Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

Сингапур Президенти мәмлекетлик сапар менен Өзбекстанда болады

2023-05-23 | Сиясат

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң мирәт етиўине бола Сингапур Республикасы Президенти Ҳалима Яқуб 23-25-май күнлери мәмлекетлик сапар менен елимизде болады.

Сингапур басшысының сапары бағдарламасында жоқары дәрежедеги сөйлесиўлер өткерилиўи нәзерде тутылған.

Саммит күн тәртибинен конструктивлик сиясий қарым-қатнасты және де раўажландырыў, регионаллық ҳәм халықаралық шөлкемлер шеңберинде өз-ара қоллап-қуўатлаў, еки мәмлекет жетекши компания ҳәм банк институтлары қатнасыўындағы инвестициялық жойбарларға жәрдемлесиў, мәдений-гуманитарлық алмасыўды кеңейтиў мәселелери орын алған.

Президент Ҳалима Яқуб Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының Баслығы, елимиздеги диний конфессиялар басшылары менен де ушырасады, исбилермен топарлар бизнес-форумының ашылыўында ҳәм биргеликтеги билимлендириў орайы жумысының презентациясында қатнасады.

Буннан тысқары, Сингапур Президенти Самарқанд қаласына барып, Уллы Жипек жолы кесилиспесинде жайласқан бул тарийхый орайдың бай мәдений-тарийхый ҳәм цивилизациялық мийрасы менен танысады.

Президент Ҳалима Яқуб мәмлекетимизге жуўап сапары менен келип атырғанын атап өтиў орынлы. Усы жылдың январь айында Өзбекстан жетекшиси Сингапурға мәмлекетлик сапар менен барған еди.

Усы жылдың басынан өз-ара товар алмасыў 6 есеге көбейди. Сингапур Өзбекстанның ең ири инвесторлары қатарына кирди. Ҳәзирги күнде транспорт, энергетика, химия ҳәм тоқымашылық санааты, қала қурылысы, билимлендириў ҳәм басқа да бағдарларда улыўма баҳасы 3,8 миллиард долларлық жойбарлар әмелге асырылмақта. Парламентлераралық алмасыўлар ҳәм мәдений-гуманитарлық байланыслар жедел раўажланбақта.

Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги

Поделиться