Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
Мәҳәлле системасы хызметкерлери күни мүнәсибети менен бир топар ўатанласларымызды сыйлықлаў ҳаққында
2023-03-22 | Ҳүжжетлер
Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманы
Мәмлекетимизде өзин-өзи басқарыў уйымларының жумысын жаңа басқышқа көтериў арқалы пуқаралық жәмийетин және де раўажландырыў, инсан қәдирин улығлаўға қаратылған ийгиликли принцип тийкарында мәҳәллениң орны ҳәм абырайын арттырыў, елимизде кең көлемли реформаларды табыслы әмелге асырыў, халықты социаллық жақтан қоллап-қуўатлаў бағдарындағы үлкен хызметлери, халқымыз арасында өз-ара аўызбиршиликти беккемлеў, көп әсирлик дәстүрлеримизди қәстерлеп сақлаў, руўхый орталық турақлылығын тәмийинлеў ҳәм шаңарақларда саламат турмыс тәризин үгит-нәсиятлаў, перзентлеримизди ана Ўатанға муҳаббат, миллий қәдириятларға ҳүрмет руўхында тәрбиялаў жумысларына қосқан мүнәсип үлеси ушын төмендегилер сыйлықлансын:
Қарақалпақстан Республикасы бойынша:
«Меҳнат шуҳрати» ордени менен
Нийетуллаев Тенгелатдин Сейдуллаевич – Бозатаў районындағы «Еркиндәрья» аўыл пуқаралар жыйынының кекселер мәсләҳәт топарының белсендиси
«Дўстлик» ордени менен
Бегмуратов Жумабай Нургелдиевич – Төрткүл районындағы «Аққамыс» аўыл пуқаралар жыйынының баслығы
«Шуҳрат» медалы менен
Рахимова Нигара Атабековна – Елликқала районы «Қырыққызабад» мәҳәлле пуқаралар жыйынындағы кәсип-өнерге оқытыў орайы өндирислик тәлими устасы, тигиўши
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2023-жыл 22-март
Дерек: ӨзА