Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

Депутатлар 2017-жылға халықтың бәнтлиги бағдарламасын қабыл етти

2016-10-31 | Жәмийет

Бурын хабар етилгениндей, Олий Мажлис Нызамшылық палатасының гезектеги мәжилиси болып өтти. Онда депутатлар Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинети тәрепинен киргизилген 2017-жылға халықтың бәнтлиги бағдарламасы жойбарын додалады.

Бул ҳүжжет демографиялық факторларды ҳәм экономикадағы структуралық өзгерислерди есапқа ала отырып, аймақлардың және экономика тармақларының потенциалын исқе қосыў, мийнет ресурсларынан ақылға уғрас пайдаланыў арқалы халықтың бәнтлигин тәмийинлеў бойынша өз-ара байланыслы ҳәм комплексли илажларды нәзерде тутады.

Бағдарламада 390 мың адамды турақлы жумыс орны менен, 200 мың адамды – аўыл хожалығы ҳәм қурылыстағы мәўсимлик және ўақтыншалық жумыс пенен, 309 мың адамды – жеке жәрдемши ҳәм дийқан хожалықлары, өнерментшилик ҳәм шаңарақлық исбилерменлик арқалы жумыс пенен тәмийинлеў нәзерде тутылған.

Депутатлар тәрепинен өткен жыллардан өзгеше түрде келеси жыл бағдарламасының параметрлери және де оптималластырылып, аймақлар менен кәрханалардың реал имканиятлары есапқа алынғаны айрықша атап өтилди. Соның ишинде, қурылыс ҳәм инфраструктураны раўажландырыў, районлар ҳәм қалаларда киши санаат зоналарын шөлкемлестириў есабынан жумыс орынларын жаратыўдың бағдарлары кеңейтилген. Сондай-ақ, усы бағдарлама жойбарын таярлаўда 2016-жыл даўамында халықтың бәнтлигин тәмийинлеў параметрлериниң орынланыўы бойынша депутатлар тәрепинен әмелге асырылған парламентлик қадағалаўдың жуўмақлары нәтийжесинде ислеп шығылған усыныслар итибарға алынған.

Бул бағдарламаның жойбары Олий Мажлистиң Нызамшылық палатасындағы сиясий партиялардың фракцияларында ҳәм Өзбекистан Экологиялық ҳәрекети депутатлық топарының мәжилислеринде ҳәр тәреплеме додаланып, бир қатар пикир-усыныслар билдирилди. Соның ишинде, халықтың бәнтлигин тәмийинлеў бойынша парламентлик қадағалаўды буннан былай да күшейтиў, ҳәр бир депутаттың усы мәселеге жуўапкершилигин және де арттырыў кереклиги атап өтилди. Бул усыныслар инабатқа алынған ҳалда 2017-жылға халықтың бәнтлиги бағдарламасы депутатлар тәрепинен қабыл етилди.

Ж.Носиров, Өзбекистан Либерал-демократиялық партиясы фракциясының ағзасы:

2017-жылғы бағдарламаға көплеген жаңалықлар киргизилгенлигин атап өтиў зәрүр. Соның ишинде, фракциямыз аймақлардағы ҳәрекеттеги ишки имканиятларды толық жумсаў арқалы жумыс орынларына талап жоқары болған 34 районда халықтың бәнтлигин тәмийинлеўге байланыслы арнаўлы илажлар бағдарламасының ислеп шығылып атырғанына итибар қаратты. Бул тек  ғана халықтың бәнтлигин тәмийинлеў имканиятларын кеңейтип қоймастан, ал усы аймақларда бүгинги күнде елимиз экономикасында әҳмийетли орын ийелеп турған киши бизнести ҳәм жеке исбилерменликти раўажландырыў, өндиристи, хызмет көрсетиў және сервис салаларын жетилистириў ҳәм заманагөй инфраструктура объектлерин қурыў имканиятын береди.

И.Хажиев, Өзбекистан «Миллий тикланиш» демократиялық партиясы фракциясының ағзасы:

Район (қала) ҳәкимликлери жанындағы арнаўлы жумысшы комиссиялардың жумыс нәтийжелилигин арттырыў тийкарында халықтың бәнтлиги бағдарламасының орынланыў мониторингин нәтийжели шөлкемлестириў ең әҳмийетли ўазыйпалардан бири болып табылады. Бундай қатнас жумыс орынлары қысқарыўының алдын алыў, жумыссыз халықты кәсипке қайта оқытыў көлемлерин кеңейтиў ҳәм соның нәтийжесинде кепилленген жумыс пенен тәмийинлеў имканиятын береди. Сондай-ақ, фракциямыз билимлендириў мәкемелерин питкериўшилердиң жумысқа орналасқанының анықлығын тийисли министрликлер менен ведомстволар арасында электрон мәлимлеме алмасыў системасы тийкарында мониторинг етиў тәжирийбесин кеңнен енгизиўди усыныс етти.

З.Акромова, Өзбекистан Халық демократиялық партиясы фракциясының ағзасы:

2017-жылы халықтың бәнтлигин тәмийинлеўге болған талапты анықлаўда жаңа көз-қараслар билдирилген. Соның ишинде, бағдарлама жойбарын ислеп шығыўда ҳәр бир аўыл (мәҳәлле) бойынша демографиялық жағдай бирме-бир үйренилген және жумыс орынларына мүтәж халықтың ҳақыйқый саны кәсиплер кесиминде анықланған. Нәтийжеде жумыс орынларын жаратыў имканияты бар болған салалар менен тармақлардың ишки мүмкиншиликлерин максимал дәрежеде есапқа ала отырып, ҳәр бир район ҳәм қала кесиминде халықтың бәнтлигин тәмийинлеўге байланыслы буйыртпалар қәлиплестирилген. Фракциямыз бундай көз-қарасты халықтың бәнтлик дәрежесин арттырыў ҳәм пуқараларды мәнзилли социаллық қорғаўдың нәтийжели шешимлеринен бири, деп есаплайды.

У.Саматов, Өзбекистан «Адолат» демократиялық партиясы фракциясының ағзасы:

Бәнт болмаған халыққа ҳәм жумыссызларға, биринши гезекте жасларға, ҳаял-қызларға, имканияты шекленген шахсларға кәсип-өнерге қайта таярлаў ҳәм жумысқа орналастырыў хызметлерин көрсетиў ушын кәсип-өнерге оқытыў орайларының имканиятларынан кеңнен пайдаланыў бағдарламаның орынланыўын тәмийинлеўде үлкен әҳмийетке ийе. Себеби, усы орайларда жумыссыз пуқаралар, ҳәрекеттеги бос (вакант) жумыс орынларын есапқа ала отырып талап жоқары болған бир қатар бағдарларда кәсип-өнерге қайта оқытылады ҳәм маманлығы арттырылады. Соның менен бирге, фракциямыз ўәкиллери бәнт болмаған халықты жумысқа орналастырыў ушын аймақлық мийнет уйымларының жумысында заманагөй мәлимлеме технологиялары, жумыс излеўдиң қәнигелестирилген бағдарламалары имканиятларынан пайдаланыўды кеңейтиў тийисли екенлигине итибар қаратты.

Поделиться