Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
ЕА Комиссары менен ушрасыў
2016-10-05 | Сиясат
2016 жылдың 4 октябрь күни Брюссель қаласында сапар менен болып атырған Ѳзбекистан Республикасы Сыртқы ислер министри Абдулазиз Камилов Европа Аўқамының халықара бирге ислесиў ҳәм раўажландырыў мәселелери бойынша Комиссары Невен Мимица менен ушрасды.
Сөйлесиў ўақтында Ѳзбекистан ҳәм ЕА ортасында саўда-экономикалық ҳәм инвестиция тараўындағы бирге ислесиўдиң әмелий тәреплери оларды жәнеде беккемлеў ҳәм раўажландырыў көз қарасынан талқыланды
Ушрасыўда “Орайлық Азия -Евроаўқам” көринисиндеги бирге ислесиўдиң ҳәзирги аўҳалы ҳәм келешегине айрықша дыққат қаратылды.