Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
Мектеплерде билимлендириўдиң сапасын арттырыўға қаратылған тийкарғы ўазыйпалар белгиленди
2023-08-29 | Билимлендириў
Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында 28-август күни мектеплерде билимлендириўдиң сапасын арттырыў, оқыўшы орнын көбейтиў ҳәм муғаллимлерди қоллап-қуўатлаўға қаратылған тийкарғы ўазыйпалар бойынша видеоселектор мәжилиси өткерилди.
«Жаңа Өзбекстан мектеп босағасынан басланады», деген ийгиликли идея тийкарында усы тараўда үлкен жумыслар әмелге асырылмақта. Соңғы жыллары жүзлеген заманагөй мектеплер қурылды. Президент мектеплери, дөретиўшилик мектеплери турмысымызға кирип келди, қәнигелестирилген мектеплер тармағы кеңейтилди. Жаңа сабақлықлар ҳәм оқыў қолланбалары жаратылды.
Муғаллим ҳәм тәрбияшылардың мийнет шараятларын жақсылаў, маманлығын арттырыўға айрықша итибар қаратылмақта. Атап айтқанда, өткен дәўирде муғаллимлердиң айлық мийнет ҳақысы орташа 2,5 есеге артты.
Соның ишинде, шет тили, мәлимлеме технологиялары, математика, химия, биология бойынша миллий ҳәм халықаралық сертификаты бар муғаллимлерге үстеме, шетки аймаққа барып ислеген муғаллимлерге айрықша төлем енгизилди. Нәтийжеде 6 миллион сумнан 10 миллион сумға шекем мийнет ҳақы алатуғын муғаллимлер саны 23 мыңға жетти, 10 миллион сумнан жоқары мийнет ҳақы алыўшылар 1 мыңнан асты.
Мектеплер жүклемесин азайтыў мақсетинде 700 мың оқыўшы орны жаратылды. Бул – алдынғы жылларға қарағанда 15 есеге көп. Жоқары билимлендириўде де қамтыў 4 есеге арттырылып, жаслар ушын имканиятлар кеңейтилди.
Соның менен бирге, мектеп билимлендириўи тараўында әҳмийетли мәселелер еле көп.
Ҳәзирги күнде баслўыш классларда 11, жоқары классларда 16 пән өтилип атырғаны менен оқыўшылар анық бир бағдарда терең билимге ийе болмай мектепти питкерип атыр.
Өткен жылы 220 мың муғаллимнен 86 мыңы ямаса 37 процентиниң билим ҳәм көнликпеси «қанаатландырарсыз» деп баҳаланған. Бул жағдай, әсиресе, ҳәзирги күнде талап жоқары болған информатика, физика, инглис тили, математика ҳәм химия пәни муғаллимлеринде болғаны тәшўишли.
Ақырғы алты ярым жылда елимизде 320 мың квартиралы жаңа турақ жайлар қурылған. Бирақ оларға сәйкес қуўатлықта мектеплер қурылмаған. Жаңа массив ҳәм мәҳәллелерде ҳәзирдиң өзинде 350 мың орынлы мектеплерге талап бар. Ҳәзирги мектеплер инфраструктурасын жақсылаў бойынша да ўазыйпалар көп.
Соңғы жыллары 70 мың орынлық 350 жеке меншик мектеп шөлкемлестирилген. Бирақ, көплеген ўәлаятларда бул бағдардағы жумыслар жетерли емес.
Усындай таллаўларды атап өтип, мәмлекетимиз басшысы мектеплерди ҳәм мазмуны жағынан, ҳәм шараят жағынан жақсылаў бойынша жаңа басламаларды билдирди.
Бәринен бурын, билимлендириўдиң сапасын арттырыў мақсетинде республика бойынша 500 мектепте Президент мектеби ҳәм қәнигелескен мектеплер оқыў бағдарламасы ҳәм баҳалаў системасы енгизиледи. Бир жылда олардың жумысы баҳаланып, жаңа системаны нәтийжели қолланған муғаллимлерге 40 процентке шекем үстеме бериледи. Келеси бес жылда бул система барлық мектеплерде енгизиледи.
Быйыл мектеплерде сабақ бериў ушын сырт елден 500 «тил ийелери» мирәт етилген. Кейинги жыллары олар және де көбейеди. Сонлықтан ҳәкимликлерге сырт ел муғаллимлериниң турақ жай мәселесин шешиў тапсырылды.
Жоқары класста оқытылатуғын пәнлер 16 дан 11 ге қысқарады. Онда, 10-11-класс оқыўшыларына «химия-биология», «математика-физика», «математика-шет тили», «ана тили ҳәм әдебият – шет тили» пәнлери олардың таңлаўы тийкарында тереңлестирип оқытылады.
Кәсип-өнер ийелеў тилегиндеги оқыўшыларға болса, мектептиң өзинде таяр қәниге болып жетисиў имканияты жаратылады. Келеси оқыў жылынан кеминде 1 мың мектеп усы системаға өткериледи.
Сабақлардың мазмуны да өзгереди. 1-класстан компьютер саўатлылығы, жоқары классларда финанслық саўатлылық сабақлары енгизиледи.
Ең әҳмийетлиси, оқыў бағдарламаларына қосымша жаңа пәнлерди киргизиў қадаған етиледи. Енди барлық жаңа усыныслар ҳәзирги пәнлерге интеграцияланып таярланады.
Президент муғаллимлердиң тәжирийбесин арттырыў ҳәм оларға мүнәсип шараят жаратыў мәселесине айрықша итибар қаратып, әҳмийетли ўазыйпаларды белгилеп берди.
Оған бола, муғаллимлерди жумысқа қабыллаў, олардың маманлығын арттырыў ҳәм категория бериў системасы толық өзгертиледи. Соның ишинде, муғаллимшиликке қабыллаў таңлаў тийкарында болады. Биринши келген талабанларға 1 жыл муғаллим-стажёр болып ислеў ҳәм жылдың жуўмағы менен кәсиплик сертификат алыў талабы қойылады. Кейин ала бул система барлық муғаллимлер ушын басқышпа-басқыш енгизиледи.
Муғаллимлердиң тәжирийбеси де дифференцияласқан ҳалда арттырылады. Яғный, тәжирийбе арттырыўдан алдын муғаллимниң билими «диагностикадан өткериледи» ҳәм нәтийжесине бола индивидуал кәсиплик раўажланыў бағдарлары белгиленеди. Төмен нәтийже алғанлар бойынша өзи оқыған жоқары оқыў орнына рекламация жибериледи. Яғный, бул педагогикалық жоқары оқыў орынларының жумысы ушын да баҳа болады.
Соның ушын аймақлық тәжирийбе арттырыў орайларының жумысын сын көзқарастан үйрениў, оларды оңлаў ҳәм үскенелеў бойынша тапсырма берилди.
Муғаллимлерге маманлық категориясын бериў еки басқышта әмелге асырылады. Биринши басқышта педагогтың билими дәслепки имтиханда баҳаланып, 70 проценттен көп балл топлағанлар екинши басқышқа өтеди. Екинши басқышта алдыңғы педагогикалық технологияларды қолланыўы, оқыўшылар менен ислесиў методикасы ҳәм баҳалаўдағы қатнаслары тексериледи.
Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлигине бул тәжирийбени муғаллимлердиң билим дәрежеси төмен болған 20 районда сынақтан өткериў ўазыйпасы қойылды.
Педагогика бағдарындағы жоқары оқыў орынларын айрықша қатнас тийкарында раўажландырыў бойынша көрсетпе берилди. Сондай-ақ, Ташкент ҳәм Шыршықтағы Педагогика университетлеринде қәнигелер Президент мектеби бағдарламасы тийкарында таярланады. Бул мәкемелер педагогика бағдарындағы институтлар ушын «таяныш жоқары оқыў орны» болады.
Келеси оқыў жылынан кадрлар жетиспейтуғын, аўыр мектеплер алдыннан таңланып, олар ушын мақсетли мәмлекетлик буйыртпа енгизиледи.
Мектеп билимлендириўинде басқарыў системасы да өзгертиледи. Енди директорлыққа талабанлар тек ғана сертификаты бар ҳәм резервке киргизилген кадрлар арасынан таңланады ҳәм мүддетли шәртнама тийкарында жумысқа алынады. Директорлар ҳәм оның орынбасарлары да бес жылда бир мәрте сертификациядан өтеди.
Тараўдағы және бир әҳмийетли мәселе – оқыўшы орнын көбейтиў.
Келеси жылы Инвестиция бағларламасы шеңберинде мектеп қурылысына 3 триллион сум ажыратылыўы нәзерде тутылған. Оның есабынан 150 мың жаңа оқыўшы орны жаратылады.
Аз қуўатлықта ислеп атырған 61 колледж имаратында мектеплер шөлкемлестириледи. Жеке меншик шериклик тийкарында 50 мектеп қурылады.
Жеке меншик секторға қосымша шараятлар жаратыў арқалы жылына кеминде 25 мың оқыўшы орны ашылады. Оның ушын исбилерменлерге жеке меншик мектеп шөлкемлестириўге кредиттиң 7 процент бөлеги бюджеттен қаплап бериледи. Жаңа мектеп қурыў ушын жер майданлары мақсетли аукционға шығарылады.
Улыўма, бул жумыслар арқалы келеси жылдың өзинде 250 мың ямаса өткен жылға қарағанда 2 есеге көп оқыўшы орны жаратылатуғыны атап өтилди.
Жуўапкерлерге бул илажларды қаржыландырыў, мектеплер қурыў ҳәм үскенелеў, мәкемелерди гүзги-қысқы мәўсимге таярлаў бойынша тапсырмалар берилди.
Питкериўшилердиң бәнтлиги мәселесине де тоқтап өтилди. Быйыл 387 мың оқыўшы мектепти тамамлаған. Соннан 138 мыңы жоқары билимлендириўге оқыўға кирген.
Мәмлекетимиз басшысы қалған питкериўшилерди профессионал билимлендириў менен қамтып алыў, жасларды аз қәрежет жумсап, дәрамат алатуғын заманагөй кәсиплерге үйретиў зәрүр екенлигин атап өтти. Оқыўшылар менен мәнзилли ислесиў, онда ҳәким, мектеп директоры ҳәм ата-аналардың жуўапкершилигин анық белгилеў ўазыйпасы қойылды.
Бизге белгили, буннан үш жыл алдын 15 жасқа шекемги балаларға йод, витаминлер ҳәм қуртқа қарсы дәрилер тарқатыў әмелияты енгизилген еди. Нәтийжеде балалардың физикалық ҳәм ақылый раўажланыўына тәсир ететуғын қалқан сыяқлы без кеселликлери азаймақта. Соның ушын оқыўшыларға йод препаратларын бийпул тарқатыўды даўам еттириў, халықтың арасында йод пайдаланылыўының пайдалы қәсийетлерин кеңнен үгит-нәсиятлаў зәрүр екенлиги айтылды.
Мәжилисте Президент барлық муғаллимлер, мектеп директорлары ҳәм олардың орынбасарларына мүрәжат етти.
– Әзиз устазлар, мектеп билимлендириўи тараўындағы реформаларымызды әмелге асырыўда мен сизлерди өзимниң ең жақын жәрдемшим деп билемен. Мектеп билимлендириўин және де жақсылаў бойынша қабыл етилип атырған илажларымыздың нәтийжеси бәринен бурын сизлерге, сизлердиң пидайы мийнетиңизге байланыслы.
Мен сизлердиң тымсалыңызда өз турмысын дүньядағы ең уллы ҳәм мақтанышлы жумысқа – жаңа аўлад тәрбиясына бағышлаған, өз кәсибине садық ҳәм пидайы инсанларды көремен. Бүгин сизлер тәлим-тәрбия берип атырған, қәлбин, санасын жақсылық пенен толтырып атырған миллионлаған перзентлеримиз ертең Жаңа Өзбекстанның жаратыўшылары болып бизиң қатарымызға киреди. Ўатанымыз, халқымыз сизлердиң бундай уллы хызметлериңизди ҳеш қашан умытпайды. Муғаллимшилик кәсибин ардақлаў, оның мийнетин қәдирлеў буннан былай да дыққатымыз орайында болады. Жаңаланған Конституциямызда муғаллимниң статусын беккемлеп қойдық. Келешекте усы тийкарда, әлбетте, көп жумысларды әмелге асырамыз,-деди Шавкат Мирзиёев.
Мәжилисте белгиленген ўазыйпалар бойынша министрлер, ҳәкимлер ҳәм басқа да жуўапкерлер мәлимлеме берди.
Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги