Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

Қурбан ҳайтын байрамлаў ҳаққында

2016-09-09 | Ҳүжжетлер

Өзбекистан Республикасы Президентиниң қарары

Мүбәрек  Қурбан ҳайтының руўхый турмысымыздағы орнын, мазмунын ҳәм әҳмийетин, халқымызға тән болған мийрим-шәпәәт, шүкиршилик ҳәм кеңпейиллик нышаны екенин итибарға алып, миллий-диний қәдриятларымызды сақлаў және улығлаў мақсетинде ҳәм  Өзбекистан Республикасы Президенти Ислам Кәримовтың «Диний байрам - Қурбан ҳайтын дем алыс күни деп жәриялаў ҳаққында»ғы 1991-жыл 20-июньдеги ПП-221-санлы Пәрманына муўапық:

1. Өзбекистан мусылманлары мәкемесиниң быйылғы жылы Қурбан ҳайтының биринши күни 12-сентябрь дүйшемби күнине туўра келетуғыны ҳаққындағы мүрәжатин инабатқа алып, 2016-жыл 12-сентябрь  елимизде дем алыс күни деп жәриялансын ҳәм байрам сыпатында кеңнен белгиленсин.

2. Республикалық  «Нураний», «Мәҳәлле» қорлары ҳәм басқа да барлық жуўапкер ведомстволар, жәмийетлик шөлкемлер Қурбан ҳайтының орынларда тәртипли және жоқары дәрежеде, халқымыздың миллий қәдриятларына сай рәўиште өтиўи ушын тийисли илажларды әмелге асырсын.

 3. Өзбекистан  Миллий телерадиокомпаниясы, Өзбекистан Миллий мәлимлеме агентлиги ҳәм басқа да ғалаба хабар қуралларына Қурбан ҳайтын белгилеўге байланыслы илажларды кеңнен  сәўлелендириў усыныс етилсин.

                                                                                                                                                                       

Өзбекистан Республикасы Президенти
 ўазыйпасын атқарыўшы Ш.Мирзиёев 

Ташкент қаласы,

2016-жыл 9-сентябрь

                          

Ташкент қаласы,

2016-жыл 9-сентябрь

Поделиться