Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
РИО-ДЕ-ЖАНЕЙРО ҚАЛАСЫНДА (БРАЗИЛИЯ) БОЛЫП ӨТКЕН XV ЖАЗҒЫ ПАРАЛИМПИАДА ОЙЫНЛАРЫНЫҢ ЖЕҢИМПАЗЛАРЫ МЕНЕН СЫЙЛЫ ОРЫН ИЙЕЛЕРИН АҚШАЛАЙ СЫЙЛЫҚЛАР МЕНЕН ХОШАМЕТЛЕЎ ҲАҚҚЫНДА
2016-09-21 | Ҳүжжетлер
Өзбекистан Республикасы Президентиниң бийлиги
Елимизде дене тәрбиясы ҳәм спортты раўажландырыў, жаслар арасында Паралимпиада ҳәрекетин үгит-нәсиятлаўдағы белсендилиги, Рио-де-Жанейро қаласында (Бразилия) болып өткен XV жазғы Паралимпиада ойынларына мүнәсип қатнасғаны, ерлик, қайсарлық ҳәм мәртлик үлгисин көрсетип, елимиздиң халықаралық майдандағы абырой-мәртебесин және де арттырыўға қосқан салмақлы үлеси ушын ҳәм Өзбекистан Республикасы Президентиниң 2016-жыл 12-июльдеги ПҚ-2558-санлы қарарына муўапық:
1. Төмендеги спортшылар бир мәрте төленетуғын ақшалай сыйлық пенен хошаметленсин:
алтын медаль алғаны ушын
ҳәр бири 200 000 АҚШ доллары менен:
Намозов Шерзод Насимович – дзюдо бойынша сайланды командамыз ағзасы;
Нигматов Уткиржон Исматилло улы – дзюдо бойынша сайланды командамыз ағзасы;
Тулендибаев Адилжон Ришатович – дзюдо бойынша сайланды командамыз ағзасы;
Норбеков Хусниддин Қиличбоевич – жеңил атлетика бойынша сайланды командамыз ағзасы;
Свечников Александр Владимирович – жеңил атлетика бойынша сайланды командамыз ағзасы;
Каюмова Нозимахон Номонжоновна – жеңил атлетика бойынша сайланды командамыз ағзасы;
Мусабеков Фирдавсбек Улуғбек улы – жүзиў бойынша сайланды командамыз ағзасы;
Амилова Фотимахон Равшанбек қызы – жүзиў бойынша сайланды командамыз ағзасы;
гүмис медаль алғаны ушын
ҳәр бири 100 000 АҚШ доллары менен:
Алимова Хайтжон Абдулла қызы – дзюдо бойынша сайланды командамыз ағзасы;
Бурхонова Сафия Каимовна – жеңил атлетика бойынша сайланды командамыз ағзасы;
Одилова Муслима Улуғбек қызы – жүзиў бойынша сайланды командамыз ағзасы;
Панков Кирилл Дмитриевич – жүзиў бойынша сайланды командамыз ағзасы;
қола медаль алғаны ушын
ҳәр бири 75 000 АҚШ доллары менен:
Бобоев Шухрат Шоназарович – дзюдо бойынша сайланды командамыз ағзасы;
Саидов Феруз Бешимович – дзюдо бойынша сайланды командамыз ағзасы;
Шарипов Ширин Хомитович – дзюдо бойынша сайланды командамыз ағзасы;
Салаева Севинч Одамбай қызы – дзюдо бойынша сайланды командамыз ағзасы;
Рахимова Гулруҳ Илхамбековна – дзюдо бойынша сайланды командамыз ағзасы;
Нурметова Турсунпашша Бахрамовна – дзюдо бойынша сайланды командамыз ағзасы;
Салиев Дониёр Нурулла улы – жеңил атлетика бойынша сайланды командамыз ағзасы;
Бозоров Ахрор Ботирович – пауэрлифтинг бойынша сайланды командамыз ағзасы;
Турсунхўжаев Музаффар Шухратилло улы – жүзиў бойынша сайланды командамыз ағзасы;
Хорлин Дмитрий Сергейевич – жүзиў бойынша сайланды командамыз ағзасы;
Тошпулатова Шохсанамхон Дилшодбек қызы – жүзиў бойынша сайланды командамыз ағзасы;
Ибрагимов Сервер Юсупович – оқ атыў бойынша сайланды командамыз ағзасы;
Сахатов Миран Мирюнусович – жеңил атлетика бойынша сайланды командамыз ағзасы;
Хамраев Фахриддин Фарходович – жеңил атлетика бойынша сайланды командамыз ағзасы;
Абдурашидов Мансур Самат улы – жеңил атлетика бойынша сайланды командамыз ағзасы;
2. Ақшалай сыйлықларды төлеў Өзбекистан Республикасы Сыртқы экономикалық жумыс миллий банки тәрепинен сырт ел валютасында – АҚШ долларында, банкте физикалық шахслар ушын белгиленген тәртипте ашылатуғын депозит есап-бетлеринен, салық өндирилмей әмелге асырылатуғыны белгилеп қойылсын.
3. Өзбекистан Республикасы Қаржы министрлиги усы мақсетлер ушын зәрүр ақшалай қаржылардың өз ўақтында ажыратылыўын тәмийинлесин, Өзбекистан Республикасы Орайлық банки болса Өзбекистан Республикасы Сыртқы экономикалық жумыс миллий банки менен биргеликте ажыратылған қаржыларды Өзбекистан Республикасы Мәденият ҳәм спорт ислери министрлигиниң буйыртпалары бойынша белгиленген тәртипте конвертация етсин.
4. Өзбекистан Республикасы спорт делегациясы қурамындағы спортшылардың 2016-жылғы XXXI жазғы Олимпиада ҳәм XV Паралимпиада ойынларының қатнасыўшылары Өзбекистан Миллий олимпиада комитети жанындағы Олимпиадашыларды қоллап-қуўатлаў қоры тәрепинен сатып алынған «Малибу» маркалы жеңил автомобильлери менен қосымшаға муўапық сыйлықлансын.
5. Усы бийлик тийкарында физикалық шахсларға берилген жеңил автомобильлердиң нырқына физикалық шахслардан алынатуғын дәрамат салығы салынбайтуғыны белгилеп қойылсын.
6. Усы бийликтиң орынланыўын қадағалаў Өзбекистан Республикасы Бас министриниң орынбасары А.И.Икрамовқа жүкленсин.
Өзбекистан Республикасы Президенти ўазыйпасын атқарыўшы Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2016-жыл 19-сентябрь