Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
ӨЗБЕКИСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ ОЛИЙ МАЖЛИСИ СЕНАТЫНЫҢ АЛТЫНШЫ ЖАЛПЫ МӘЖИЛИСИ ҲАҚҚЫНДА МӘЛИМЛЕМЕ
2016-08-25 | Сиясат
2016-жыл 24-август күни Ташкент қаласында Өзбекистан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының алтыншы жалпы мәжилиси ашылды. Мәжилисте Министрлер Кабинетиниң мирәт етилген ағзалары, министрликлер менен ведомстволардың басшылары, басқа да шөлкемлер, пуқаралық жәмийети институтлары, сондай-ақ, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты
Мәжилисти Олий Мажлис Сенатының Баслығы Н.Йўлдошев басқарды.
Мәмлекетимиз ғәрезсизлигиниң 25 жыллығы қарсаңында болып атырған жалпы мәжилистиң қатнасыўшылары Сенат Баслығы Н.Йўлдошевтиң Өзбекистан Республикасы ғәрезсизлигиниң 25 жыллығы мүнәсибети менен Олий Мажлис Сенатының өткен дәўирдеги жумысына ҳәм келешектеги әҳмийетли ўазыйпаларға бағышланған баянатын тыңлады.
Өзбекистанның ғәрезсизликке ерисиўи шын мәнисте тарихый ўақыя болғанлығы атап өтилди. Тек ғана шерек әсир даўамында елимиз раўажланыўдың пуқта ойланған «өзбек модели»н избе-из жүзеге шығарыў арқалы бир неше жыл даўамында экономикалық өсиўдиң турақлы жоқары пәтлерин көрсетип, жедел раўажланып атырған демократиялық мәмлекетке айланды. Экономиканың сиясаттан үстинлиги, мәмлекеттиң бас реформатор екенлиги, турмыстың барлық салаларында нызам үстинлиги, күшли социаллық сиясат, базар экономикасына басқышпа-басқыш өтиў деп аталатуғын бес принципке тийкарланған мәмлекетимиз басшысы тәрепинен ислеп шығылған «өзбек модели» алып барылып атырған реформалардың исенимли тийкарына айланды.
Ғәрезсизлик жылларында Өзбекистанда жәмийетлик турмыстың барлық салаларында кең көлемли демократиялық реформалар өткерилди, жәмийетлик-сиясий, социалық-экономикалық системаны түп-тийкарынан жаңалаўдың, ҳуқықый демократиялық мәмлекет қурыўдың беккем ҳуқықый тийкарлары қойылды. Бундай мәмлекетте инсан, оның өмири, еркинлиги, ар-намысы, қәдир-қымбаты ҳәм басқа да ажыралмас ҳуқықлары жоқары қәдрият есапланады.
Руўхый қәдриятлардың тиклениўи, миллий өзликти аңлаў сезиминиң өсиўи ушын шараятлардың жаратылыўы, реформалардың инсан ҳуқықлары, еркинликлери менен мәплерин толық тәмийинлеўге қаратылғанлығы, мүлк ҳуқықының беккемленгенлиги инсанлардың дүньяқарасын, олардың өмириниң мазмун-мәнисин түп-тийкарынан өзгертиўши әҳмийетли фактор болып хызмет етти.
Ғәрезсизлик жылларында дән, жанылғы-энергетика ҳәм транспорт-коммуникация саласында ғәрезсизликке ерисиўге, экономиканың барлық салаларын модернизациялаўға байланыслы шынында да көлемли илажлар әмелге асырылды. Аўыл хожалығын қайта қурыў, жерди оның ҳақықый ийлерине бериў есабынан республиканың азық-аўқат қәўипсизлиги тәмийинленбекте. Егер алдын Өзбекистан бурынғы аўқамның шийки зат жеткерип бериўши қалақ үлкеси есапланған болса, бүгинги күнде елимизде нефть ҳәм газ-химия санааты, нефть-газ ҳәм темир жол машина қурылысы, автомобиль ислеп шығарыў, заманагөй қурылыс материалларын ислеп шығарыў, фармацевтика, жоқары технологиялы азық-аўқат ҳәм тоқымашылық санааты сыяқлы тармақлар жетекшилик етпекте.
Өзбекистан экономикасында мүлк ийелери, исбилерменлер класы өз абыройын күшейтпекте. Олардың жалпы ишки өнимдеги қатнасы турақлы өсип бармақта. Бүгин бул көрсеткиш 56,7 процентти қурамақта. Жумыс пенен бәнт болған халықтың дерлик 80 проценти исбилерменлик шуғылланып, өз шаңарағының, халқының абаданлығын арттырып келмекте. Исбилерменликти раўажландырыў, инвестицияларды тартыў ушын қолай орталық жаратылған.
1992-жыл 8-декабрьде Өзбекистан Республикасы Конституциясының қабыл етилиўи социаллық-экономикалық раўажланыўдың избе-излигиниң, тынышлық ҳәм татыўлықтың, сиясий, экономикалық ҳәм социаллық турақлылықтың, пуқаралардың ҳуқықлары ҳәм еркинликлерин қорғаўдың исенимли кепилине айланды. Әмелге асырылып атырған реформалардың ҳуқықый тийкары Конституцияның тийкарғы қағыйдаларына муўапық избе-из қәлиплестирилмекте.
Еки палаталы миллий парламенттиң жаратылыўы ҳәм оның нәтийжели жумыс алып барыўы мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик қурылыстағы демократиялық реформалардың әҳмийетли факторына айланды. Парламентте төменги – Нызамшылық палатасы профессионал тийкарда жумыс алып барады, жоқары палата – Сенат болса Өзбекистан регионларын көрсетип, регионаллық ҳәм улыўмамәмлекетлик мәплериниң тең салмақлылығын тәмийинлейди. Ғәрезсизлик жылларында ҳәкимият тармағын бөлиўден ибарат конституциялық принципти басқышпа-басқыш жүзеге шығарыўға, олардың арасында өз-ара тең салмақлылық ҳәм тыйып турыўдың нәтийжели системасын жаратыўға, орай ҳәм орынларда мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары системасында нызам шығарыўшы ҳәм ўәкилликли ҳәкимияттың ўәкилликлерин ҳәм қадағааў функцияларын күшейтиўге қаратылған реформалар алып барылды.
Парламент тәрепинен қабыл етилген нызамлар ҳуқықтың үстинлигин тәмийинлеўге, экономиканың үзликсиз өсиўине, халқымыз ушын мүнәсип турмыс шараятларын жаратыўға ҳәм жәҳән жәмийетшилигиндеги мүнәсип орнын тәмийинлеўге хызмет етеди.
Баянатта Сенаттың өткен жыллардағы жумысының айырым тәреплерин сынға алыўға ҳәм келешекте парламенттиң жоқары палатасының жумыс нәтийжелилигин арттырыўдың тийкарғы ўазыйпаларына айрықша итибар қаратылды. Олий Мажлис Сенатының 2015-жыл 22-январьда болып өткен биринши жалпы мәжилисинде, парламент палаталарының 2015-жыл 23-январьда болып өткен қоспа мәжилисинде, Конституция қабыл етилгенлигиниң 23 жыллығына бағышланған салтанатлы мәресимде Өзбекистан Республикасы Президенти тәрепинен белгилеп берилген әҳмийетли ўазыйпалардан келип шыққан ҳалда, нызам дөретиўшилиги ҳәм қадағалаў-талқылаў жумысын түп-тийкарынан жақсылаў, қабыл етилип атырған нызамлардың мазмун-мәнисин атқарыўшыларға жеткериў, Сенаттың халық депутатлары жергиликли Кеңеслери менен бирге ислесиўин, Олий Мажлис Нызамшылық палатасының депутатлары менен бирликтеги жумысын күшейтиў илажлары көрилгенлигине тоқтап өтилди.
Нызам дөретиўшилиги жумысының сапасын арттырыў бойынша Сенат комитетлери ҳәм комиссияларының, ҳәр бир сенатордың жумысын және де жетилистириў, қабыл етилип атырған нызамлардың нормалары ислеўи ушын зәрүр болған нызамнан келип шығыўшы ҳүжжетлериниң өз ўақтында жәрияланыўын ҳәм ҳуқықты қолланыў жағдайын турақлы қадағалаў әҳмийетли ўазыйпалар қатарында тилге алынды. Бунда сенаторлардың күнделикли жумыс усылында беккем орын алыўы лазым болған парламентлик қадағалаўды әмелге асырыў тек ғана жүзеки кешиўине жол қойыўға болмайтуғынлығын атап өтти.
Жақында қабыл етилген «Парламентлик қадағалаў ҳаққында»ғы нызамда нәзерде тутылған барлық механизмлерди иске асырыў айрықша әҳмийетке ийе. Баянатта регионаллық ҳәм улыўмамәмлекетлик мәплердиң тең салмақлылығына ерисиўге, нызамлылықты, нызам үстинлигин тәмийинлеўде парламенттиң ролин арттырыўға қаратылған Сенат жумысының нәтийжелилигин арттырыў зәрүрлиги айрықша атап өтилди.
Буннан соң сенаторлар жалпы мәжилистиң күн тәртибине муўапық елимиздиң жәмийетлик-сиясий ҳәм социаллық-экономикалық турмысының барлық салаларын басқышпа-басқыш реформалаўға және демократияластырыўға қаратылған нызамларды көрип шығыўға киристи.
Сенаторлар Олий Мажлис Нызамшылық палатасына Министрлер Кабинети тәрепинен усынылған «Жасларға байланыслы мәмлекетлик сиясат ҳаққында»ғы Өзбекистан Республикасы нызамын көрип шықты. Бул нызам жаслар сиясатының тийкарғы қағыйдалары, бундай сиясатты қәлиплестириў ҳәм жүзеге шығарыўға байланыслы шөлкемлестириўшилик-ҳуқықый механизмлердиң ҳуқықый тийкарларын және де жетилистириў, тиккелей тәсир етиўди бир пүтин нызам ҳүжжетинде жәмлеў мақсетинде қабыл етилгенлиги атап өтилди.
Нызамда ҳәзирги заман талапларын есапқа алған ҳалда жасларға байланыслы мәмлекетлик сиясаттың төмендеги тийкарғы бағдарлары беккемеленип қойылды: социаллық, экономикалық, сиясий ҳәм басқа да ҳуқық ҳәм мәплерди, жаслардың ашық-айдын ҳәм сапалы билим алыўын тәмийинлеў, жас әўладтың физикалық, интеллектуаллық ҳәм әдеп-икрамлылық жақтан кәмалға келиўине көмеклесиў, жасларды жумысқа орналастырыў ҳәм олардың бәнтлиги ушын шараятлар жаратыў, жасларды нызамларға, миллий ҳәм улыўмаинсаныйлық қәдриятларға ҳүрмет руўхында тәрбиялаў, жасларды руўхый негизлерди бузыўға алып келетуғын ис-ҳәрекетлерден, радикализм, зорлық ҳәм мийримсизлик идеяларынан қорғаў, талантлы жасларды ҳәм жас шаңарақларды қоллап-қуўатлаў, оларда саламат турмыс тәризине умтылыўды қәлиплестириў, жаслар спортын, жаслар исбилерменлигин раўажландырыў ҳәм тағы басқалар.
Нызамда жасларға байланыслы мәмлекетлик сиясатты орайда ҳәм орынларда жүзеге шығарыўды әмелге асырыўшы ҳәм онда қатнасатуғын уйымлар ҳәм мәкемелердиң ўазыйпалары, ўәкилликлери, сондай-ақ, олардың бул саладағы жуўапкершилиги анық белгилеп берилмекте. Бул уйымларға жасларға байланыслы мәмлекетлик сиясатты жүзеге шығарыў, билимлендириў, денсаўлықты сақлаў, мәденият, спорт, мийнет ҳәм басқа да салаларда жаслардың ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплерин тәмийинлеўге қаратылған талаплар, нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлердиң сөзсиз орынланыўын тәмийинлеў, ҳуқықый үгит-нәсиятқа байланыслы илажларды әмелге асырыў, жаслар арасындағы ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў, жәмийетлик шөлкемлер менен бирге ислесиў ўазыйпалары жүкленбекте.
Нызам нормалары жасларға байланыслы мәмлекетлик сиясатты жүзеге шығарыўда жәмийетлик шөлкемлериниң, бәринен бурын, жаслар шөлкемлериниң, пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларының ҳәм ғалаба хабар қуралларының ролин және орнын күшейтиўге де қаратылған. Мәмлекетлик бағдарламалар ҳәм басқа дәстүрлерди ислеп шығыўда, саламат бәркамал әўладты тәрбиялаўға байланыслы илажларды шөлкемлестириў ҳәм өткериўде, жаслардың жәмийетлик турмыстағы ролин ҳәм белсендилигин арттырыўда, усы саладағы нызам ҳүжжетлери ҳәм мәмлекетлик бағдарламалар талапларының орынланыўы үстинен жәмийетлик қадағалаўды әмелге асырыўда пуқаралық жәмийети институтларының сөзсиз қатнасының ҳуқықый механизмлери белгилеп берилмекте.
Сенаторлардың атап өткениндей, нызамның қабыл етилиўи жаслардың ҳуқықлары менен нызамлы мәплерин беккемлеўге, жасларға байланыслы мәмлекетлик сиясатты жүзеге шығарыўда мәмлекетлик уйымлар ҳәм басқа да шөлкемлердиң жуўапкершилигин күшейтиўге, бул салада саламат, бәркамал әўладты тәрбиялаў, жаслардың өз дөретиўшилик ҳәм интеллектуаллық потенциалын жүзеге шығарыў ушын елимизде зәрүр имканиятлар ҳәм шараятлар жаратыўға, елимиздиң жасларын XXI әсир талапларына толық жуўап беретуғын ҳәр тәреплеме бәркамал шахслар етип жетилистириўге қаратылған илажлардың нәтийжелилигин арттырыўға хызмет етеди. Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.
Буннан соң сенаторлар «Ишки ислер уйымлары ҳаққында»ғы Өзбекистан Республикасы нызамын көрип шықты. Бул нызам мәмлекетимиз басшысының Өзбекистан Республикасы Конституциясының 23 жыллығына бағышланған салтанатлы мәресимдеги баянатында белгилеп берилген ўазыйпаларды орынлаў мақсетинде Министрлер Кабинети тәрепинен таярланған ҳәм парламенттиң төменги палатасына киргизилген және ишки ислер уйымларының статусын, биринши гезекте, нызам үстинлигин, пуқаралардың ҳуқықлары менен еркинликлерин исенимли қорғаўды тәмийинлеў бойынша олардың жумысының формалары ҳәм усылларын анық белгилеп бериўге қаратылған.
Мәжилисте бул нызам ишки ислер уйымлары системасын ҳәм структурасын, олардың ҳуқықларын, миннетлемелерин ҳәм ўәкилликлерин, олардың хызметкерлерине қарата қойылған талапларды, сондай-ақ, оларды социаллық ҳәм ҳуқықый қорғаў шараларын анық белгилеп беретуғыны атап өтилди.
Нызамда ишки ислер уйымларының тийкарғы ўазыйпалары, жумыс бағдарлары ҳәм принциплери беккемлеп қойылмақта. Ишки ислер уйымларына пуқаралардың ҳуқықларын, еркинликлери менен нызамлы мәплерин қорғаў, жәмийетлик тәртипти ҳәм жәмийетлик қәўипсизликти, юридикалық ҳәм физикалық шахслардың мал-мүлкиниң қорғалыўын тәмийинлеў ўазыйпалары жүкленбекте.
Ишки ислер уйымларының анық ўазыйпаларын, соның ишинде, пуқаралардың ҳуқықларын, еркинликлери менен нызамлы мәплерин, юридикалық ҳәм физикалық шахслардың мал-мүлкин қорғаў, жынаятлардың, басқа да ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў, оларды анықлаў, оларға тыйым салыў ҳәм олардың жынаятын ашып бериў, жәмийетлик орынларда пуқаралардың қәўипсизлигин тәмийинлеў бойынша ишки ислер уйымларының анық ўазыйпаларын белгилеп қойыў олардың жәмийет ҳәм мәмлекет алдындағы жуўапкершилигин арттырады.
Нызамида ишки ислер хызметине қабыл етиўге байланыслы қойылған тийкарғы талапларға, хызметти өтиў шәртлерине айрықша орын ажыратылған.
Сенаторлардың атап өткениндей, бул нызам ишки ислер уйымларының абыройын беккемлеўге, олардың жумысында нызамлылықты тәмийинлеўге, сондай-ақ, хызметкерлердиң өзлерине жүкленген ўазыйпаларды орынлаў бойынша жуўапкершилигин арттырыўға көмеклеседи. Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.
Жалпы мәжилисте тәбиятты қорғаў саласына байланыслы нызамлар да көрип шығылды.
Сенаторлар Олий Мажлис Нызамшылық палатасына депутатлар топары тәрепинен нызамшылық басламасы тәртибинде усынылған «Ҳайўанатлар дүньясын қорғаў ҳәм оннан пайдаланыў ҳаққында»ғы Өзбекистан Республикасы нызамын (жаңа редакцияда) көрип шықты.
Атап өтилгениндей, нызамның тийкарғы мақсети ҳайўанатлар дүньясын қорғаў ҳәм оннан пайдаланыўдың ҳуқықый тийкарларын және де жетилистириўден, ҳайўанатлар дүньясы объектлеринен ақылға уғрас пайдаланыў ҳәм оларды қайта жаратыў системасының нәтийжелилигин арттырыўдан, олардың жасаў орталығын сақлаўдан, сондай-ақ, нызамның тиккелей тәсир етиўин тәмийинлеўден ибарат.
Әмелдеги нызамға киргизилип атырған өзгерис ҳәм қосымшалар ҳуқықты қолланыў әмелиятының тәсиршеңлигин арттырыўға ҳәм биологиялық түрлиликтиң ажыралмас бөлеги сыпатында жабайы ҳайўанлардың генофондын комплексли қорғаў көз-қарасынан нызамшылық ҳүжжетлериндеги кемшиликлерди сапластырыўға, нызам нормаларын жаңа қабыл етилген нызамлар ҳәм басқа да нормативлик ҳүжжетлерге муўапықластырыўға қаратылған жаңа ҳуқықый нормаларды беккемлейди.
Нызамда ҳайўанатлар дүньясын қорғаўға ҳәм оннан ақылға уғрас пайдаланыўға қаратылған әмелий илажларды жүзеге шығарыўда мәмлекетлик уйымлардың, сондай-ақ, пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларының, мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң ҳәм пуқаралардың ўәкилликлери анық белгилеп берилмекте.
Ҳайўанатлар дүньясы объеклерин алып кириў ҳәм алып шығыўдың ҳуқықый режимин, тәбийғый орталықтан «Қызыл китап»қа киргизилген ҳайўанлардың айырып алыныўын қадаған етиўди, ҳайўанатлар дүньясы объектлеринен ақылға уғрас пайдаланыў, олардың жасаў орталығын сақлаў бойынша биотехникалық илажлар өткериў тәртибин белгилеп беретуғын нормалар нызамның әҳмийели қағыйдалары болып табылады.
Ҳайўанатлар дүньясын қорғаў ҳәм оннан ақылға уғрас пайдаланыў саласында мониторинг ҳәм қадағалаў, ҳайўанатлар дүньясы объектлеринен арнаўлы пайдаланыў ушын руқсат бериў тәртип-қағыйдаларын жетилистириў мәселелери нызамда айрықша орын ийелейди.
Сенаторлардың пикиринше, бул нызамның қабыл етилиўи тәбийғый шараятларда жабайы ҳайўанлардың муғдар ҳәм сапа көрсеткишлерин сақлаў, олардан ақылға уғрас пайдаланыў бойынша жумыслардың нәтийжелилигин арттырыўға, усы салада ушырасып атырған машқалаларды өз ўақтында анықлаўға ҳәм сапластырыўға хызмет етеди. Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.
Соңынан сенаторлар Олий Мажлис Нызамшылық палатасына депутатлар топары тәрепинен нызамшылық басламасы тәртибинде усынылған «Өсимликлер дүньясын қорғаў ҳәм оннан пайдаланыў ҳаққында»ғы Өзбекистан Республикасы нызамын (жаңа редакцияда) көрип шықты.
Мәжилисте сенаторлар жаңа нызам өсимликлер дүньясын қорғаўдың ҳуқықый тийкарларын және де жетилистириўге, оннан ақылға уғрас пайдаланыў системасының нәтийжелилигин арттырыўға, қоршаған орталықтың пүтинлигин ҳәм жабайы өсимликлер өсетуғын орталықты сақлаўға қаратылғанлығын атап өтти.
Нызамда өсимлик дүньясының қорғалыўын ҳәм оннан ақылға уғрас пайдаланыўды тәмийинлеў бағдарындағы субъектлердиң ўәкилликлери, өсимлик дүньясы объектлерин алып кириў ҳәм алып шығыў тәртиби, бийбаҳа ҳәм жойтылып кетиў қәўпи астындағы жабайы өсимлик түрлерин қорғаў ҳәм олардан пайдаланыў, карантин илажларын өткериўдиң талаплары анық белгилеп берилген. Өсимликлер дүньясын қорғаў ҳәм олардан ақылға уғрас пайдаланыў саласында мониторинг ҳәм қадағалаў алып барыўдың ҳуқықый тийкарлары белгиленбекте.
Сенаторлардың атап өткениндей, усы нызамның қабыл етилиўи тәбияттың турақлылығын, биологиялық ҳәр түрлиликти сақлап қалыў, атап айтқанда, жоқ болып кетиў қәўпи астында турған өсимлик организмлериниң генофондын сақлаў, елимиз регионларында қорғалатуғын тәбийғый аймақлар жаратыў ҳәм кеңейтиў және өсимликлер дүньясы объектлерин қорғаў, олардан пайдаланыў ҳәм оларды қайта өсириў саласындағы норма ҳәм нормативлерди ислеп шығыў бағдарындағы қатнасықларды нызамлы жол менен нәтийжели тәртипке салыў имканиятын береди. Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.
Усының менен Өзбекистан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының алтыншы жалпы мәжилисиниң биринши күни жуўмақланды.
Өзбекистан Ресеубликасы
Олий Мажлиси Сенатының
Мәлимлеме хызмети