Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси ҳәм Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң мәлимлемеси
2016-09-02 | Сиясат
Әзиз ўатанласлар,
Жүрегимизде терең қайғы менен бәршемиз ушын қәдирли болған Президентимиз Ислам Абдуғаниевич Каримовтың қайтыс болғанлығын мәлим етемиз. Ислам Абдуғаниевич 2016-жыл 2-сентябрьде Ташкент қаласында бас миийинде қайта тикленбейтуғын өзгерислерге ҳәм полиорган жетиспеўшилигине алып келген мий қан айланысының өткир бузылыўы (инсульт) ақыбетинде қайтыс болды.
Мәмлекетимиздиң Биринши Президенти Ислам Каримов ҳақыйқатында да уллы тарийхый шахс еди. Ислам Каримовтың өткирлиги ҳәм батыллығы менен республикамыз ғәрезсизликке еристи ҳәм өз раўажланыў жолында үлкен табысларды қолға киргизди. Жас мәмлекетимиз ушын өте қурамалы ҳәм жуўапкерли дәўирде жағдайдың турақсызланыўының алды алынғаны ҳәм халқымыздың урыс қорқынышларын көрместен аман-есен өтиўи тиккелей Ислам Каримовтың исми менен байланыслы.
Халқымыздың шексиз муҳаббатын қазанған, ғәрезсиз мәмлекетимиздиң Биринши Жолбасшысы Ислам Абдуғаниевич Каримов жүреклеримизде мәңгилик қалады ҳәм келешек әўладлар ядында тынышлық, турақлылық, абаданлық ҳәм раўажланыў басшысы, уллы мәмлекетлик ғайраткер сыпатында мәңги жасайды.
Бәршемиз ушын қәдирли болған Президентимиздиң ўәсиятына көре, Ислам Каримов усы жыл 3-сентябрьде ата-анасы мәңги қоным тапқан ана қаласы Самарқандта мусылман үрп-әдетлери бойынша жерленеди.
Өзбекстан Республикасының Биринши Президенти менен хошласыў мәресими 2016-жыл 3-сентябрьде Самарқанд қаласында болып өтеди.
Биз бәршемиз ушын өте аўыр жоғалтыў мүнәсибети менен марҳумның шаңарақ ағзалары ҳәм пүткил Өзбекстан халқына терең қайғырыў билдиремиз.
Өзбекстан Республикасы Өзбекстан Республикасы
Олий Мажлиси Министрлер Кабинети