Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
ӨЗБЕКИСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ ҒӘРЕЗСИЗЛИГИНИҢ ЖИГИРМА БЕС ЖЫЛЛЫҒЫ МҮНӘСИБЕТИ МЕНЕН ИЛИМ, БИЛИМЛЕНДИРИЎ, ДЕНСАЎЛЫҚТЫ САҚЛАЎ, ӘДЕБИЯТ, МӘДЕНИЯТ, КӨРКЕМ ӨНЕР, РУЎХЫЙЛЫҚ ҲӘМ АҒАРТЫЎШЫЛЫҚ, ҒАЛАБА ХАБАР ҚУРАЛЛАРЫ ҲӘМ СОЦИАЛЛЫҚ САЛА ХЫЗМЕТКЕРЛЕРИНЕН БИР ТОПАРЫН СЫЙЛЫҚ
2016-08-25 | Ҳүжжетлер
Өзбекистан Республикасы Президентиниң пәрманы
Ўатанымыздың ғәрезсизлигин беккемлеў, миллий идеяны раўажландырыў, руўхыйлығымызды тиклеў, өзлигимизди аңлаў жолында салмақлы үлес қосқан, жарқын таланты ҳәм дөретиўшилиги, илимий жумысы, ҳадал хызмети, жасларды ана-Ўатанға муҳаббат, ғәрезсизлик идеяларына садықлық руўхында саламат және бәркамал етип тәрбиялаўда ҳәм жәмийетлик жумысларда белсене қатнасқаны ушын төмендегилер ҳүрметли атақлар ҳәм орденлер менен сыйлықлансын:
Қарақалпақстан Республикасы бойыншаҮ
«Өзбекистан халық артисти»
Шарипов Абибулла Нагметович—Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик музыкалы театрының бас балетмейстери
«Өзбекистан Республикасына мийнети сиңген мәденият хызметкери»
Матимуратов Сағынбай Ембергенович — Өзбекистан көркем өнер жәмәәтлери дөретиўшилик бирлеспеси Қарақалпақ қосық ҳәм аяқ ойын ансамблиниң көркемлик жақтан басқарыўшысы
«Өзбекистан Республикасына мийнети сиңген денсаўлықты сақлаў хызметкери»
Қаландарова Амина Нуруллаевна – Нөкис «Ана ҳәм бала скрининги» орайының директоры
«Пидәкерлик хызметлери ушын» ордени менен
Аннақличева Гулистан Аҳмедовна — «Қорақалпоғистон тонги» газетасының бас редакторы
Елимизде ҳәр тәреплеме саламат ҳәм бәркамал әўладты тәрбиялаў жумысына қосқан салмақлы үлеси ҳәм жасларды Ўатанға муҳаббат, ғәрезсизлик идеяларына садықлық, саламат турмыс тәризи принциплери руўхында тәрбиялаўдағы хызметлери ушын төмендегилер сыйлықлансын:
II дәрежели «Саламат әўлад ушын» ордени менен
Зарипова Ёрқин Сабуровна — Хожели районлық медицина бирлеспесиниң бас педиатры
Елимизде әмелге асырылып атырған руўхый-ағартыўшылық ҳәм социаллық реформаларға белсене қатнасқаны, жемисли мийнети, жас әўладты Ўатанға муҳаббат, миллий ҳәм улыўмаинсанийлық қәдриятларға ҳүрмет руўхында тәрбиялаў жумысына қосқан үлеси ушын төмендегилер сыйлықлансын:
«Шуҳрат» медалы менен
Алланазаров Зинатдин Куатбаевич – Өзбекистан миллий телерадиокомпаниясы Нөкис телерадио орайының телеоператоры
Бекниязов Базарбай Курбанбаевич – Нөкис темир жоллары транспорты кәсип-өнер колледжиниң арнаўлы пән оқытыўшысы
Досбергенова Генжегул Оразбаевна — Қараөзек районы медицина бирлеспеси «Мәденият» аўыллық шыпакерлик пунктиниң меңгериўшиси
Ерназаров Бекназар – Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамының жуўаплы хаткери, балалар шайыры
Изимбетов Расул Кайруллаевич – «Айқулаш жулдызлары» Қарақалпақ мәмлекетлик миллий фольклор ансамблиниң артисти
Исмаилов Ажинияз Ембергенович – Қарақалпақ мәмлекетлик университети мәденият сарайының директоры
Нурбекова Гулназ Азатовна – Өзбекистан миллий телерадиокомпаниясы Қарақалпақстан телерадиоканалы музыкалы дем алыў бағдарламалары редакциясының үлкен редакторы
Өзбекистан Республикасы
Президенти И.КӘРИМОВ
Ташкент қаласы,
2016-жыл 24-август