Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
Қатар Әмири Самарқандта салтанатлы күтип алынды
2023-06-06 | Сиясат
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң мирәт етиўине бола Қатар Мәмлекетиниң Әмири шейх Тамим бин Ҳамад Ол Соний 5-июнь күни мәмлекетлик сапар менен елимизге келди.

Самарқанд халықаралық аэропортында Қатар Әмирин Өзбекстан Президенти күтип алды.
Жоқары мәртебели мийманның ҳүрметине еки мәмлекет байрақлары көтерилди ҳәм ҳүрметли қараўыл сап тартты.
Мәмлекет басшылары минберге көтерилди.
Қатар Әмирине халқымызға тән жоқары миймандослық көрсетилди. Бай миллий мәденият ҳәм көркем өнеримиз үлгилери көрсетилди. Нама-қосықлар атқарылды.
Буннан кейин Қатар Мәмлекетиниң Әмири шейх Тамим бин Ҳамад Ол Соний Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында ески ҳәм бийтәкирар Самарқанд қаласының уллы архитектуралық зыярат етиў орынларын көзден өткерди.

Мәмлекет басшылары дәслеп Мырза Улығбек обсерваториясы ҳәм музейин барып көрди. Бизге белгили, Муҳаммед Тарағай Мырза Улығбек уллы илимпаз ҳәм ҳүкимдар сыпатында илим ҳәм мәденияттың раўажланыўына үлкен үлес қосқан. Орта әсирлерде өз алдына обсерватория жаратып, аспан денелерин оғада анық үйренген. Оның «Жулдызлар кестеси Қураганий» шығармасы пүткил дүнья жүзинде, атап айтқанда, араб дүньясында асторономия бойынша илимий дәрек сыпатында белгили болған.
Жоқары мәртебели мийманға медреселердиң қурылыс тарийхы, нағыс ҳәм белгилердиң мазмуны, майданда әмелге асырылған оңлаў жумыслары ҳаққында айтып берди. Қатар Әмири медреселерди үлкен қызығыўшылық пенен тамаша етти.
Соң мәмлекет басшылары Самарқандтың Халықаралық туризм орайындағы «Мәңги шәҳәр» комплексине келди.
Өзбекстан ҳәм Қатар арасында дипломатиялық қатнасықлар орнатылғанына 25 жылдан аслам ўақыт өткен болса да, бул мәмлекет басшысы биринши рет елимизге мәмлекетлик сапарын әмелге асырмақта. Бул кейинги жылларда мәмлекетлеримиз арасында еки ҳәм көп тәреплеме бирге ислесиў жедел раўажланып атырғанының нәтийжеси болып есапланады. Соның ишинде, жақында Ташкент қаласында Қатар мәмлекетиниң елшиханасы ашылды. Президент Шавкат Мирзиёевтиң 5-июнь күни қабыл етилген пәрманы менен Қатар пуқаралары ушын визасыз система енгизилди.
Сапардың тийкарғы илажлары 6-июнь күнине режелестирилген.
Сапар даўамында Өзбекстан ҳәм Қатар арасындағы көп тәреплемели қатнасықларды буннан былай да раўажландырыў мәселелери көрип шығылады Онда, бәринен бурын, жедел сиясий сөйлесиўлер, аўыл хожалығы, инфраструктура, логистика, туризм ҳәм басқа да тармақларда ири инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў дыққат орайында болады.
Мәмлекет басшылары халықаралық сиясат ҳәм регионаллық күн тәртибиниң әҳмийетли мәселелерин де додалады.
Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги