Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

Өзбекстан Республикасы Бас министри Шавкат Миромонович Мирзиёевтиң Олий Мажлис Нызамшылық палатасы ҳәм Сенаттың қоспа мәжилисиндеги шығып сөйлеген сөзи

2016-09-08 | Сиясат

Ҳүрметли Сенат баслығы! Ҳүрметли депутатлар ҳәм сенаторлар! 

Қәдирли қоспа мәжилис қатнасыўшылары! 

Усы күнлерде бәршемиз биргеликте жүрегимизде терең дәрт пенен, орнын толтырып болмайтуғын аўыр жоғалтыўды басымыздан кеширмектемиз. Нураный ақсақалларымыз, әзиз аналарымыз ҳәм апа-қарындасларымыз, жас жигит ҳәм қызларымыз, 32 миллионлы пүткил Өзбекстан халқы, шет мәмлекетлердеги көпсанлы досларымыз уллы мәмлекетлик ҳәм сиясий ғайраткер, мәмлекетимиздиң Биринши Президенти Ислам Абдуғаниевич Каримовты шексиз қайғы менен соңғы жолға шығарып салды. 

Усы пайыттан пайдаланып, әзиз Ислам Абдуғаниевичтиң зайыбы – Ҳүрметли Татьяна Акбаровнаға, қызы – Лола Исламовнаға ҳәм жақынларына бәршемиздиң атымыздан және бир мәрте терең қайғырыў билдириўге рухсат бергейсиз. 

Ўақыт ҳәм турмыстың өзи Ислам Абдуғаниевич Каримовтың заманамыздың уллы сиясатшысы, узақты көретуғын ҳәм стратегиялық пикир жүритетуғын шахс, дүньяда ҳәм түрли аймақларда жүз берип атырған өте қурамалы ўақыя-ҳәдийселердиң мазмунын мәмлекетшилик көзқарасынан көре билиў қабылетине ийе болған, өз журты ҳәм халқы ушын, ҳәр бир ўатанласымыздың тәғдири ушын үлкен жуўапкершилик туйғысын терең сезинетуғын атақлы басшы екенлигин ҳәр тәреплеме тастыйықлады. 

Миллий тарийхымыздың ең кескин ҳәм қәўипли дәўиринде, миллетлераралық қақлығысыўлар ҳәм басқа қарама-қарсылықлар ҳәўиж алған, мәмлекетимизде пуқаралар урысы қәўпи жүзеге келген, экономика терең дағдарысқа ушыраған, бир сөз бенен айтқанда, ески заманның өмири түўесилип, жаңа заман басланып атырған бир пайытта Ислам Абдуғаниевичтиң республика басшысы  етип сайланыўы Жаратқанның халқымызға бийбаҳа инамы болған еди. 

Ислам Абдуғаниевичке тән болған бүгилмес ерк, пидайылық, мәртлик ҳәм ўатансүйиўшилик, инсаныйлық ҳәм әдалатлылық, баўырманлық ҳәм меҳрибанлық сыяқлы кең пейилли пазыйлетлер ҳәммемиз ушын жарқын ибрат үлгиси болып қалды. 

Заманагөй Өзбекстанның тарийхы – бул мәмлекетимиздиң ҳақыйқый ғәрезсизликке ерисиў жолында Ислам Абдуғаниевич Каримов басшылығында алып барылған өте қурамалы ҳәм аўыр гүреслер тарийхы. Уллы Жолбасшымыз ҳақылы рәўиште демократиялық талаплар ҳәм халықаралық нормаларға толық жуўап беретуғын Өзбекстан Республикасы Конституциясының да тийкарғы авторы еди. 
Мәмлекетимиз тоталитар системадан ўаз кешип, ғәрезсиз раўажланыў жолын таңлады, көплеп қыйыншылық ҳәм сынаўлардан өтип, тарийхый қысқа дәўирде дүнья жәмийетшилигинде өзине мүнәсип орын ийеледи. 

Конституция ҳәм оның негизинде жаратылған пуқта нызамлар, сондай-ақ, Мәмлекетимизде демократиялық реформаларды және де тереңлестириў ҳәм пуқаралық жәмийетти раўажландырыў концепциясы ҳәкимият институтларын қәлиплестириўди ҳәм олардың толық хызмет көрсетиўин, пуқаралардың ҳуқық ҳәм еркинликлерин қорғаў, мүлкшиликтиң барлық түрлерин, пуқаралардың мәмлекетлик басқарыўдағы белсене қатнасыўын тәмийинледи. 

Ислам Абдуғаниевич “Экономикалық ғәрезсизликке ериспей турып сиясий ғәрезсизликти тәмийинлеп болмайды” деген принцип ҳәм ең әҳмийетли баслы ўазыйпаны әмелге асырыўды стратегиялық мәселе деп есаплар еди.

Мәмлекетимиз басшысы тәрепинен ислеп шығылған Экономикалық бағдарламалардың әмелге асырылыўы мәмлекетимиздиң қәдембе-қәдем ҳәм турақлы раўажланыўын тәмийинледи. 

Ғәрезсизлик жылларында Өзбекстан экономикасы дерлик 6 мәрте өсти. Онда санааттың үлеси 14 пайыздан 34 пайызға асты. Ақырғы 11 жыл даўамында жалпы ишки өнимниң орташа жыллық өсиў темпи 8 пайыздан кем болмаған дәрежеде сақланбақта. Актив инвестиция сиясаты әмелге асырылмақта. 

Пүткиллей жаңа, жоқары технологияларға тийкарланған санаат тармақлары, әсиресе, нефть-химия, химия, автомобилсазлық санааты, аўыл хожалығы ҳәм темир жол машинасазлығы, фармацевтика, электротехника, тоқымашылық санааты, заманагөй қурылыс материалларын ислеп шығарыў ҳәм басқа да тараўлар қәдембе-қәдем раўажланбақта. 

Бүгин Өзбекстан экономикасы жедел раўажланып атырған дүньядағы бес мәмлекет қатарына киреди. Буның айқын дәлили сыпатында мәмлекетимизде қурылған ҳәм өз көлеми бойынша жәҳән көлеминде ҳәм үлкен ҳәм сийрек есапланған санаат объектлери, атап айтқанда, Үстирт ҳәм Шортан газ-химия комплекслери, Бухара нефтти қайта ислеў заводы, Қонырат сода заводы, Деҳқонобод калий төгинлери заводы, Әндижан, Самарқанд, Ташкент ҳәм Хорезм ўәлаятларындағы автомобилсазлық заводларын мысал етип келтириў мүмкин. 

Республикамызда тез пәтлер менен заманагөй жол-транспорт ҳәм инженерлик-коммуникация инфраструктурасы қәлиплеспекте. Соннан, Қамшық асыўынан өтетуғын, сийрек таў туннелин өз ишине алған Ангрен-Поп темир жол тармағы, Ташгүзар-Байсын-Қумқорған темир жолы қурылды. Ташкенттен Самарқанд, Қаршы ҳәм Бухараға жолаўшы тасыйтуғын жоқары тезликтеги темир жол қатнаўы ашылды. Халықаралық аэропортлар модернизацияланды, Наўайы аэропорты негизинде халықаралық логистика орайы шөлкемлестирилди ҳәм Өзбекстан миллий автомагистралы қурылды. 
Аўыл хожалығында түпкиликли қурамлы реформалар әмелге асырылды.

Барлығымыз жақсы еслеймиз, жақын өтмиште Өзбекстанды пахта монополиясы ҳүкимранлық ететуғын аграр бир мәмлекет деп билер еди. Мысал ушын, 1990-жылда халықтың азық-аўқат өнимлерине болған мүтәжлиги, тийкарынан, шеттен алып келинетуғын импорт есабынан қандырылар еди. 

Ислам Абдуғаниевич Каримовтың басламасы менен жер ҳәм суў ресурсларынан нәтийжели ҳәм рационал пайдаланыў, егин майданларын оптималластырыў ҳәм жаңа, алдынғы агротехнологияларды енгизиў, қайта ислейтуғын заманагөй кәрханаларды шөлкемлестириў бойынша кең ис-илажлар комплекси ислеп шығылды ҳәм әмелге асырылды. Ҳақыйқый мүлкдарлардың жаңа класы болған фермерлик ҳәрекети қәлиплести. 
Халықтың жан басына тийкарғы азық-аўқат өнимлерин орташа тутыныў дәрежеси көбейди: гөш, сүт ҳәм олардан таярланған өнимлер – 1,5 есеге, овощ – 2,6 есеге, мийўе – 6,3 есеге асты. 

Мәмлекетимизде жеке мүлкшилик ҳәм исбилерменлик, киши бизнести раўажландырыў ушын кең имканиятлар ҳәм қолайлы шәраятлар жаратылды. Киши бизнес ҳәм жеке исбилерменликтиң жалпы ишки өнимдеги үлеси 56,5 пайызға жетти. Бул тараўда жумыс пенен бәнт халықтың 78 пайызы мийнет етпекте ҳәм олар мәмлекетимиздиң гүллеп-жайнаўы ушын мүнәсип үлес қоспақта. 

Мәмлекетимиз басшысы тәрепинен алға сүрилген “Реформа – реформа ушын емес, дәслеп инсан ушын” деген ийги идеяны әмелге асырыў, социал бағдарланған базар экономикасын қәлиплестириў бойынша көрилген ис-илажлар халықтың турмыс дәрежеси ҳәм сыпатын сезилерли дәрежеде жақсылаўды тәмийинледи. 

Бүгинги күнде Мәмлекет бюджетиниң дерлик 60 пайызы социаллық тараўды раўажландырыўға бағдарланбақта. 1991-жылға салыстырғанда, халықтың реал дәраматлары 12 еседен артық көбейди, ис ҳақы, пенсия ҳәм социаллық нәпақалар салмақлы дәрежеде асты. Тутыныў товарлары ислеп шығарыўды тез пәтлер менен асырыў ҳәм халықтың оларға болған талабын қанааталндырыў тәмийинленбекте. 
Мәмлекетимиз басшысы сиясий, экономикалық ҳәм социаллық жақтан стратегиялық әҳмийетке ийе болған мәселелерди шешиў менен бир қатарда, жәмийетимиз турмысын, пуқараларымыздың ой-санасы ҳәм көзқарасын түптен өзгертиўге қаратылған көпқырлы ўазыйпаларға мудамы үлкен итибар қаратар еди. 
“Перзентлеримиз бизден көре күшли, билимли, дана ҳәм әлбетте бахытлы болыўы шәрт” деген терең мәнили пикирлери ҳәммемиздиң қәлбимизде мөрленип қалған.

Журтбасшымыз мәмлекетимиздиң бүгинги ҳәм ертеңги күнин шешиўши күш болып майданға шығып атырған жасларымыздың санасын ҳәм дүньяға көзқарасын кескин өзгерткен, пүткиллей жаңа тәлим ҳәм тәрбия системасын жаратыў ҳәм турмысқа енгизиў жумысларына тиккелей авторлық ҳәм басшылық етти. 
Елимизде илим, денсаўлықты сақлаў, мәденият ҳәм сәният, спорт киби әҳмийетли салалар белсенди тәризде раўажланбақта. 
Мәмлекетимиз басшысы халқымыздың мәнаўий қәдириятларына ҳүрмет пенен мүнәсибетте болыў, муқаддас динимиз, дәстүр ҳәм үрп-әдетлеримиз, бийбаҳа тарийхый мийрасымызды сақлап қалыў ҳәм раўажландырыўды мәмлекетлик сиясат дәрежесине көтерди. 

Пуқаралық жәмийети институтларын қәлиплестириў, әсиресе, мәмлекет ҳәм жәмийет басқарыўында мәҳәллениң абыройын асырыў, оның ҳуқық ҳәм ўәкилликлерин кеңейтиў бағдарында үлкен жумысларды әмелге асырды. 
Журтбасшымыз кексе әўлад ўәкиллерине, ҳүрметли нураныйларымызға ҳүрмет-иззет ҳәм әмелий ғамқорлық көрсетиўди жүдә әҳмийетли ўазыйпа деп есаплар еди. 
Жоқары Бас Сәркарда сыпатында Ислам Абдуғаниевич Каримов Қураллы Күшлеримизди түптен реформалаў, жаўынгерлик қабилетти күшейтиў ҳәм сол тийкарда Өзбекстан Республикасының аймақлық пүтинлигин ҳәм ғәрезсизлигин қорғаў, шегараларының қәўипсизлигин, халқымыздың тыныш ҳәм татыў турмысын тәмийинлеў ушын теңсиз хызмет көрсетти.

Ол кисиниң басламалары тынышлық, басқа мәмлекетлердиң ишки жумысларына араласпаў ҳәм жүзеге келип атырған қарама-қарсылық ҳәм келиспеўшиликлерди тек ҳәм тек ғана тыныш, сиясий жол менен шешиўге тийкарланған Өзбекстан Республикасының сыртқы сиясий искерлиги концепциясы ислеп шығылды ҳәм әмелге асырылмақта. 

Ҳүрметли депутат ҳәм сенаторлар! 

Биз ақырғы 25 жыл даўамында жүдә көплеп әҳмийетли конференция ҳәм жыйналысларды өткердик. Олардың барлығына ҳүрметли Президентимиз Ислам Абдуғаниевич Каримов басшылық еткенлеринен жақсы хабардарсыз. Бүгин болса тарийхымызда Биринши мәрте бундай әҳмийетли жыйналысты әзиз басшымыздың қатнасыўысыз өткизбектемиз. Мисли қыялымызда ол киси ҳәзир залға кирип келетуғындай. 

Мен ойлайман, бүгинги мәжилисте қатнасып атырған ҳәр бир инсан усы залда Уллы Жолбасшымыздың руўҳы ҳәм нәпесин сезип турыпты. Өзбекстан Республикасы Биринши Президентиниң өлмес идеялары, пикир, көрсетпелери бизиң қәлбимиз ҳәм санамызға сондай терең сиңип кеткен, олар бизиң келешекке қарай исеним менен барыўымызда барлығымызға мудамы таяныш ҳәм сүйениш болыўы анық.

Усы мүнәсибет пенен, биз дүньядағы ҳәзирги қурамалы ҳәм кескин шәраятты ҳәр тәреплеме есапқа алған ҳалда, өзимиздиң Биринши дәрежели ўазыйпаларымызды биргеликте белгилеп алыўымыз дәркар. 

Бүгин биз халқымызды исендирип, бәлент даўыс пенен айтыўымыз зәрүр, Уллы устазымыздың сиясий мийрасы, яғный, ол киси белгилеп берген раўажланыўымыздың тийкарғы принциплери, баслы бағдарлар, мақсет ҳәм ўазыйпаларды сөзсиз ҳәм толық әмелге асырыў биз ушын ҳәм қарыз, ҳәм парыз. 

Бириншиден, биз ҳәр қашан Ислам Абдуғаниевич Каримовтың терең мағыналы нәсиятларын, атап айтқанда,“Бизге тынышлық ҳәм аманлық керек!” деген сөзлерин ҳеш қашан естен шығармаўымыз керек. 
Түрли қәўип-қәтерлер күшейип баратырған бүгинги қәўетерли жағдайда бийбаҳа байлығымыз болған тынышлық ҳәм татыўлықты көз қарашығындай сақлаўымыз, елимиздеги миллетлер ҳәм динлераралық татыўлықты, өзара ҳүрмет ҳәм меҳир-ақыбет орталығын және де беккемлеўимиз керек. 
Усының менен бирге, жәмийетимизде нызам үстинлиги, тәртип-интизам, пуқаралардың ҳуқық ҳәм еркинликлерин тәмийинлеўимиз зәрүр. Бәршемизге белгили, Ислам Абдуғаниевич Каримов “Адамлар ҳәмме нәрсеге шыдаўы мүмкин, лекин әдалатсызлыққа шыдай алмайды”, деп көп-көп тәкирарлар еди. Биз қурып атырған ҳуқықый мәмлекетте әдалатсызлықтың ҳеш қандай формада үстин болыўына жол қоймаўымыз зәрүр. Бул ҳәкимияттың барлық тармақлары, ең дәслеп, мәмлекетлик басқарыў органларының ҳәм әсиресе ҳуқық қорғаў органларының биринши дәрежели ўазыйпасы. Биз халқымыздың, бүгинги заманның әне усы әҳмийетли талабы сөзсиз орынланыўын тәмийинлеўимиз шәрт. 

Екиншиден, мәмлекетимиз қәўипсизлигин ҳәр тәреплеме беккемлеўимиз, ҳәр бир пуқараның тынышлығын  тәмийинлеўимиз лазым. Жағдайды изден шығарыў, жәнжел салыў, душпанлық урығын себиў, түрли тартысларды келтирип шығарыў ҳәм ҳәтте қан төгилиўин тилеп атырған күшлер ҳәм барлығы ҳеш кимге сыр емес. 

Ашық тән алыў керек, биз тынышсыз заманда, тынышсыз бир аймақта жасамақтамыз. Сол себепли Ўатанымызды қорғаўды исенимли кепиллеп атырған, қорғаныў қабилетимизди беккемлеп атырған ҳәм мәмлекетлик шегараларымыз қәўипсизлигин тәмийинлеп атырған системалы ис-илажлар комплексин енгизиўди қатаңлық пенен даўам еттириўимиз зәрүр. 

Биз Қураллы Күшлеримиз ҳәм ҳуқық қорғаў, тынышлықты сақлаў органларымызды буннан кейин де ҳәр тәреплеме беккемлеп барамыз. Ҳеш кимде кишкене де шүбҳа болмаўы керек – мәмлекетимиз суверенитети ҳәм ғәрезсизлигине қәўип туўдыратуғын ишки ҳәм сыртқы күшлердиң ҳәр қандай ҳәрекетлерине, ҳәр қандай урыныўларына қатаң ҳәм мүнәсип соққы бериледи. 

Бизиң және бир ең әҳмийетли баслы ўазыйпамыз – Ислам Абдуғаниевич Каримов тәрепинен ислеп шығылған “өзбек модели”ниң тийкары болған бес принципти әмелге асырыў негизинде экономикада қурамлы өзгерислерди даўам еттириў ҳәм оның бәсекилеслигин тәмийинлеўден ибарат. 

Мәмлекетимиздиң келеси раўажы, халқымыз абаданлығы, оның турмыс дәрежеси ҳәм сапасын жоқарылатыў әйне усы мәселеге байланыслы. 

Жәҳән экономикасында өсиў темплери пәсейип, ең әҳмийетли экспорт товарларымызға сыртқы талап кемейип, дүнья базарында олардың нырқы кемейип баратырған шәраятта Ислам Абдуғаниевич Каримов тәрепинен экономикамызды реформалаўды тереңлестириў бойынша белгилеп берилген баслы ўазыйпаларды орынлаўға қаратылған жумысларымызды және де күшейтиўимиз керек. 

Соның менен бирге, Олий Мажлис палаталарының 2015-жыл январь айындағы қоспа мәжилисинде усыныс етилген Министрлер Кабинетиниң Ҳәрекет бағдарламасын әмелде орынланыўын даўам еттириў зәрүр. Бул бағдарда экономикалық реформаларды тереңлестириўди даўам еттириў, жеке мүлкти раўажландырыўды жеделлестириў, мәмлекеттиң экономикадағы үлесин азайтыў ҳәм қурамлы өзгертиўлерди жеделлестириўге қаратылған жумысларды избе-из әмелге асырыў айрықша әҳмийетке ийе. 

Жоқарыда айтылған пикирлерден келип шыққан ҳалда, тийкарғы дыққат-итибарды төмендеги баслы ўазыйпаларға қаратыў зәрүр, деп есаплаймыз. 

Бириншиден, макроэкономикалық турақлылықты және де беккемлеў ҳәм кейинги жыллардағы экономикалық өсиў темплерин сақлап қалыў зәрүр. Миллий валютамыздың турақлылығын тәмийинлеў, банк системасын беккемлеў, мәмлекетимизде ҳәм жергиликли дәрежеде бюджет турақлылығын тәмийинлеў бойынша қосымша комплекс ис-илажларды әмелге асырыў керек. 

Бунда шеттен қарыз алыў бойынша консерватив жантасыў сиясатын даўам еттириў, мәмлекеттиң сыртқы қарызы ҳәдден зыят асып кетиўине жол қоймаў әҳмийетли саналады. Булардың барлығы Ислам Абдуғаниевич Каримовтың дәслеп өзимиздиң күш ҳәм имканиятларымызға таяныў зәрүрлиги ҳаққындағы узақты гөзлеген стратегиясын даўам еттириў менен байланыслы. 

Екиншиден, сийрек ҳәм қымбат баҳалы металларды терең қайта ислеў, азық-аўқат ҳәм химия санаатын раўажландырыў бойынша қабыл етилген бағдарламаларды әмелге асырыўымыз зәрүр. 

Үшиншиден, сыртқы базарларда бәсекилик ҳәм турақсызлық күшейип баратырған шәраятта экономиканың реал тармақлары менен бир қатарда мәмлекетимиз аймақларында да бәсекилеслик өнимлер ислеп шығарыўды көбейтиў ҳәм экспорт потенциалын асырыў айрықша әҳмийетке ийе. 

Әне усы мақсетте киши бизнес ҳәм жеке исбилерменлик субъектлери, сондай-ақ, фермер хожалықларының экспортта қатнасыўын және де қоллап-қуўатлаў бойынша қосымша комплекс ис-илажларды әмелге асырыў зәрүр. Бул экономикалық өсиў, тармақлар ҳәм аймақларды раўажландырыў, халықтың мийнет пенен бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм материаллық абаданшылығын асырыўдың тийкарғы локомотиви болыўы керек. 

Төртиншиден, Ислам Абдуғаниевич Каримовтың жеке исбилерменлик ҳәм киши бизнес субъектлери мәплерин беккем қорғаў ҳаққындағы талап ҳәм тапсырмаларының орынланыўын қәдембе-қәдем даўам еттириў дәркар. Түрли бюрократиялық тосықлар ҳәм тийкарсыз тексериўлерди буннан кейин де қатаң шеклеў зәрүр. 

Бесиншиден, ең әҳмийетли социал-экономикалық ўазыйпа – Олий Мажлис палаталары тәрепинен тастыйықланған Халықтың мийнет пенен бәнтлигин асырыў бағдарламасын атқарыўдан ибарат. Жыл ақырына таман бир миллионнан зият жаңа жумыс орынларын шөлкемлестириўимиз зәрүр. Кәсип-өнер колледжлериниң 480 мың питкериўшисин жумысқа жайластырыў мәселеси айрықша қадағалаўлы талап етеди. 

Биз жәмийеттиң социаллық бөлиниў дәрежесин кемейтиў, мәмлекетимизде  жүдә байлар да, жүдә кәмбағаллар да болмаў кереклиги бойынша Ислам Абдуғаниевич тәрепинен белгилеп берилген сиясатты қатаң даўам еттиремиз. 
 

Алтыншыдан, халықаралық коммуникация тармақларына жалғанған заманагөй жол-транспорт ҳәм инженерлик инфраструктурасын қәлиплестириў, сондай-ақ, миллий мәлимлеме-коммуникация системаларын раўажландырыў бойынша Өзбекстан Республикасы Президенти тәрепинен пуқта ойланған ҳәм ислеп шығылған стратегияны әмелге асырыўды даўам еттиремиз. 

Бүгинги шәраятта ең алдынғы мәлимлеме-коммуникация технологияларын кең енгизиў баслы әҳмийетке ийе болмақта. Бул салада қабыл етилген Миллий бағдарламаға муўапық, телекоммуникация технологияларын, байланыс системалары ҳәм инфраструктурасын және де раўажландырыў, информациялық системалар комплекслери ҳәм “Электрон ҳүкимет” мағлыўмат базасын қәлиплестириўимиз керек. 

Мәмлекетимиз аймақларын комплекс раўажландырыў саласындағы жумысларды даўам еттирип, Қаршы, Шаҳрисабз, Ташкент, Термиз, Наманган ҳәм Үргениш қалаларын абаданластырыў бойынша мәмлекетимиз Президенти тәрепинен қабыл етилген қарарлардың әмелде орынланыўын тәмийинлеў керек. 

Аўыл хожалығын және де реформалаў ҳәм раўажландырыў бойынша биринши гезектеги ўазыйпа – көп тармақлы фермерликти раўажландырыў, ҳәр бир фермер хожалығының экономикалық нәтийжелилиги ҳәм финанслық турақлылығын тәмийинлеў болып табылады. Бул мәселени биз мәмлекетимиз азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеўдиң гиреў деп есаплаймыз. 

Ислам Абдуғаниевич Каримов басламашысы болған аўылларымыз келбетин түптен өзгертиў, аўыл халқы ушын қала дәрежесиндеги турмыс шәраятын тәмийинлейтуғын үлгили үй-жайларды ҳәм тийисли инфраструктураны қурыў бойынша бағдарламаны белсенди даўам етемиз. 

Тәлим ҳәм тәрбия, илим, денсаўлықты сақлаў, мәденият ҳәм көркем өнер, спортты раўажландырыў мәселелери, жасларымыздың терең билимге ийе болыўы, шет тиллерин ҳәм заманагөй мәлимлеме-коммуникация технологияларын пуқта ийелеўди тәмийинлеў мудамы баслы ўазыйпамыз болып қалады. 

Ең әҳмийетли бағдарлардан және бири – жәмийетимизде демократиялық процесслерди тереңлестириў, пуқаралық институтларының раўажланыўын қоллап-қуўатлаў, сиясий партиялардың абырой-итибары ҳәм тәсирин асырыў, сайлаўшылардың даўысы ушын бәсекини күшейтиўден ибарат. 

Ҳүрметли дослар! 

Биз буннан былай да барлық сырт мәмлекетлер, жәҳән жәмийетшилиги менен нәтийжели  бирге ислесиўимизди даўам етемиз. 

Бул бағдарда Өзбекстанның халықаралық дәрежедеги абырой-итибари ҳәм позициясын және де күшейтиў мақсетинде Өзбекстан Республикасының Сыртқы сиясий искерлиги концепциясы белсенди әмелге асырылады. 

Ҳеш қандай әскерий-сиясий блокларға қосылмаў, басқа мәмлекетлердиң әскерий базалары ҳәм объектлери Өзбекстан аймағында жайласыўына, сондай-ақ, әскерий хызметшилеримиздиң мәмлекетимиз аймағынан сыртта болыўына жол қоймаў, алдынғыдай, мәмлекетимиздиң қатаң сиясий позициясы болып қалады. 

Мәмлекетимиздиң миллий мәплерин тәмийинлеўде әҳмийетли болған Орайлық Азия аймағы Өзбекстанның сыртқы сиясий искерлигиниң тийкарғы баслы бағдары есапланады. Биз өзимиздиң жақын қоңсыларымыз Түркменстан, Қазақстан, Тәжикстан ҳәм Қырғызстан менен ашық, дослық ҳәм прагматик сиясат алып барыўға садық қаламыз. 

Сыртқы сиясатымыздың баслы бағдары бул – Ғәрезсиз Мәмлекетлер Дослығы мәмлекетлери менен байланысларымызды беккемлеўден ибарат. Биринши гезекте, Россия Федерациясы менен Стратегиялық шериклик, Аўқамласлық мүнәсибетлери ҳаққындағы шәртнамалар ҳәм басқа әҳмийетли келисиўлер тийкарында дослық байланысларды қәдембе-қәдем раўажландырыў ҳәм күшейтиў еки мәмлекет мәплерине жуўап береди ҳәм аймақта турақлылық ҳәм қәўипсизлиикти беккемлеўге хызмет етеди. 

Америка Қурама Штатлары менен өзара мәпдар ҳәм конструктив бирге ислесиўди ҳәр тәреплеме раўажландырыў бизиң сыртқы сиясатымызда баслы әҳмийетке ийе болып қалады. 

Өзбекстан аймақтағы жақын қоңсымыз ҳәмде глобал ҳәм аймақлық машқалаларды шешиўде әҳмийетли роль ойнайтуғын Қытай Халық Республикасы менен ҳәр тәреплеме стратегиялық бирге ислесиўди және де беккемлеўден мәпдар. 

Азия  ҳәм Тыныш океаны аймағында биз Япония, Корея Республикасы ҳәм басқа да мәмлекетлер менен экономика, инвестициялар, илим ҳәм технологиялар, билимлендириў, денсаўлықты сақлаў ҳәм туризм салаларында бирге ислесиў мүнәсибетлерин және де раўажландырыўға баслы дәрежеде дыққат қаратамыз. 

Өзбекстан ушын Европаның жетекши мәмлекетлери, ең алды менен Германия, Франция ҳәм Уллы Британия, Орайлық ҳәм Шығыс Европа мәмлекетлери менен өзара мәпдар бирге ислесиўди раўажландырыў әҳмийетли. 

Биз Ҳиндстан, Пәкистан ҳәм Қубла Азияның басқа мәмлекетлери менен сиясий, саўда-экономикалық, транспорт-коммуникация ҳәм мәдений-гуманитар салаларында бирге ислесиўди және де раўажландырыў тәрепдарымыз. 

Өзбекстан Аўғанстанға дәстүрий рәўиште жақын қоңсышылық ҳәм дослық сиясатын алып барады. 

Биз Жақын ҳәм Орта Шығыс мәмлекетлери  менен өзара мәпли ҳәм кең қырлы мүнәсибетлерди раўажландырыў ҳәм беккемлеўди даўам етемиз. 

Латын Америкасы ҳәм Кариб регионы, Африка континентиниң жетекши мәмлекетлери  менен байланысларды кеңейтиў ҳәм беккемлеў Өзбекстанның миллий мәплерине жуўап береди. 

Бирлескен Миллетлер Шөлкеми, Шанхай бирге ислесиў шөлкеми, Ғәрезсиз Мәмлекетлер Дослығы, Ислам бирге ислесиў шөлкеми ҳәм басқа да халықаралық шөлкемлер менен белсенди мүнәсибетлер ҳәм бирге ислесиў Өзбекстанның миллий мәплерине хызмет етеди. 

Биз Жәҳән банки, Азия раўажланыў банки, Ислам раўажланыў банки, Халықаралық валюта қоры, басқа  да халықаралық финанс ҳәм экономикалық шөлкемлер менен мәмлекетимиз экономикасында әмелге асырылып атырған қурамлы реформаларды қоллап-қуўатлаўға қаратылған бирге ислесиўди және де раўажландырамыз. 

Ҳүрметли қоспа мәжилис қатнасыўшылары! 

Экономикалық ҳәм социаллық реформалардың баслы ўазыйпаларын табыслы орынлаў, биринши гезекте, Олий Мажлис палаталары, Министрлер Кабинети, барлық дәрежедеги ҳәкимликлер, мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыў ведомстволары, пүткил халқымыздың Өзбекстан Республикасының Биринши Президенти идеялары әтирапында бирлесип, бир жағадан бас шығарып, татыўлық пенен бар күш ҳәм имканиятларын сарплаўға байланыслы екенлигин ҳәммемиз жақсы түсинемиз. 

Мине усы изги мақсет жолында – Ўатанымыз ғәрезсизлигин ҳәр тәреплеме беккемлеў, мәмлекетимиздиң турақлы экономикалық ҳәм социаллық раўажланыўын, халқымыз абаданшылығын тәмийинлеўге қаратылған жумысларымызда Уллы Журтбасшымыз Ислам Абдуғаниевич Каримовтың “Ана Ўатанымыз ҳәм халқымызға садықлық пенен хызмет етиў – жоқары бахыт” деген сөзлери мудамы бизге күш-қуўат ҳәм ғайрат бағышлайды, деп исенемен. 

Итибарыңыз ушын рахмет. 

 

* * *

 

Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасы ҳәм Сенаты қоспа мәжилисиниң қарары қабыл етилгеннен соң Өзбекстан Республикасы Бас министри Шавкат Мирзиёев сөзге шықты. 

 

– Ҳүрметли Спикер! 

Ҳүрметли Сенат Баслығы! 

Ҳүрметли депутат ҳәм сенаторлар! 

Ең алды менен, маған билдирилген жоқары исеним ушын сизлерге өзимниң шын жүректен миннетдаршылығымды билдириўге рухсат бергейсиз. 

Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўына шекем болған мүддетте маған бүгин оғада қурамалы ҳәм өте жуўапкершиликли ўазыйпа жүкленгенлигин ҳәр тәреплеме терең сезинип турман. 

Өзбекстан Республикасының Биринши Президенти, Уллы Жолбасшымыз, қәдирли Ислам Абдуғаниевич Каримов тәрепинен ислеп шығылған ҳәм шерек әсир даўамында нәтийжели әмелге асырып келинген мәмлекетимиздиң сиясий, социаллық ҳәм экономикалық салалардағы ҳәмде демократиялық реформаларды енгизиў бағдарындағы қәдембе-қәдем ғәрезсиз раўажланыў жолын даўам еттириўди усы дәўирде өзимниң ең тийкарғы ўазыйпам деп билемен. 

Заманамыздың Уллы мәмлекетлик ҳәм сиясий ғайраткери, узақты көре билетуғын бул уллы инсан мен ушын жоқары идеал, өз Ўатаны, өз халқына пидәкерлик пенен хызмет етиўдиң жарқын үлгисидур. 

Сизлерди исендирип айтаман, Ислам Абдуғаниевич Каримов бизге ўәсият етип қалдырған барлық турмыслық принциплерге аўытқымастан, қатаң әмел етемен. Ол кисиниң басшы бәрқулла адамлардың, ел-журттың дәрт-тәшиўиши менен жасаўы, олардың арзыў-нийетлерин жүзеге шығарыў ушын рәҳәттен ўаз кешип, өзин аямастан мийнет етиўи керек, деген дана нәсиятларын өз хызметим ушын тийкарғы өлшем ҳәм талап сыпатында қабыл етемен. 

Бул бағдарда мәмлекетимиз пуқараларының ҳуқық ҳәм еркинликлерин, Өзбекстан Республикасының Конституциясы ҳәм нызамларына әмел етилиўин тәмийинлеўди, Өзбекстан Республикасының суверенитети, қәўипсизлиги ҳәм аймақлық пүтинлигин қорғаў бойынша зәрүр ис-илажлар көриўди, республика жоқары ҳәкимият ҳәм басқарыў органларының биргеликте ислеўин тәмийинлеўди, жақын ҳәм узақ қоңсы мәмлекетлер менен өзара мәпдар бирге ислесиў байланысларын раўажландырыўды ең тийкарғы ўазыйпа деп есаплайман. 

Өзбекстан Республикасының Нызамшылық палатасы ҳәм Сенаты ағзалары менен, мәмлекетимизде хызмет алып барып атырған  сиясий партиялар, пуқаралық институтлары менен биргеликте, бир жағадан бас шығарып ислеўди алдымызда турған оғада әҳмийетли ҳәм баслы ўазыйпаларды табыслы әмелге асырыўдың ең тийкарғы факторы ҳәм гиреўи деп билемен.

Ел-халқымыздың жоқары исенимин ақлаў, Ўатанымыз ғәрезсизлигин және де беккемлеў, мәмлекетимиздиң турақлы раўажланыўын тәмийинлеў жолындағы әмелий жумыслар менен әзиз Журтбасшымыз Ислам Абдуғаниевич Каримовтың руўҳын шад етиў ушын бар билим ҳәм тажирийбемди, потенциал ҳәм күш-ғайратымды жумсайман. 

Исенемен, уллы Журтбасшымыздың бизге қалдырған бийбаҳа мийрасы, өлмес идея ҳәм бағдарламалары жолымызды жарық етип, бәршемизге мудамы мәдаткар болады. 

Итибарыңыз ушын рахмент. 

Поделиться