Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
Инвестиция, экспорт ҳәм халықаралық бирге ислесиў мәселелери додаланды
2023-03-28 | Сиясат
Президент Шавкат Мирзиёев 27-март күни инвестиция, экспорт ҳәм халықаралық бирге ислесиў мәселелери бойынша мәжилис өткерди.
Мәмлекетимиздеги қолайлы бизнес орталығы нәтийжесинде соңғы жыллары сырт ел кәрханаларының саны 5 мыңнан 16 мыңға көбейди. Ҳәр бир район ҳәм қалаға тиккелей сырт ел инвестициялары кирип келди.
Экспорт етиўши кәрханалар саны бес жылда 4 мың 500 ден 7 мың 200 ге шекем көбейди. Экспорт етилип атырған өним түрлери де 1 мың 500 ден дерлик 3 мыңға шекем артып, географиясы 139 мәмлекеттен 164 ке жетти. Таяр өним экспорты 2 есеге, олардың товарлар экспортындағы үлеси 50 проценттен 65 процентке асты.
Бул пәтти избе-из даўам еттирип, усы жылы дерлик 11 миллиард доллар тиккелей сырт ел инвестицияларын өзлестириў режелестирилген. Аймақларда 23 миллиард долларлық 12 мың жаңа жойбар, соның ишинде, 3 мыңнан аслам санаат жойбарларының иске қосылатуғыны белгиленген.
Енди оларды әмелге асырып, халықтың мәпине қаратыў керек.
Мәжилисте жуўапкерлер бул бағдардағы жумыслар бойынша есабат берди. Жылдың басынан 764 миллион доллар сырт ел инвестициясы өзлестирилген, 1 мың 300 ири ҳәм орташа жойбарлар иске қосылағаны атап өтилди. Экспорт 3 миллиард долларды қураған.
Мәмлекетимиз басшысы бул нәтийжелердиң жетерли емеслигин, жер жүзиндеги ҳәзирги қурамалы жағдайда еки есе көбирек ҳәрекет етиў керек екенлигин атап өтти.
Үскенелерди алып келиў, жергиликли өнимлерди сыртқы базарларға алып шығыўда логистика мәселелери күннен-күнге әҳмийетли болып бармақта. Бул жағдайда сырт ел инвестицияларын тартыў да қыйынласпақта. Анық жойбарлар ҳәм инфраструктура мәселеси де әҳмийетли.
Соның ушын Президентимиз иске қосылатуғын жойбарлардың орынланыўын аймақлар ҳәм тармақлар кесиминде күнлик қадағалап, машқалаларды шешип барыў зәрүр екенлигин атап өтти. 304 ири ҳәм 3 мың аймақлық жойбарлардың иске қосылыўы нәтийжесинде усы жылдың өзинде 10 триллион сумлық өнимлер ислеп шығарыў ҳәм 200 миллион долларлық экспорт етиў имканиятлары бар.
Сыртқы базарларды турақлы таллап, жаңа базарларды өзлестириў, жаңа транспорт жолларын табыў бойынша көрсетпелер берилди. Бәсеки күшейип баратырған ҳәзирги ўақытта өнимлердиң сапасын арттырыў ҳәм өзине түсер баҳасын түсириў зәрүр екенлиги атап өтилди.
Жоқары технологиялық ҳәм қосымша қунлы өнимлерди локализацияластырыўға қаратылған жойбарларды қаржыландырыў системасын енгизиў, Инвестициялар, санаат ҳәм саўда министрлигинде Санаат сиясаты изертлеўлери орайын шөлкемлестириў бойынша тапсырмалар берилди.
Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги