Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
РИО-ДЕ-ЖАНЕЙРО ҚАЛАСЫНДА (БРАЗИЛИЯ) БОЛЫП ӨТКЕН XXXI ЖАЗҒЫ ОЛИМПИАДА ОЙЫНЛАРЫНЫҢ ЖЕҢИМПАЗЛАРЫН АҚШАЛАЙ СЫЙЛЫҚЛАР МЕНЕН ХОШАМЕТЛЕЎ ҲАҚҚЫНДА
2016-08-23 | Ҳүжжетлер
Өзбекистан Республикасы Президентиниң бийлиги
Елимизде дене тәрбиясы ҳәм спортты раўажландырыў, жаслар арасында олимпиада ҳәрекетин үгит-нәсиятлаўдағы белсендилиги, Рио-де-Жанейро қаласында (Бразилия) болып өткен XXXI жазғы Олимпиада ойынларындағы жоқары спорт шеберлиги ҳәм мәртлиги, халықаралық спорт майданларында Өзбекистанның абыройы менен мәртебесин арттырыўға қосқан салмақлы үлеси ушын және Өзбекистан Республикасы Президентиниң 2016-жыл 12-июльдеги ПҚ-2558-санлы қарарына муўапық:
1. Төмендеги спортшылар бир мәрте төленетуғын ақшалай сыйлық пенен хошаметленсин:
алтын медаль алғаны ушын
ҳәр бири 200 000 АҚШ доллары менен:
Нурудинов Руслан Шамилевич – аўыр атлетика бойынша сайланды командамыз ағзасы;
Дўсматов Хасанбой Марфжон улы – бокс бойынша сайланды командамыз ағзасы;
Зоиров Шахобидин Шокирович – бокс бойынша сайланды командамыз ағзасы;
Гаибназаров Фазлиддин Хасанбаевич – бокс бойынша сайланды командамыз ағзасы;
гүмис медаль алғаны ушын
ҳәр бири 100 000 АҚШ доллары менен:
Гиясов Шахрам Джамшедович – бокс бойынша сайланды командамыз ағзасы;
Мелиқўзиев Бектемир Рўзматжон улы – бокс бойынша сайланды командамыз ағзасы;
қола медаль алғаны ушын
ҳәр бири 75 000 АҚШ доллары менен:
Ахмадалиев Муроджон Қаҳор улы – бокс бойынша сайланды командамыз ағзасы;
Тулаганов Рустам Тўлқин улы – бокс бойынша сайланды командамыз ағзасы;
Собиров Ришод Рашидович – дзюдо бойынша сайланды командамыз ағзасы;
Урозбоев Диёрбек Бахтиёр улы – дзюдо бойынша сайланды командамыз ағзасы;
Тасмурадов Елмурат Зулипхар-улы – грек-рим гүреси бойынша сайланды командамыз ағзасы;
Наврузов Ихтиёр Каримович – еркин гүрес бойынша сайланды командамыз ағзасы;
Ибрагимов Магомед Идрисович – еркин гүрес бойынша сайланды командамыз ағзасы;
2. Ақшалай сыйлықларды төлеў Өзбекистан Республикасы Сыртқы экономикалық жумыс Миллий банки тәрепинен сырт ел валютасында – АҚШ долларында, банкте физикалық шахслар ушын белгиленген тәртипте ашылатуғын депозит есап-санларынан, салық өндирилмей әмелге асырылатуғыны белгилеп қойылсын.
3. Өзбекистан Республикасы Финанс министрлиги усы мақсетлер ушын зәрүр ақшалай қаржылардың өз ўақтында ажыратылыўын тәмийинлесин, Өзбекистан Республикасы Орайлық банки болса Өзбекистан Республикасы Сыртқы экономикалық жумыс Миллий банки менен биргеликте ажыратылған қаржыларды Өзбекистан Республикасы Мәденият ҳәм спорт ислери министрлигиниң буйыртпалары бойынша белгиленген тәртипте конвертация етсин.
4. Усы бийликтиң орынланыўын қадағалаў Өзбекистан Республикасының Бас министри Ш.Мирзиёевқа жүкленсин.
Өзбекистан Республикасы
Президенти И.КӘРИМОВ
Ташкент қаласы,
2016-жыл 23-август