Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
Өзбекстан Президенти Түркменстан Президенти менен әмелий бирге ислесиўди раўажландырыўдың әҳмийетли мәселелерин додалады
2023-04-17 | Сиясат
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 15-апрель күни Түркменстан Президенти Сердар Бердимуҳамедов пенен телефон арқалы сөйлести.

Өзбекстан Президенти Түркменстан Президентине аўыр жоғалтыўға ушырағаны – апасы, ҳүрметли Огулабат эдже Бердимуҳамедова қайтыс болғаны мүнәсибети менен шын жүректен кеўил билдирди.
Сөйлесиўде Өзбекстан-Түркменстан стратегиялық шериклик қатнасықларын және де беккемлеў ҳәм жоқары дәрежедеги келисимлерге муўапық әмелий бирге ислесиўди кеңейтиў мәселелери көрип шығылды.
Жақында өткерилген Ҳүкиметлераралық комиссия мәжилиси, сыртқы сиясий уйымлар, транспорт, мәденият министрликлери шеңбериндеги ушырасыўлар ҳәм басқа да илажлардың жемисли нәтийжелери унамлы баҳаланды.
Саўда-экономикалық бирге ислесиў мәселелери, бәринен бурын, «Шават-Ташаўыз» шегараалды саўда зонасын шөлкемлестириў, экономиканың тийкарғы тармақларында кооперация жойбарларын әмелге асырыў, жедел мәдений-гуманитарлық алмасыўларды даўам еттириўге айрықша итибар қаратылды.
Мәмлекет басшылары болажақ илажлар режесин де додалап, бир-бирин жақынласып киятырған Рамазат ҳайыты менен қутлықлады, жақсы тилеклер билдирди.
Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги