Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
Уллы әййям алдынан барлық тараўларда жоқары нәтийжелерге ерисилмекте
2023-08-30 | Сиясат
Президент Шавкат Мирзиёев 29-август күни Ташкент қаласындағы қурылыс жумыслары, ҳәр қыйлы тараўларда иске қосылып атырған жаңа объектлер менен танысты.
Ғәрезсизлик халқымызға еркинлик, абаданлық алып келгениндей, ҳәр жылы бул әййямда жақсылық пенен жаңалықлар көп болады. Быйыл да барлық аймақларда экономикалық-социаллық имаратлар иске қосылмақта.
Уллы әййям алдынан мәмлекетимиз басшысы пайтахтымыздағы мине, усындай қурылыс жумыслары менен танысты.
Президенттиң 2022-жыл 27-апрельдеги бажыхана ҳәкимшилигин және де жетилистириўге байланыслы пәрманында тараўды санлы трансформациялаў, хызметлер сапасы ҳәм оперативлигин арттырыў илажлары белгиленген еди. Соның ишинле, усы мақсетте Бажыхана комитетинде Бажыхана рәсмийлестириўи орайы қурылды.
Мәмлекетимиз басшысы усы комплексти барып көрди.
Бул жерде Мағлыўматларды қайта тиклеў орайы, Аралықтан электрон декларациялаў посты, «Call-орай», Таргетлеў ҳәм қәўиплерди басқарыў бөлимлери шөлкемлестирилген. Мәлимлеме системасы сырт еллер, мәмлекетимиздиң министрлик ҳәм уйымлары, сыртқы экономикалық жумыс ўәкиллери, авиакомпаниялардың мағлыўматлары менен интеграцияланған. Жумысты шөлкемлестириўде исбилерменлердиң усыныслары да инабатқа алынған.
Мағлыўматларды қайта ислеў орайы әмелдеги резервке қарағанда он есеге үлкен көлемли заманагөй серверлер, компьютер ҳәм басқа да зәрүр үскенелер менен тәмийинленген. Бул байланыс каналларының тезлигин 5 есеге арттырыў ҳәм рәсмийлестириў ўақтын 2 есеге қысқартыўды тәмийинлейди. Пүткил система киберҳүжимлерден қорғалған.
Аралықтан электрон декларациялаў постында дәслепки басқышта Ташкент қаласының исбилерменлери аралықтан турып жиберетуғын бажыхана жүк декларацияларын жедел түрде рәсмийлестириў жолға қойылды. Кейин ала оның менен республикадағы барлық рәсмийлестириў процесслерин қамтып алыў режелестирилген.
«Call-орай»да бажыхана уйымларының 11-08 исеним телефоны ҳәм комитет веб-сайты арқалы келип түсип атырған мүрәжатларға жуўап бериледи.
Таргетлеў ҳәм қәўиплерди басқарыў бөлими Жәҳән бажыхана шөлкеми менен биргеликте, раўажланған мәмлекетлер тәжирийбеси тийкарында ашылған. Бул жерде оператив структуралар тәрепинен бажыхананың 50, Жәҳән бажыхана шөлкеминиң 3 мәлимлеме бағдарламасы, 30 дан артық уйымлар ҳәм сырт ел бажыханаларының мағлыўматлары талланып, қәўип-қәтерлер баҳаланады ҳәм барлық бажыхана постларының жумысы аралықтан басқарылады.
Орайлық бажыхана лабораториясы да экспертиза процесслерин қысқартыў ҳәм анықлығын арттырыўға қаратылған алдыңғы үскенелер менен тәмийинленди.
Улыўма, Президент пәрманы тийкарында тараў санластырылыўы нәтийжесинде бажыхана рәсмийлестириўи ўақты орташа 2 есеге қысқарды. Мәселен, усы ўақыт экспорт бағдарында 2017-жылы 5 саат 42 минут еди, 2023-жылы 30 минутты қурамақта.
Импорт товарларының 80 проценти ҳәм экспорт товарларының 89 проценти әпиўайыластырылған тәртипте рәсмийлестирилмекте. Бажыхана жүк декларацияларын жасалма интеллект жәрдеминде автоматикалық рәсмийлестириў көлеми де арттырылмақта.
– Бул шараятлар, нәтийжелер, әлбетте, адамды қуўандырады. Бирақ, санластырыў сондай процесс, бир орында шекленип қалмайды. Тараўда исленген жумысларға қарағанда, ислениўи керек болған ўазыйпалар көп. Соның ушын қолайлықларды турақлы арттырып барыў зәрүр. Туризм жумысына исбилерменлер баҳа бериўи керек,-деди Шавкат Мирзиёев.
Импорт қурамының анализи тийкарында жергиликли исбилерменлерге усыныс бериў, бажыхана аймағында қайта ислеўди кеңейтиў бойынша көрсетпелер берилди. Хызметкерлердиң материаллық-социаллық шараятларын жақсылап, системаны қоррупциядан аўлақ тараўға айландырыў ўазыйпасы қойылды.
Пайтахтымыздың Яшнабад районында еки ири емлеў дәргайы – Миллий медицина орайы ҳәм Республикалық қәнигелестирилген оториноларингология ҳәм бас-мойын кеселликлери илимий-әмелий медицинаы орайы қурылды.
Мәмлекетимиз басшысы 2020-жыл ноябрьде олардың қурылысын келип көрип, бул жерде қандай имканиятлар болыўы керек екенлиги ҳаққында көрсетпелер берген еди. Мәкемелердеги ҳәзирги заманагөй шараят ҳәм жумыс тәртиби соның әмелий орынланыўы, деп айтыў мүмкин.
Емлеў дәргайының аймағы төрт гектардан зыят. Жәми бир ярым мың квадрат метр майданға ийе жети имарат қурылған. Қурылыс ҳәм үскенелеўде сырт елдиң алдыңғы тәжирийбесине сүйенилген. Соның ушын архитектурасы жетик. Қыстаўлы жәрдем, реанимация, инфекциялы жағдайлар – барлығы инабатқа алынған.
Миллий медицина орайы, басқа емлеўханалардан өзгеше түрде, универсал болады. Бул жерде хирургиялық, урология, трансплантология, травматология-ортопедия, гинекология, кардиохирургия, нефрология, кардиология, эндокринология, кардиоревматология, стоматология ҳәм басқа да бөлимлер шөлкемлестирилген. Жәми 169 түрдеги мыңнан артық алдыңғы медициналық әсбап-үскенелер орнатылған.
Орай бес жүз орынға мөлшерленген. Амбулатор ҳәм стационар тәртипте еки жүзден артық медициналық хызмет көрсетиледи. Жылына үш мыңнан аслам, соның ишинде, аорта-коронар шунтлаў, эстетикалық-пластикалық хирургия, артропластика, орган ҳәм тоқымаларды көширип өткериў сыяқлы жоқары технологиялық хирургиялық әмелиятларын орынлаў қуўатлығы бар. Орайда мәмлекетимиздиң алыс аймақларындағы наўқасларға аралықтан диагноз қойыў, емлеў имканияты жаратылмақта.
Мәкеме жумысында Германия, Түркия, Қубла Корея сыяқлы мәмлекетлердиң жетекши клиникалары менен бирге ислесиледи. Сырт ел шыпакерлери, өзимиздиң сырт елден тәжирийбе арттырған қәнигелеримизден ибарат жәмәәт – 250 шыпакер, 500 орта медицина хызметкери жумыс алып барады.
Бундай имканиятларға ийе орай мәмлекетимизде бириншиси. Қарақалпақстан ҳәм ўәлаятларда жумыс алып барып атырған көп тармақлы клиникалар оның менен байланысады.
Президент комплекс аймағында Республикалық қәнигелестирилген оториноларингология бағдарындағы жумысларды муўапықластырады. Бул жерде «Жоқары дем алыў жоллары ағзаларының физиологиясы ҳәм патологиясы», «Еситиў ҳәм тең салмақлылық ағзалары физиологиясы ҳәм патологиясы», «Фониатрия ҳәм ронхопатия» илимий лабораториялары шөлкемлестирилди. Симуляциялық әмелий лаборатория, хирургиялық ханалар ҳәм 60 орын заманагөй медициналық үскенелер менен тәмийинленди.
Мәмлекетимиз басшысы бул орайлардағы қолайлықлар менен танысты, шыпакерлер менен сәўбетлести. Тараў жуўапкерлери менен пикирлесиўде бул орайлар жанында сырт ел медицина институтын шөлкемлестириў, кадрлардың маманлығын арттырыў, кеселликлер профилактикасын кеңейтиў бойынша көрсетпелер берилди.
Президент Шавкат Мирзиёев жаңаланған Республикалық балалар китапханасын барып көрди.
Мәмлекетимиз басшысы жумысының биринши күнлеринен-ақ жаслар тәлим-тәрбиясына айрықша итибар қаратып келмекте. 2017-жылы китаплар басып шығарыўды раўажландырыў, китап оқыў ҳәм китапқумарлық мәдениятын арттырыў бойынша Президент бийлиги қабыл етилген еди. Китапқумарларды хошаметлеў жолға қойылды.
Бул сиясаттың және бир белгиси сыпатында жақында Республикалық балалар китапханасы жаңаланды.
1907-жылы қурылған тарийхый имарат реставрацияланып, заманагөй үскенеленди. Бүгин комплекс ҳәр тәреплеме қолайлы, ықшам ҳәм жақты. Енди ол тек ғана балалар емес, ал үлкенлердиң де сүйикли орнына айланбақта.
Китапхана өзбек ҳәм жәҳән балалар әдебиятына байланыслы 180 мың китап фондына ийе. Заманагөй мәлимлеме технологияларынан пайдаланып атырғаны хызметкерлердиң жумысын жеңиллестирип, китапқумар балаларға қосымша қолайлық жаратқан. Соның ишинде, келиўшилер арнаўлы ID-карта алады. Ол арқалы китапқумарларды дизимге алыў, китап алыў ҳәм тапсырыў процесслери электрон түрде шөлкемлестириледи.
Электрон китапхананы раўажландырыў, видео-аудио ресурслар фондын байытыў, пайдалы веб-контентлер жаратыўға айрықша итибар қаратылмақта. Аудио китапларды тыңлаў ханасы шөлкемлестирилген.
Президент бул шараятларды көзден өткерди, китап оқып атырған ҳәм шет тиллерди үйренип атырған балалар менен сөйлести.
Мәмлекетимиз басшысы китапхананы мектеплер менен нәтийжели байланысып, 180 мың китап фонды менен оларды таныстырыў, бул жерге көбирек жасларды тартыў зәрүр екенлигин атап өтти.
Мәкемеде халықаралық конференция, семинар ҳәм басқа да илажларды ҳәм тиккелей, ҳәм онлайн өткериў имканияты жаратылған. Аймақ абаданластырылып, жаңа көриниске кирген. Ықшам ғана амфитеатр шөлкемлестирилген.
Китапханаға автотранспорт ажыратыў, жаңа китаплар сатып алыў бойынша көрсетпе берилди.
Пайтахтымыз жәмийетлик транспортында метрополитенниң орны оғада үлкен. Оның қамтып алыўын кеңейтиў мақсетинде, мәмлекетимиз басшысының басламасы менен жер үсти метросы пайда болды.
Өткен жыллары бул үлкен жойбардың биринши басқышы ҳәм Сергели жөнелиси ашылған еди. Усы жылы екинши басқыш – Қойлықтан Сергелиге шекемги жер үсти метросы қурып питкерилди.
Президент бул транспорт имаратын барып көрди, жәмийетшилик ўәкиллери менен бирге метрода жүрди.
– 2017-жылы бул жойбарды баслағанымызда исенбегенлер де болған еди. Мине, Қудайға шүкир, жер асты ҳәм жер үсти метро жоллары байланысып, айланбаға айланды. Дурыс, аўыр болды. Бирақ халқымызға хызмет ететуғын, тарийхта қалатуғын жол бул. Адамларымыз, перзентлеримиз бунда жүрип, мәмлекеттен разы болса, нийетимизге жеткен боламыз,-деди Шавкат Мирзиёев.
Усы екинши басқыш шеңберинде 12 километр эстакада жол ҳәм 7 бәндирги қурылған. Бул аралықтағы қатнаў ўақыты 15 минутты қурайды. Бир күнде 40 мыңнан артық жолаўшыға хызмет көрсетиледи.
Улыўма, бүгин Ташкент метрополитениниң жәми узынлығы 70 километрден асты. Соннан 38 километри 1977-жылдан кейин қурылған болса, кейинги 7 жылда 32 километр метро жолы қурылды. Бәндиргилердиң саны 50 ге жетти. Метрода жүриўши күнлик жолаўшылар саны 750 мыңға жетиўи күтилмекте.
Буннан тысқары, усы жылы пайтахтымызға мың автобус алып келинди. Нәтийжеде жәмийетлик транспорттан күнине 1 миллион 400 мыңға шекем жолаўшы пайдаланбақта. Бул жеке транспортларға талапты, соның менен бирге, көшелерде тығылысты азайтыўда әҳмийетли фактор болмақта.
Мәмлекетимиз басшысы Сергели районындағы Янги Бунёдабад мәҳәллесинде болып, шараятларды көзден өткерди.
Бул жерде 6 мыңнан аслам халық жасайды. 13 көп қабатлы турақ жай, мектеп, балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектебинде барлық шараятлар жаратылған. Мәҳәллениң драйвери – хызмет көрсетиў. Жақында турмыслық хызмет шақапшалары, тигиўшилик кәрханасын өз ишине алған жумыс орайы қурылды. Оларда жергиликли жаслар пайдалы мийнет пенен бәнт.
Президент тигиўшилик кәрханасындағы ҳаял-қызлар менен сәўбетлести. Оның басшысы ҳаял-қызлар исбилерменлигине берилип атырған имканиятлар себепли жаңа үскенелер алған, жумысын кеңейткен.
– Биз не ушын ҳаял-қызлар мәселесине айрықша итибар қаратамыз? Себеби бул шаңараққа, перзентлеримизге, келешек әўладларымызға итибар болып есапланады,-деди Шавкат Мирзиёев.
Пуқаралар жыйыны имараты заманагөй көриниске ийе. Бул жерде китапхана, тил үйрениў дөгереклери де бар. Мәҳәлле аймағы абаданластырылған. Ойын ҳәм спорт майданшалары оңланған. Еки жылда мәҳәлледе ҳеш қандай жынаят жүз бермеген.
Мәҳәлле баслығы ҳәм белсендилери менен сәўбетте жаслардың бәнтлигин тәмийинлеў, мәдений илажлар ҳәм жарыслар шөлкемлестирип, бос ўақытларын мазмунлы өткериў ҳаққында сөз болды. Район басшыларына социаллық әҳмийетли жойбарларды көбейтиў, гүзги-қысқы мәўсимге таярлық көриў бойынша көрсетпелер берилди.
Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги