Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

Ыссылық тәмийнаты бойынша усыныслар көрип шығылды

2023-04-04 | Сиясат

Президент Шавкат Мирзиёев 3-апрель күни социаллық тараў объектлериниң ысытыў системаларын модернизациялаў илажларын додалаў бойынша мәжилис өткерди.

Ҳәзирги күнде 15 мың социаллық тараў объектинде ысытыў системалары оңлаўға мүтәж. Ақыбетте оларда ыссылық энергиясының 35 проценти шығынға ушырамақта, ыссылық температурасы нормаға қарағанда 2 есеге төмен.

Соның ушын Бостан районында ысытыў системасын жеке меншик шериклик тийкарында жаңалаў ҳәм басқарыў бойынша тәжирийбе өткерилген еди. Ысытыў қазанлары заманагөйлерине алмастырылған ҳәм тармақлар модернизацияланып, жеке меншик басқарыўға берилген. Нәтийжеде энергияның жумсалыўы азайып, имаратлардың ишиндеги температура көтерилген. Әсиресе, өткен қыстағы аномал суўық дәўиринде де объектлерде турақлы температура сақлап турылған.

Мәжилисте бул тәжирийбени ғалаба ен жайдырыў бойынша усыныслар додаланды. Оған бола, ысытыў системасы исбилерменлерге 10 жылға басқарыўға бериледи ҳәм олардың хызметлери мәмлекет тәрепинен сатып алынады. Тармақларды модернизациялаў ушын зәрүр қаржының ярымы бюджеттен, ярымы жеке меншик шерик есабынан ажыратылады. Ысытыў қазанларын ислеп шығарыўға керекли комплектлеўши бөлеклер еки жыл мүддетке бажыхана бажысынан азат етиледи.

Мәмлекетимиз басшысы бул усынысларды мақуллап, шөлкемлестириў ҳәм қаржы мәселелери бойынша көрсетпелер берди.

Жуўапкерлерге район ҳәм қалалардағы социаллық объектлердиң ысытыў системаларын хатлаўдан өткерип, басқышпа-басқыш жаңалаў, оларды басқарыўға потенциаллы исбилерменлерди тартыў тапсырылды. Имаратларда энергия шығынын азайтыў, ыссылықты сақлаў илажларын көриў зәрүр екенлиги атап өтилди. Инвесторлардың қатнасыўында энергия үнемлеўши ысытыў қазанларын ислеп шығарыўды жолға қойыў бойынша тапсырма берилди.

Мәжилисте көмир тәмийнаты мәселесине де тоқтап өтилди.

Соңғы жыллары елимизде көмир қазып шығарыў 3 миллион тоннадан 5,4 миллион тоннаға артқан. Быйыл болса дерлик 6 миллион тонна қазып алыў режелестирилген. Бирақ көмирге талап буннан әдеўир көп.

Президентимиз перспективалы кәнлерди өзлестириўге жеке меншик секторды ҳәм жаңа технологияларды тартыў, көмирдиң сапасын арттырыў бойынша көрсетпелер берди.

Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги

Поделиться