Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2025
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

Көп тәреплемели бирге ислесиўди беккемлеўде ҒМДАның әҳмийетли орны атап өтилди

2023-05-02 | Сиясат

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 1-май күни Конституция бойынша референдумды бақлаўшылар миссиясы басшылығында мәмлекетимизде болып турған Ғәрезсиз Мәмлекетлердиң Дослық Аўқамының бас хаткери Сергей Лебедевти қабыллады.

Мәмлекетимиз басшысы Дослық Аўқамының бас хаткери ҳәм миссия ағзаларына мәмлекетимиздиң барлық аймақларында жедел ислегени сондай-ақ, референдумның барысы ҳәм нәтийжелерине жоқары баҳа бергени ушын шын кеўилден миннетдаршылық билдирди.

Абырайлы регионаллық шөлкемниң басшысы, өз гезегинде, Өзбекстан жетекшиси ҳәм көп миллетли халқын референдум процесслериниң жоқары халықаралық талаплар менен стандартларға муўапық табыслы шөлкемлестирилгени менен қызғын қутлықлады.

Референдум жуўмақлары Жаңа Өзбекстанды қурыў ҳәм мәмлекетимизде демократиялық жаңаланыўларды даўам еттириўде әҳмийетли басқыш болатуғынына исеним билдирилди.

Ушырасыўда өз-ара пайдалы, бәринен бурын, саўда-экономикалық, санаат ҳәм транспорт тараўларындағы бирге ислесиўди беккемлеўде ҒМДАның әҳмийетли орны атап өтилди. Дослық Аўқамы мәканында инвестициялар жедел пәт пенен өсип атырғаны атап өтилди, усы жылдың март айында Самарқанд қаласында болып өткен Сыртқы ислер министрлери кеңеси мәжилисиниң пайдалы нәтийжелери жоқары баҳаланды.

Жедел гуманитарлық алмасыўларды буннан былай да даўам еттириўге айрықша итибар қаратылды.

Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги

Поделиться