлары ассоциациясы сыяқлы абыройлы халықаралық структураларға Өзбекистан Республикасы Президентин сайлаўда бақлаўшы сыпатында қатнасыў ушын мирәтнамалар жиберилип, олар усы процессте қатнасыўға таяр екенлигин мәлим етти.

Европада қәўипсизлик ҳәм бирге ислесиў шөлкеминиң Демократиялық институтлар ҳәм инсан ҳуқықлары бойынша бюросының сайлаўды бақлаў бойынша миссиясының тийкарғы топары елимизге келип, өз жумысын баслады. Усы жерде бул шөлкемниң рәсмий веб-сайтында Миннетлемелерди баҳалаў миссиясы экспертлериниң Өзбекистанға сапарының нәтийжелери бойынша есабат жәрияланды. Онда елимиз нызамшылығына киргизилген соңғы өзгерислер, Орайлық сайлаў комиссиясының реже ҳәм инструкциялары және де жетилистирилгени жоқары баҳаланған, Өзбекистан сайлаўды халықаралық стандартларға муўапық өткериўге таяр екени тән алынған ҳалда сайлаўды бақлаў бойынша толық ҳуқықлы миссия жибериў ҳаққында мәлим етилген.

Миссия тийкарғы топар менен бирге 20 узақ мүддетли бақлаўшы, даўыс бериў күни сайлаў участкаларында бақлаўды әмелге асыратуғын 250 қысқа мүддетли бақлаўшыдан ибарат болады.

Өзбекистан Республикасы Президентин сайлаў елимиз раўажланыўының ҳәзирги басқышындағы оғада әҳмийетли жәмийетлик-сиясий ўақыя болып табылады. Өйткени, Ўатанымыздың келешеги, оның буннан былай да раўажланыўы сайлаўдың барлық қатнасыўшыларының белсендилиги, сиясий жетиклиги ҳәм соңғы нәтийжеде сайлаўшылар қабыл ететуғын қарарға байланыслы.

Поделиться