Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
Өзбекстан халқына Рамазан ҳайыты қутлықлаўы
2023-04-20 | Сиясат
Қәдирли ўатанласлар!
Дүньядағы пүткил ислам үммети қатары елимиздиң мусылманлары да үлкен қуўаныш пенен күтип алып атырған уллы әййям – Рамазан ҳайыты менен сиз, әзизлерди, пүткил халқымызды шын кеўилден қутлықлап, бәршеңизге өзимниң жоқары ҳүрметим ҳәм қызғын тилеклеримди билдириўден оғада қуўанышлыман.
Қәлблеримиз қуўаныш ҳәм жақсылық нурына толып турған бахытлы демлерде бәринен бурын, мине, усындай қутлы ҳәм нурлы күнлерге ел-халқымыз бенен биргеликте саў-аман жеткергени ушын Жаратқанға шүкиршиликлер айтамыз.
Халқымыз әзелден адамгершилик, мийрим-шәпәәт, қайыр сақаўат ҳәм кеңпейиллик белгиси сыпатында қәдирлеп келетуғын Рамазанға быйыл да пуқта таярлық көрилип, оны мүнәсип өткериў бойынша тийисли илажлар әмелге асырылды. Бул болса мусылманларымыз ушын барлық диний ибадатларды берекетли ҳәм мазмунлы өткерип, усы мүбәрек айдың пазыйлетлеринен толық пайдаланыў имканиятын берди. Әсиресе, мыңлаған ўатанласларымыз еки муқаддес қала – Мекке ҳәм Мадинаға барып, усы Рамазан күнлеринде Умра әмеллерин орынлаў бахтына миясар болғаны дыққатға ылайық.
Биз булардың бәршесин динин пәк сақлап, пәк нийетлер менен жасап киятырған халқымызға Алла тааланың шексиз мәрҳамәты сыпатында қабыллаймыз.
Әзиз ўатанласлар!
Жаңа Өзбекстанды қурыў процесинде турмысымыздың барлық тараўлары қатары диний бағдардағы жумысларымыз да жаңа басқышқа көтерилип бармақта. Кейинги жыллары сизлер менен бирге бул бағдарда үлкен жумысларды әмелге асырып атырғанымыз халқымызға, жәмийетшилигимизге жақсы белгили.
Әсиресе, елимизде Имам Бухарий, Имам Термизий, Имам Мотуридий халықаралық илимий-изертлеў орайларының жумыс баслағаны, Бухарада Мир Араб жоқары медресисине, Самарқандта Ҳәдис илими мектебине тийкар салынғаны, Қашқадәрьяда Абу Муин Насафий, Наманганда Султан Увайс Қараний зыярат етиў орынлары, Ташкент қаласында Сузук ата комплексиниң жаңадан қурылғаны, онлаған саўлатлы мешитлер, диний билим мәкемелериниң қурылғаны, зыярат етиў дәргайларының абат етилгени мәнаўий-руўхый турмысымызда айрықша жарқын бет болып қалады.
Ең әҳмийетлиси, бундай кең көлемли жумысларымыз Өзбекстандағы Ислам цивилизациясы орайы, Имам Бухарий естелик комплекси сыяқлы саўлатлы естеликлер қурылысы мысалында жедел даўам еттирилмекте.
Мусылманларымызға ибадат әмеллерин емин-еркин орынлаўы ушын және де қолайлы шараятлар жаратылмақта. Бул ҳаққында сөз болғанда, умра зыяраты бойынша квота бийкар етилгени, ҳаж зыяратына барыўшылар санының 3 есеге арттырылғанын атап өтиў зәрүр. Атап айтқанда, тек ғана усы жылдың өткен дәўиринде 31 мыңнан аслам ўатанласларымыз Мекке ҳәм Мадинада муқаддес ибадатларын орынлап, ел-халқымызға жақсы нийетлер тилеп қайтқанын атап өтиў орынлы.
Ҳәзирги ўақытта елимиздеги мәмлекетлик ҳәм мәмлекетлик емес шөлкемлер тәрепинен муқаддес зыяратлаў орынлары абаданластырылып, жәрдемге мүтәж адамлар, кем тәмийинленген шаңарақларға материаллық ҳәм руўхый жәрдем көрсетилип атырғаны да Рамазан айының әҳмийети ҳәм берекетин арттырыўға хызмет етпекте.
Олардың барлығы мәмлекетимизде ҳүждан еркинлигин тәмийинлеў, диний-ағартыўшылық қәдириятларды тиклеў ҳәм қәдирлеў жолында алып барылып атырған ҳәрекетлердиң әмелий белгиси болып, биз бундай саўаплы ислерди келешекте де үзликсиз даўам еттиремиз.
Ҳүрметли дослар!
Биз жанажан Ўатанымызда тынышлық ҳәм татыўлық, аўызбиршилик ҳәм тилеклесликти сақлаў, халқымыздың турмысын және де еркин, абат ҳәм абадан етиўди мақсет еткенбиз, өткен дәўир даўамында ерискен барлық жетискенликлеримиз, соның ишинде, ҳүждан ҳәм исеним еркинлигин тәмийинлеў бағдарындағы унамлы өзгерислерди ҳәр тәреплеме беккемлеп барыўымыз керек екенлигин, оны ҳәзирги ҳәм келешектеги раўажланыўымыз талап етип атырғанын ҳәммемиз жақсы түсинемиз, әлбетте.
Пурсаттан пайдаланып, бүгин Өзбекстанда алып барылып атырған, инсан қәдири, оның ҳуқықлары менен еркинликлери, турмыслық мәплерин тәмийинлеўге қаратылған реформаларымыздың және де нәтийжели ҳәм даўамлы болыўы ушын жан күйдирип, өз тәғдири менен келешегине терең жуўапкершилик ҳәм байланыслылық туйғысы менен жасап, пидайы мийнет етип атырған барлық ўатанласларымызға, көп миллетли пүткил халқымызға шын кеўилден миннетдаршылық билдиремен.
Әзиз ҳәм қәдирли ўатанласлар!
Усы көтериңки демлерде дүнья мусылманларын, дос ҳәм бирге ислесиўшилеримизди Рамазан байрамы менен қызғын қутлықлап олардың мәмлекетлери ҳәм халықларына тынышлық-турақлылық, раўажланыў ҳәм абаданлық тилеймиз.
Шаңарақ дөгерегинде, мәҳәллелерде мүбәрек Ийд-әл-фитр әййямын қуўаныш пенен күтип алып атырған сиз ўатанласларымды және бир мәрте қутлықлап, бәршеңизге саламатлық, бахыт-ығбал, шаңарақларыңызға қут-берекет тилеймен.
Нийети пәк, мақсетлери уллы халқымыздың арзыў-үмитлери жүзеге шықсын!
Рамазан ҳайыты бәршемизге мүбәрек болсын!
Шавкат Мирзиёев,
Өзбекстан Республикасы Президенти
Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги