Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик мәселелери додаланды

2023-05-10 | Сиясат

Президент Шавкат Мирзиёев 10-май күни кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтликти арттырыў илажларының презентациясы менен танысты.

Ҳәкимшилик реформалар шеңберинде бул тараўларға министрликлер дүзилип, барлық ҳуқықый-шөлкемлестириўшилик тийкарлар жаратылды. Елимизде биринши рет минимал тутыныў қәрежетлериниң баҳасы енгизилди.

Халықтың бәнтлигин тәмийинлеў ушын шаңарақлық исбилерменликке 15 триллион сум жеңиллетилген кредит ҳәм субсидиялар, дийқаншылық ушын 200 мың гектар жер ажыратылды. Усы дәўирде 300 мыңға шамалас исбилерменлик субъекти шөлкемлестирилип, 20 мың кәрхананың жумысы кеңейтилди. Өткен жылы 1 миллион халық кәмбағаллықтан шығарылды.

Жақында қабыл етилген Конституциямызда да кәмбағаллықты қысқартыў бойынша мәмлекет өзине миннетлемелер алды.

Сол себепли мәжилисте бул бағдардағы жумысларды жаңа басқышқа алып шығыў илажлары додаланды. Бәринен бурын, Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик министрлиги аймақларда жаңаша жумыс ислеўи керек екени атап өтилди.

Потенциаллы исбилерменлерди қоллап-қуўатлап, жаңа жумыс орнын жаратыўға хошаметлеў мәселеси көрип шығылды. Буның ушын олар менен маман жумысшылар таярлаў бойынша шәртнама дүзиледи. Яғный, кәрханаларда көплеген әмелий «моноорай»лар шөлкемлестириледи. Мәмлекет оған зәрүр қаржылар ажыратыў менен бирге, инфраструктура, кредит, салық ҳәм басқа да мәселелер бойынша жеңилликлер береди. Исбилермен болса кәмбағал халықты дәраматлы жумыс пенен тәмийинлейди.

Жуўапкерлерге бул системаны барлық район ҳәм қалаларда енгизиў бойынша көрсетпе берилди.

Бизге белгили, кәмбағаллықты қысқартыў бойынша Қытайдың тәжирийбеси итибарға ийе. Оны үйрениў ҳәм жаңа көзқарасларды ислеп шығыў ушын жақында мәмлекетимиз делегациясы Қытайда болып қайтты. Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик министрлигине ол жерден экспертлер тартылды.

Енди Қытай тәжирийбеси тийкарында ҳәр бир ўәлаятта биреўден районды кәмбағаллықтан шығарыў бойынша өз алдына бағдаралама әмелге асырылатуғыны белгиленди. Онда кәмбағаллық жоқары болған районларда жол-транспорт, электр, байланыс ҳәм туризм инфраструктурасын жақсылаў, киши ҳәм орта қалаларды раўажландырыў, мәҳәллелерди санаатластырыўға итибар қаратылады.

Бас министрдиң орынбасарына буның ушын зәрүр инфраструктура мәселесин шешиў ўазыйпасы қойылды.

Усы жылы шаңарақлық исбилерменликке  13 триллион сум кредит ҳәм 1,5 триллион сум субсидиялар ажыратылып атыр. Сондай-ақ, кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтликти тәмийинлеў бойынша 37 түрдеги субсидиялар бар. Бирақ оларды ажыратыў шәртлери шаңарақлардың социаллық-экономикалық жағдайы, жойбардың өзин-өзи ақлаў мүддетине қарамастан, ҳәмме ушын дерлик бирдей. Сол себепли кредит ҳәм субсидияларды ҳәр бир кәмбағал шаңараққа айрықша көзқарас тийкарында бериў усынысы билдирилди.

Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик министрлигин халықшыл системаға айландырыў, 100 ден аслам социаллық хызметлерди тиккелей мәҳәллениң өзинде жолға қойыў бойынша тапсырмалар берилди.

Дерек: Өзбекстан Республикасы Президентиниң рәсмий веб-сайти

Поделиться