Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

СУД-ҲУҚЫҚ СИСТЕМАСЫН ЖӘНЕ ДЕ РЕФОРМАЛАЎ, ПУҚАРАЛАРДЫҢ ҲУҚЫҚЛАРЫ МЕНЕН ЕРКИНЛИКЛЕРИН ИСЕНИМЛИ ҚОРҒАЎДЫҢ КЕПИЛЛИКЛЕРИН КҮШЕЙТИЎ ИЛАЖЛАРЫ ҲАҚҚЫНДА

2016-10-21 | Ҳүжжетлер

Өзбекистан Республикасы Президентиниң пәрманы

Суд-ҳуқық системасын буннан былай да демократияластырыў ҳәм еркинлестириў, суд, ҳуқық қорғаў ҳәм қадағалаў уйымлары жумысының нәтийжелилигин арттырыў, халықтың әдил судлаўға болған исенимин күшейтиў, жәмийетте нызам үстинлигин тәмийинлеў ҳәм нызамшылықты бекемлеў мақсетинде:

1. Суд ҳәкимиятының шын мәнисиндеги бийғәрезлигин, пуқаралардың ҳуқықлары менен еркинликлериниң исенимли қорғалыўын тәмийинлеў, сондай-ақ, әдил судлаўға ерисиў дәрежесин арттырыў суд-ҳуқық системасын және де реформалаў саласында мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы әҳмийетли бағдары етип белгиленсин.

Мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы әҳмийетли бағдарларын әмелге асырыў бойынша суд, ҳуқық қорғаўшы ҳәм қадағалаўшы уйымлардың баслы ўазыйпалары сыпатында төмендегилер белгиленсин:

суд ҳәкимиятының бийғәрезлиги ҳаққындағы конституциялық нормаларға ҳәм әдил судлаўды әмелге асырыў жумысына араласқаны ушын жуўапкершиликтиң сөзсизлиги принципине алжаспай әмел етилиўин тәмийинлеў;

пуқаралардың ҳуқықлары, еркинликлери менен нызамлы мәплерине қарсылық етиў ҳалатлары бойынша тезлик пенен зәрүр шараларды көриў;

физикалық ҳәм юридикалық шахслардың мүрәжатларын өз ўақтында шешиў, мүрәжатларды көрип шығыўдабылғасыққа жол қойыў ҳәм бийпарқ мүнәсибетте болыў ҳалатларына жол қойғаны ушын жынайый жуўапкершиликке шекем болған жуўапкершиликтиң сөзсизлигин тәмийинлеў, сондай-ақ, бузылған ҳуқықларды тиклеў бойынша барлық зәрүрли илажларды көриў;

жумыстың ашық-айдынлығын тәмийинлеў, пуқаралық жәмийети институтлары, ғалаба хабар қуралары ҳәм халық пенен бирге ислесиўдиң нәтийжели механизмлерин кеңнен қолланыў;

жумысты ис жуўмақларының комплексли талқыланыўы тийкарында режелестириў ҳәм шөлкемлестириў, бунда итибарды ең дәслеп ҳуқықты қолланыў әмелиятын ҳәм әмелдеги нызам ҳүжжетлерин жетилистириў арқалы системалы нызамбузарлықлардың себеплерин ҳәм шараятларын анықлаў және сапластырыўға қаратыў;

хызметкерлер арасында өз мәпине пайдаланыўшылықтың ҳәм басқа да ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў, профилактикалаў ҳәм оларға шек қойыў бойынша ведомстволық қадағалаўды күшейтиў, әдеп-икрамлылық қағыйдаларына қатаң түрде әмел етилиўин тәмийинлеў;

жоқары әдеп-икрамлылық ҳәм ерк-ықрары және  кәсиплик пазийлетлерге ийе, жүкленген ўазыйпалардың ҳәм әмелге асырылып атырған реформалардың нәтийжели орынланыўын тәмийинлейтуғын кадрларды ашық-айдын таңлаў тийкарында жумысқа қабыл етиў системасын жетилистириў;

пуқаралардың ҳуқықлары менен нызамлы мәплерине сөзсиз әмел етилиўин тәмийинлеў, жумыстың нәтийжелилигин арттырыўға қаратылған алдыңғы илимий-техникалық қуралларды ҳәм мәлимлеме-коммуникация технологияларын, сондай-ақ, жумысты шөлкемлестириўдиң заманагөй түрлерин менен усылларын енгизиў.

2. Өзбекистан Республикасы Президенти жанындағы Судьяларды таңлаў ҳәм лаўазымларға усыныў бойынша жоқары маманлық комиссиясы, Өзбекистан Республикасы Жоқарғы суды, Жоқары хожалық суды, Бас прокуратурасы ҳәм Әдиллик министрлигиниң судьялық лаўазымына биринши мәрте бес жыл мүддетке ҳәм кейин он жыл мүддетке, оннан соң мүддетсиз дәўирге тайынлаў (сайлаў)ды нәзерде тутатуғын усынысы мақуллансын.

3. 2017-жылдың 1-апрелинен:

еркинен айырыў менен байланыслы болмаған альтернативлик жаза түрлерин қолланыўды кеңейтиў арқалы қамақ түриндеги жынайый жаза жуўмақланатуғыны;

жынаятты ислеўде гүман етилген шахсларды услап турыўдың мүддети 72 сааттан 48 саатқа қысқартылатуғына;

қамаққа алыў ҳәм үй қамағы тәризиндеги қәўипсизлик шараларын қолланыўдың, сондай-ақ, дәслепки тергеўдиң ең көп мүддети 1 жылдан 7 айға қысқартылатуғыны;

почта-телеграф хызметлерин хатлап қойыў ҳәм эксгумациялаў ушын санкция бериў ҳуқықы судларға өткерилетуғына;

судларға қамаққа алыў яки үй қамағы тәризиндеги қәўипсизлик шарасын қолланыўдан бас тартылғанда альтернативлик қәўипсизлик шараларын қолланыў ҳуқықы берилетуғыны;

тергеўдиң толық емеслигин судтың додалаўы процесинде толықтырыў механизмлерин енгизиў арқалы суд тәрепинен жынаят исин қосымша тергеў жүргизиўге қайтарыў институты бийкар етилетуғыны;

пуқаралық ис бойынша суд қарарын қадағалаў тәртибинде қайта көрип шығыўдың мүддети 3 жылдан 1 жылға қысқартылатуғыны;

ўәлаят дәрежесиндеги судлар тәрепинен жынайый ҳәм пуқаралық ислерди қадағалаў тәртибинде көрип шығыў институты сапластырылып, тийисли суд баслықларының ҳәм прокурорлардың қадағалаў тәртибинде протест келтириў бойынша ўәкилликлери бийкар етилетуғыны;

Өзбекистан Республикасы Жоқарғы суды Пленумының ислерди қадағалаў тәртибинде көрип шығыў бойынша бир-бирин тәкирарлайтуғын ўәкиликлери бийкар етилетуғыны;

әдиллик уйымларының улыўма юрисдикция судларының жумысын материаллық-техникалық жақтан ҳәм қаржылай тәмийинлеў саласындағы ўазыйпалары ҳәм ўәкилликлери Өзбекистан Республикасы Жоқарғы судына өткерилетуғыны;

хожалық судларының системасында регионаллық апелляция судлары шөлкемлестирилетуғыны белгилеп қойылсын.

4. Суд-ҳуқық системасын буннан былай да реформалаў, пуқаралардың ҳуқықлары менен еркинликлерин исенимли қорғаўдың кепилликлерин күшейтиў бойынша комплексли илажлардың бағдарламасы (кейинги орынларда – Бағдарлама) 1-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

Бағдарламада нәзерде тутылған илажлардың өз ўақтында ҳәм сапалы орынланыўы бойынша министрликлер менен ведомстволардың басшыларына жеке жуўапкершилик жүкленсин.

5. Суд-ҳуқық системасын буннан былай да реформалаў, пуқаралардың ҳуқықлары менен еркинликлерин исенимли қорғаўдың кепилликлерин күшейтиў бойынша комплексли илажлардың бағдарламасын әмелге асырыў бойынша Комиссия (кейинги орынларда – Комиссия) 2-қосымшаға муўапық қурамда шөлкемлестирилсин.

Комиссия (И.Б.Абдуллаев):

министрликлер менен ведомстволар, илимий-изертлеў ҳәм билимлендириў мәкемелериниң қәнигелери, пуқаралық жәмийети институтлары ўәкиллерин тартқан ҳалда нызам ҳүжжетлериниң жойбарларын таярлаў бойынша эксперт топарларын шөлкемлестирсин;

нызамшылық ҳәм ҳуқықты қолланыў әмелиятын терең сын көзқарастан талқылаў, алдыңғы шет ел тәжирийбесин үйрениў тийкарында Бағдарламада нәзерде тутылған нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер жойбарларының ислеп шығылыўын тәмийинлесин;

нызам ҳүжжетлери жойбарларын жәмийетшилик арасында, соның ишинде, дөгерек сәўбетлери, семинарлар ҳәм конференциялар өткериў арқалы кеңнен додалаўды шөлкемлестириў илажларын көрсин;

Бағдарламада нәзерде тутылған нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер жойбарларының сапалы таярланыўы ҳәм өз ўақтында белгиленген тәртипте киргизилиўи, сондай-ақ, басқа да илажлардың орынланыўы үстинен қадағалаўды тәмийинлесин.

6. Өзбекистан Республикасы Жоқарғы суды, Жоқары хожалық суды, Бас прокуратурасы ҳәм Әдиллик министрлиги алдыңғы шет ел тәжирийбесин терең үйрениў тийкарында 2017-жыл 1-июльге шекем:

суд-прокурор хызметкерлериниң маманлығын арттырыў ҳәм басшы кадрларды таярлаў системасын жетилистириў;

жас өспиримлер ушын нәзерде тутылған жынайый жазаларды либералластырыў, процессуал ҳәрекетлерди әмелге асырыўда олардың ҳуқықый қорғалыўын күшейтиў, сондай-ақ, судланғанлық ҳалатын жуўмақлаў ҳәм судланғанлықты алып таслаў мүддетлерин ҳәм тийкарларын қайта көрип шығыў;

тәреплердиң жарасқанлығы мүнәсибети менен жынайый жуўапкершиликтен азат етиў институтын кеңейтиў;

социаллық қәўпи онша үлкен болмаған айырым жынаят структураларын жынаят категориясынан шығарыў;

жынайый исти қозғаў тек ғана жәбирлениўшиниң арзасына көре әмелге асырылатуғын жынаят структураларының дизимин кеңейтиў;

пуқаралық, жынайый ислер бойынша судлар ҳәм хожалық судларының ўәкилликлерин қайта көрип шығыў жолы менен ҳәкимшилик судларды шөлкемлестириў;

электрон тәртипте суд ҳәм атқарыў жумысын жүргизиўдиң заманагөй түрлерин ҳәм усылларын, сондай-ақ, әдил судлаўға ерисиўдиң алдыңғы механизмлерин кеңирек енгизиў арқалы әдил судлаўды әмелге асырыўдың сапасын жақсылаўды нәзерде тутатуғын усынысларды ислеп шықсын ҳәм киргизсин.

7. Өзбекистан Республикасы Әдиллик министрлиги, Қаржы министрлиги ҳәм басқа да мәпдар министрликлер ҳәм ведомстволар менен биргеликте алдыңғы шет ел тәжирийбесин терең үйрениў тийкарында үш айлық мүддетте:

мәмлекетлик уйымларда юридикалық хызметтиң жумысын және де жетилистириў ҳәм нәтийжелилигин арттырыў;

әдиллик уйымларының системасында юридикалық хызметлердиң жумысын муўапықластырыў ҳәм оларға методикалық жәрдем көрсетиў бойынша структуралар шөлкемлестириўди нәзерде тутатуғын усынысларды киргизсин.

8. Усы Пәрманның орынланыўын қадағалаў Өзбекистан Республикасы Президентиниң Мәмлекетлик кеңесгөйи ўазыйпасын атқарыўшы О.Б.Муродов ҳәм Өзбекистан Республикасы Президенти Мәмлекетлик кеңесгөйиниң биринши орынбасары Б.А.Коканбаевларға жүкленсин.

 

    Өзбекистан Республикасы Президенти

 ўазыйпасын атқарыўшы Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2016-жыл 21-октябрь

***

 

Өзбекистан Республикасы Президентиниң «Суд-ҳуқық системасын және де реформалаў, пуқаралардың ҳуқықлары менен еркинликлерин исенимли қорғаўдың кепилликлерин күшейтиў илажлары ҳаққында»ғы

Пәрманына

ТҮСИНИК

Ғәрезсизлик жылларында әмелге асырылған реформалар суд-ҳуқық саласын демократияластырыўға ҳәм еркинлестириўге, суд ҳәкимиятының пуқаралардың ҳуқықлары менен нызамлы мәплерин қорғаў бағдарындағы ролин және әҳмийетин арттырыўға тийкар жаратты.

Соның менен бирге, елимизди раўажландырыўдың заманагөй талаплары ҳәм стратегиялық әҳмийетли ўазыйпалары суд-ҳуқық системасын және де жетилистириўди талап етеди.

Өзбекистан Республикасы Президентиниң «Суд-ҳуқық системасын және де реформалаў, пуқаралардың ҳуқықлары менен еркинликлерин исенимли қорғаўдың кепилликлерин күшейтиў илажлары ҳаққында»ғы Пәрманы усы бағдардағы мәмлекетлик сиясатты сапа жағынан жаңа басқышқа көтерип, төмендеги үш тийкарғы әҳмийетли бағдарларды белгилеп берди:

суд ҳәкимиятының шын мәнисиндеги бийғәрезлигин тәмийинлеў;

пуқаралардың ҳуқықлары менен еркинликлерин исенимли қорғаўдың кепилликлерин күшейтиў;

әдил судлаўға ерисиўдиң дәрежесин арттырыў.

Бул әҳмийетли бағдарларды әмелге асырыў мақсетинде суд, ҳуқық қорғаў ҳәм қадағалаў уйымларының әҳмийетли ўазыйпалары етип:

Өзбекистан Республикасы Конституциясының 112-статьясында белгиленген судьялардың бийғәрезлиги, олардың тек ғана нызамға бойсыныўы ҳәм әдил судлаўды әмелге асырыў бағдарындағы жумысына араласқаны ушын жуўапкершиликтиң сөзсизлиги принципине алжаспай әмел етилиўин тәмийинлеў;

пуқаралардың ҳуқықлары менен нызамлы мәплерин қорғаў, оларға кесент етиў ҳалатлары бойынша барлық зәрүр илажларды көриў, физикалық ҳәм юридикалық шахслардың мүрәжатларын көрип шығыў тәртибин бузыў ҳәм былғасыққа жол қоймаў;

тийисли мәлимлемени өз ўақтында жәмийетшиликке жеткериў арқалы истиң ашық-айдынлығын тәмийинлеў, пуқаралық жәмийети институтлары, ғалаба хабар қураллары ҳәм халық пенен бирге ислесиўдиң нәтийжелилигин арттырыў;

ҳуқықты қоланыў әмелияты ҳәм әмелдеги нызамшылықты жетилистириў арқалы системалы кемшиликти ҳәм нызамбузылыўшылықларды анықлаў ҳәм сапластырыў, ис процесине алдыңғы илимий-техника қуралларын ҳәм мәлимлеме-коммуникация технологияларын енгизиў;

ведомстволық қадағалаўды күшейтиў, хызметкерлер арасында өз мәпине пайдаланыўшылықтың ҳәм басқа да ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў және оларға шек қойыў, кадрлардың қурамын сапа жағынан жақсылаў, кадрларды таңлаўдың ең мүнәсип талабанларды жумысқа қабыл етиўди тәмийинлейтуғын заманагөй механизмлерин енгизиў белгиленди.

Пәрманға муўапық суд ҳәкимиятының шын мәнисинде бийғәрезлигин тәмийинлеў, кәсиплик абыройын арттырыў, жоқары маман ҳәм нәтийжели жумыс ислейтуғын суд корпусын қәлиплестириў мақсетинде дәслепки рет судьялардың ўәкиллик мүддетлери қайта көрип шығылды.

Атап айтқанда, судьялық лаўазымына биринши мәрте бес жыл мүддетке ҳәм кейин он жыл мүддетке, буннан соң мүддетсиз тайынлаў (сайлаў)ды нәзерде тутатуғын тәртип енгизилди.

Киргизилип атырған бул өзгерислер халықаралық стандартларға ҳәм раўажланған демократиялық мәмлекетлердиң алдыңғы тәжирийбесине толық сәйкес келеди.

Сондай-ақ, Пәрман менен 2017-жылдың 1-апрелинен жынаят, жынаят-процессуал, пуқаралық процессуал ҳәм басқа да нызам ҳүжжетлерине инсанның ҳуқықлары менен еркинлериниң үстинлигин тәмийинлеў, суд додалаўын әдалатлы ҳәм өз ўақтында өткериў, жазаның әдалатлы ҳәм инсанийлылық кепилликлерин күшейтиўди инабатқа ала отырып әдил судлаўдың нәтийжелилигин арттырыўға қаратылған бир қатар өзгерислер киргизилмекте.

Соның ишинде қамақ тәризиндеги жынайый жаза түри сапластырылып, оның орнына еркинен айырыў менен байланыслы болмаған жазаның альтернатив түрлерин қолланыўдың имканияты кеңейтилмекте.

Яғный, жынайый жазалар системасына қарағанда қатты тәсир шараларынан бириниң шығарылып атырғаны жынайый жазаларды либералластырыўға, ҳуқықбузарларға қаратылған тәрбиялық-дүзетиў тәсир шараларының алдыңғы форма ҳәм усылларын кеңнен қолланыў бойынша алып барылып атырған сиясаттың логикалық даўамы есапланады.

Жынаят процесинде пуқаралардың ҳуқықлары менен еркинликлерин қорғаўдың ҳуқықый кепилликлерин күшейтиў, жынайый ислерди тергеўдиң жеделлигин арттырыў шеңберинде:

Жынаят ислегенликте гүман етилген шахларды услап турыўдың мүддети 72 сааттан 48 сааатқа;

қамаққа алыў ҳәм үй қамағы тәризиндеги қәўипсизлик шараларын қолланыўдың, сондай-ақ, жынаят ислери бойынша дәслепки тергеўдиң ең көп мүддетлери 1 жылдан  7 айға қысқартылмақта.

Усы шаралардың енгизилиўи, бир тәрептен, пуқаралардың еркинлигин тийкарсыз шеклеў ҳалатларынан қорғалыўын, екинши тәрептен, сорастырыў ҳәм тергеў уйымларының жуўапкершилигин ҳәм жумыс нәтийжелилигиниң артыўын тәмийинлейди.

«Хабеас корпус» институты қолланылыўын және де кеңейтиў шеңберинде прокурорлардың почта-телеграф хызметлерин хатлап қойыў ҳәм эксгумациялаў сыяқлы тергеў ҳәрекетлерин өткериўге санкция бериў бойынша ўәкилликлери судларға өткерилмекте.

Бул өзгерислер инсанның жеке ҳуқықлары менен еркинликлерине қол қатылмаслығы, олардан суд қарарысыз айырыўға яки оларды шеклеп қойыўға ҳеш ким ҳақылы емеслиги ҳаққындағы Өзбекистан Республикасы Конституциясы ҳәм халықаралық ҳуқықтың улыўма тән алынған принциплери менен нормаларына толық сәйкес келеди.

Буннан тысқары, судқа қамаққа алыў яки үй қамағы тәризиндеги қәўипсизлик шарасын қолланыўдан бас тартылған жағдайда альтернативлик қәўипсизлик шарасын қолланыў имканияты берилмекте.

Судта ис жүргизиўдиң жеделлигин ҳәм сапасын арттырыў, ис бойынша жуўмақлаўшы қарарлар қабыл етиў мүддетлерин тийкарсыз кешиктириўди сапластырыў, судлардың жынаят процесиндеги ролин арттырыўға қаратылған жаңалық сыпатында суд тәрепинен жынайый исти қосымша тергеўге қайтарыў институтының бийкар етилип атырғанылығын айрықша атап өтиў орынлы.

Пуқаралардың ис бойынша суд қарарын қадағалаў тәритибинде қайта көрип шығыў имканиятын беретуғын мүддеттиң 3 жылдан 1 жылға қысқартылыўы болса, пуқаралық ҳуқықый қатнасықлардың турақлылығын, пуқаралық процесси қатнасыўшыларының ҳуқықлары менен нызамлы мәплериниң қорғалыўын тәмийинлеўге хызмет етеди.

Суд қарарларының нызамлылығын ҳәм тийкарлылығын қайта көрип шығыўдың әмелдеги системасын жетилистириў, сондай-ақ, суд процеслериниң мүддетлери ҳәм сапасына унамсыз тәсир көрсететуғын артықша аралық инстанцияларды сапластырыў мақсетинде Пәрманда ўәлаят дәрежесиндеги судлар тәрепинен пуқаралық ҳәм жынайый ислерди қадағалаў тәртибинде қайта көриў бойынша бир-бирин тәкирарлайтуғын инстанциялары жуўмақланып, өз гезегинде, тийисли суд баслықлары ҳәм прокурорлардың қадағалаў тәртибинде протест келтириў ўәкиллиги бийкар ететуғыны нәзерде тутылды.

Соның менен бирге, Өзбекистан Республикасы Жоқарғы суды Пленумының жумысларды қадағалаў тәртибинде көриўге байланыслы бир-бирин тәкирарлайтуғын ўәкилликлери бийкар етилмекте.

Артықша бир-бирин тәкирарлайтуғын инстанциялардың бийкар етилиўи әйне бир қадағалаў инстанциясы тәрепинен ислердиң бирнеше рет көрип шығылыўының алдын алады, суд қарарларының үзил-кесиллигин ҳәм турақлылығын тәмийинлеп, пуқаралардың судларға болған исенимин және де арттырады.

Сондай-ақ, Пәрманда ўәлаят хожалық судларының қарарларын өзлери тәрепинен қайта көриў ўәкиллигин шеклеў мақсетинде усы судлар системасында регионаллық апелляция судларын шөлкемлестириў нәзерде тутылды.

Пәрманның суд ҳәкимияты бийғәрезлиги тийкарларын беккемлейтуғын айрықша әҳмийетли тәрепи әдиллик уйымларының улыўмалық юрисдикция судлары жумысларын материаллық-техникалық жақтан ҳәм қаржылай тәмийинлеў бойынша ўазыйпалары ҳәм ўәкилликлери Өбекистан Республикасы Жоқарғы судына  өткерилип атырғаны болып табылады.

Бул шара судлардың бийғәрезлигин ҳәм олардың жумысына араласпаўдың қосымша кепилликлерин жаратады.

Соның менен бирге, Пәрманға муўапық Өзбекистан Республикасы Жоқарғы суды, Жоқары хожалық суды, Бас прокуратурасы ҳәм басқа да мәпдар ведомстволарға 2017-жылдың 1-июлине шекем алдыңғы шет ел тәжирийбесин үйренген ҳалда төмендеги мәселелер бойынша тийкарланған усынысларды таярлаў тапсырылды:

суд-прокурор хызметкерлериниң маманлығын арттырыў ҳәм басшы кадрлар таярлаў системасын жетилистириў;

процессуал ҳәрекетлерди әмелге асырыўда жас өспиримлердиң ҳуқықый қорғалыўын күшейтиў, жынайый жазаларды либералластырыў, сондай-ақ, судланғанлық ҳалатын жуўмақлаў ҳәм судланғанлықты алып таслаўдың мүддетлерин ҳәм тийкарларын қайта көрип шығыў;

өзбек халқының жақсылық ҳәм мийрим-шәпәәтлилик сыяқлы көп әсирлик дәстүрлерине сай болған жарасыў институтын жынаят процесинде қолланыў шеңберин кеңейтиў. Бул норма нызамды шетлеп өткен, ислеген қылмысынан пушайман болған ҳәм келтирилген зыянды қаплаған пуқараларды жуўапкершиликтен азат етиў имканиятын береди;

социаллық қәўпи онша үлкен болмаған айырым түрдеги жынаят структураларын жынаят категориясынан шығарыў;

жәбирлениўшиниң арзасы тийкарында жынаят исиниң қозғалыўы мүмкин болған жынаят структураларының дизимин кеңейтиў;

электрон тәртипте суд ҳәм атқарыў исин жүргизиўдиң заманагөй форма ҳәм усылларын, әдил судлаўға ерисиўдиң алдыңғы механизмлерин енгизиў арқалы әдил судлаўдың сапасын арттырыў. Бул басламаның әмелге асырылыўы суд жумысының нәтийжелилигине, сондай-ақ, «Электрон ҳүкимет ҳаққында»ғы Назамды әмелге асырыў шеңберинде республиканы раўажландырыўдың заманагөй басқышының талапларына толық тийкарланған әдил судлаўдың жәмийетшилик ушын ашық-айдынлығы, ҳәм еркинлиги принциплерин турмысқа избе-из енгизиўге хызмет етеди.

Буннан тысқары, нызамшылықты тәмийинлеўде ҳәм елимизде реформаларды нәтийжели жүзеге шығарыўда юридикалық хызметлердиң ролин арттырыў мақсетинде мәмлекетлик уйымлардың юридикалық хызметлер жумысын буннан былай да жетилистириўге байланыслы анық илажлар нәзерде тутылмақта.

Атап өтилген тийкарғы ўазыйпаларды ҳәм жаңа нормаларды турмысқа енгизиў ушын Пәрман менен суд-ҳуқық системасын раўажландырыў бағдарында 8 ең әҳмийетли салалар бойынша 45 анық илажларды әмелге асырыўды нәзерде тутатуғын Комплексли илажлар бағдарламасы тастыйықланды.

Пәрманды орынлаў шеңберинде Өзбекистан Республикасы Конститутциясы, Жынаят, Жынаят-процессуал, Пуқаралық процессуал, Хожалық процессуал кодекслерине ҳәм бир қатар басқа да нызам ҳүжжетлерине зәрүр өзгерислер менен қосымшалар киргизиледи.

Инсанның ҳуқықлары менен еркинликлерин қорғаў системасын избе-из жетилистириў ҳәм беккемлеў мақсетинде улыўма тән алынған халықаралық стандартлар тийкарында бир қатар айрықша нызамлар, соның ишинде, «Жәбирлениўшилер, гуўалар ҳәм жынаят процесиниң басқа да қатнасыўшаларын қорғаў ҳаққында»ғы, «Медиация ҳаққында»ғы, «Ҳәкимшилик судлаў жумысларын жүргизиў ҳаққында»ғы нызамларды қабыл етиў режелестирилмекте.

Усы бағдарламалық ҳүжжеттиң әмелге асырылыўы елимиздиң суд-ҳуқық системасы жумысын сапа жағынан жаңа басқышқа алып шығыў, пуқаралардың ҳуқықлары, еркинликлери менен нызамлы мәплерин исенимли қорғаўды тәмийинлеў, сондай-ақ, халықтың әдил судлаўға болған исенимин буннан былай да беккемлеў имканиятын береди.

Поделиться