Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
Қайта тиклениўши энергия дәреклерин енгизиў жағдайы көрип шығылды
2023-05-24 | Экономика
Президент Шавкат Мирзиёев социаллық мәкемелер ҳәм мәмлекетлик уйымларда қайта тиклениўши энергия дәреклерин енгизиў жағдайы бойынша презентация менен танысты.

Мәмлекетимиз басшысының быйыл 16-февральдағы қарары менен бул бағдардағы жумысларды жеделлестириў бойынша бағдарлама қабыл етилген еди. Оған бола, усы жылы социаллық тараў ҳәм мәмлекетлик уйымларда 220 мегаватт қуўатлықтағы қуяш панеллерин орнатыў нәзерде тутылған.
Мәжилисте жуўапкерлер бул бағдардағы жумыслардың орынланыўы бойынша мәлимлеме берди.
Атап өтилиўинше, ҳәзирги күнде 107 мегаватт қуяш панеллери орнатылған. Ири мәмлекетлик компанияларда жумыс жақсы алып барылмақта. Бирақ социаллық мәкемелерде нәтийжелер еле жетерли емес.
Мәселен, жоқары оқыў орны имаратларында 36 процент, мектеплерде 33 процент, медицина мәкемелеринде 28 процент панеллер орнатылған. Аймақлар бойынша алғанда, республикамызда бул көрсеткиш дерлик 50 процентке жеткен. Бирақ Ташкент қаласында қайта тиклениўши энергия дәреклерин орнатыў дәрежеси режеге салыстырғанда 26 процентти қурамақта.
Мәмлекетимиз басшысы бул бағдарда еле имканиятлар көп екенлигин атап өтип, жумысларды жеделлестириў бойынша көрсетпелер берди.
Усы жылы 2 мың мегаватт қуўатлықтағы қуяш ҳәм самал электр станцияларының иске қосылыўы режелестирилген. Буннан тысқары, жақында Өзбекстан Президентиниң Қытай Халық Республикасына мәмлекетлик сапары шеңберинде 4,4 миллиард долларлық, жәми қуўатлығы 4,8 гигаваттқа тең 11 қуяш ҳәм самал станцияларын қурыў бойынша келисимге ерисилди.
Мәжилисте усы келисимлердиң орынланыўын шөлкемлестириў мәселелерине де тоқтап өтилди.
Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги