Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
Мәмлекетимиз ҳаял-қызлары ушын мүнәсип шараят жаратып бериў – бәрқулла итибарымыз орайында
2023-03-07 | Сиясат
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Халықаралық ҳаял-қызлар күнине бағышланған салтанатлы мәресимдеги шығып сөйлеген сөзи
Ассалаўма әлейкум, ҳүрметли аналар!
Қәдирли апа-қарындаслар!
Дилбар қызларым!
Бәринен бурын, сиз, әзизлерди, сизлердиң тымсалыңызда пүткил Өзбекстан ҳаял-қызларын 8-март байрамы менен шын кеўлимнен қутлықлайман. Ҳәммеңизге өзимниң жоқары ҳүрметим ҳәм жақсы тилеклеримди билдиремен.
Биз бул уллы байрамды ҳәмийше асығыслық пенен, үлкен қуўаныш ҳәм толқынланыў менен күтемиз. Себеби бул көтериңки әййям елимизге жасарыў ҳәм жаңаланыў мәўсимин –нәўбәҳәр пасылын баслап келеди. Бул байрам кеўлимиздеги сиз, әзизлерге болған шын кеўилден ҳүрмет ҳәм иззетимизди, меҳир-муҳаббатымызды және бир мәрте билдириўге имканият береди.
Бүгин ҳәр биримиз шексиз миннетдаршылық сезими менен Жаратқанның уллы жаратылысы болған ҳаялға – меҳрийбан аналарымыз, қәдирли апа-қарындасларымыз, сулыў қызларымыздың атына ең гөззал сөзлеримизди айтыўымыз тәбийғый болып табылады.
Биз сизлерди бәринен бурын пидайылық тымсалы деп билемиз. Меҳри дәрья қәлбиңиз, ақыл-зийреклигиңиз, муҳаббат ҳәм садықлығыңыз ушын сизлерден бир өмир қарыздармыз.
Жаңа Өзбекстанды қурыўда, Үшинши Ренессанс дөретиўшиси болған жас әўладты тәрбиялаўда сизлерге, сизлердиң уллы тәрбияшылық пазыйлетлериңизге сүйенемиз.
Қәдирли апа-қарындаслар!
Биз еркин ҳәм абадан, демократиялық, дүньяға ашық мәмлекетти қурыўда пүткил халқымыз қатарында ҳаял-қызларымыз да шексиз үлес қосып атырғанын әлбетте жоқары қәдирлеймиз.
Бул бағдарда тек ғана айырым санларды келтирип өтиўге руқсат еткейсиз.
Ҳәзирги ўақытта елимизде пидайыларша мийнет етип атырған ҳүрметли ҳаял-қызларымыздың үлеси медицинада – 77 процентти, билимлендириў тараўында – 74 процентти, экономика ҳәм санаат тармақларында болса 46 процентти қурамақта.
Егер 2017-жылы ҳаял-қызлардың басқарыў тараўындағы үлеси 27 процент болған болса, ҳәзирги күнде 33 процентке, сиясий партиялар қатарында 40 проценттен – 47 процентке, исбилерменликте 21 проценттен – 37 процентке жетти.
Билимли, интакер ҳәм белсенди ҳаял-қызларымыздан 2 мыңға шамаласы мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик шөлкемлерде басшылық лаўазымларында хызмет етпекте. Атап айтқанда, Олий Мажлис Нызамшылық палатасы депутатларының 33 проценти, Сенат ағзалары сондай-ақ, жергиликли кеңеслер депутатларының 25 проценти ҳаял-қызлар екенин атап өтиў зәрүр.
Ўатанымыз ҳәм халқымыздың алдындағы мүнәсип хызметлери ушын ҳаял-қызларымыздан 17 си ең жоқары сыйлық – «Өзбекстан Қаҳарманы» атағы менен сыйлықланған. Ҳаял-қызларымыз арасында 5 академик, жоқары билимлендириў мәкемелериниң өзинде 700 ден аслам илим докторы, дерлик 3 мың илим кандидаты, сондай-ақ, «Өзбекстан халық шайыры», «Халық артисти», «Халық муғаллими» ҳәм басқа да ҳүрметли атақларға ерискен көплеген ҳаял-қызларымыз бар.
Бундай жанкүйер апа-қарындасларымызды Жаңа Өзбекстанның алтын фонды, десек, ҳәр тәреплеме дурыс болады.
Ҳүрметли әнжуман қатнасыўшылары!
Мәмлекетимизде ҳаял-қызлардың турмысы ҳәм мийнет шараятларын жақсылаў, оларға байланыслы социаллық машқалаларды шешиўге тийкарғы әҳмийет қаратылмақта.
Усы мақсетте өткен жылы 872 мыңнан аслам ҳаял-қызлардың бәнтлиги тәмийинленди. 233 мыңнан көбирек ҳаял-қызларға 4 триллион 700 миллиард сум кредит ажыратылды. 252 мыңнан аслам апа-қарындасларымыз мийнет базарында талап жоқары болған кәсип-өнерлер ҳәм исбилерменликке оқытылды.
Хабарыңыз бар, биз халқымыз, әсиресе, апа-қарындасларымызды көптен берли қыйнап киятырған турақ жай машқаласын шешиў мақсетинде үлкен бағдарламаларды әмелге асырмақтамыз. Егер 2017-жылы мәмлекетимиз бойынша дерлик 8 мың квартиралы 191 көп қабатлы турақ жай қурылған болса, өткен жылы – усыған итибар бериўиңизди сорайман – 56 мың квартиралы 1433 турақ жай қурылды. Быйыл болса және 90 мың хожалық ушын турақ жайлар қурылады.
Өткен жылы 14 мыңға шамалас апа-қарындасларымыздың турақ жай шараяты жақсыланды, дерлик 7 мың жәрдемге мүтәж ҳаял-қызларға ижара төлемлери қаплап берилди.
Мине, усындай ийгиликли жумысларымыз арқалы қанша хожалықларға қуўаныш ҳәм шадлық киргени, қаншадан-қанша адамлардың турмыс дәрежеси ҳәм сапасы түп-тийкарынан өзгергени, мыңлаған ҳаял-қызларымыздың руўхы көтерилип, олардың ертеңги күнге исениминиң беккемленгени биз ушын ең әҳмийетли нәтийже.
Соңғы жыллары «Ҳаял-қызлар дәптери» шеңберинде де үлкен илажлар әмелге асырылмақта. Қысқа мүддетте дерлик 642 мың апа-қарындасларымызға әмелий жәрдем көрсетилгени бул бағдардағы жумысларымыздың көлеминен дәрек береди.
Ҳаял-қызлардың саламатлығын сақлаў, аналықты ҳәм балалықты қорғаў, миллий генофондты жақсылаў мақсетинде өткен жылы 9 миллион ҳаял медициналық тексериўден өткерилди. Олардың 3 миллионнан асламы амбулатор, 347 мыңы болса стационар шараятта емленди.
Елимизде ҳаял-қызлардың сапалы тәлим-тәрбия алыўына айрықша итибар қаратылмақта. Ойшыл жадид бабамыз Абдурауф Фитраттың сөзи менен айтқанда, «Аналар – пүткил адамзаттың тәрбияшыларынан».
Ҳақыйқатында да, шаңарақта бир қыз оқып, жоқары мағлыўматқа, заманагөй кәсип-өнерге ийе болса, шаңарағындағы орталық пүткиллей өзгереди. Биз усы мақсетте ҳаял-қызлар билимлендириўин қоллап-қуўатлаў бойынша әҳмийетли бағдарламаны қабыл еттик.
Салыстырыў ушын бир мысал келтирмекшимен.
Егер буннан 6 жыл алдын жоқары оқыў орынларында 110 мың ҳаял-қыз оқыған болса, ҳәзирги күнде бул сан дерлик 5 есеге көбейип, 500 мыңды қурамақта. Бул бойынша қызларымыздың үлеси 50 процентке жеткени тарийхымызда мисли көрилмеген нәтийже болып есапланады.
Жаңа тәртипке муўапық, магистратурада оқып атырған 10 мыңнан артық студент қызлар ушын 68 миллиард сумнан аслам контракт пуллары мәмлекет тәрепинен төлеп берилди. 65 мыңнан көбирек студент ҳаял-қызларға 727 миллиард сумға шамалас процентсиз тәлим кредити ажыратылды.
Жәрдемге мүтәж шаңарақларда жасап атырған дерлик 2 мың қыз, сондай-ақ, қәнигелиги бойынша бес жыллық мийнет стажына ийе болған 500 ден аслам ҳаял-қызларымыз жоқары билимлендириў орынларына өз алдына квота тийкарында оқыўға қабыл етилди.
Жер жүзинде терең экономикалық кризис даўам етип атырған ҳәзирги күнде, қаншелли қыйын болмасын, зәрүр қаржы ҳәм имканиятларды таўып әмелге асырып атырған бундай ҳәрекетлеримиз әлбетте, өзиниң нәтийжесин береди. Жоқары оқыў орынларында билим алып атырған ҳаял-қызларымыздың арасынан илим, сиясат ҳәм жәмийетлик ғайраткерлер, белгили мәденият ҳәм көркем өнер, спорт шеберлери жетисип шығатуғынына исенемен.
Әзиз апа-қарындаслар!
Кейинги жыллары Өзбекстан ҳаял-қызларының ҳаўазы халықаралық минберлерден де исенимли жаңлап атырғаны барлығымызды қуўандырады. Олар регионаллық ҳәм халықаралық структуралар, абырайлы форум ҳәм әнжуманларда белсене қатнасып атырғанынан хабарыңыз бар.
Бул ҳаққында сөз болғанда, мәмлекетимиздиң басламасы менен 2020-жылы Орайлық Азия мәмлекетлериниң жетекши ҳаял-қызларының пикирлесиўине тийкар салынғанын атап өтиў тийис. Өткен жылы болса Ташкентте Шанхай бирге ислесиў шөлкеминиң Ҳаял-қызлар форумы болып өтти. Булардың барлығы ҳаял-қызлар машқалаларын регионаллық ҳәм халықаралық көлемде додалаў, оларды шешиў бойынша жаңа басламаларды алға қойыў имканиятын бермекте.
Пурсаттан пайдаланып, бүгинги илажымызда қатнасып атырған, мине, усындай ҳәрекетлеримизди қоллап-қуўатлап киятырған сырт еллердиң ҳүрметли елшилери ҳәм халықаралық шөлкемлердиң ўәкиллерин де қызғын қутлықлайман. Барлығымыз шын кеўилден олардың мәмлекетлери ҳәм халықларына тынышлық ҳәм абаданлық тилеймиз.
Қәдирли ўатанласлар!
Усы жерде кеўлимдеги бир ийгиликли пикирди сиз, әзизлерге айтыўда керек деп билемен.
Биз Өзбекстанда қандай нызам ҳәм қарарларды қабыл етпейик, қандай реформаларды турмысымызға енгизбейик, мәмлекет басшысы сыпатында мениң көз алдымда бәринен бурын әзиз аналарымыз, меҳрийбан апа-қарындасларымыз тымсалы, олардың дәрти менен тәшўишлери турады.
Сиз, әзизлеримниң шаңарақ дөгерегинде тыныш-аман, саў-саламат, абадан ҳәм бахытлы турмыс кешириўиңиз ушын хызмет етиўди мен өзим ушын тек ғана тийкарғы ўазыйпа деп емес, ал мақтанышлы миннет, деп билемен. Себеби шаңарақтың сүйениши, жәмийеттиң үстини болған аналарымыз, ҳаял-қызларымыз турмыстан разы болса, пүткил халқымыз турмыстан разы болады. Халық разы болса, Жаратқанымыз да разы болады.
Хабарыңыз бар, республикалық ҳаял-қызлар шөлкеми ҳәзирги ўақытта Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитети сыпатында жаңаша мазмунда жумыс алып бармақта.Комитеттиң ўәкиллик ҳәм жумыс шеңбери кеңейтилип, оның қурамына билимли ҳәм жоқары тәжирийбели жаңа кадрлар тартылды. Соның ишинде, биринши мәрте төменги буўында – 9 мың 400 ден аслам мәҳәлледе ҳаял-қызлар машқалаларын шешиўе жәрдемлесетуғын ҳаял-қызлар белсендиси лаўазымлары енгизилди.
Булардың барлығы Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитетин Өзбекстан ҳаял-қызларының ҳақыйқый таянышы ҳәм сүйенишине айландырыўға хызмет етеди.
Қәдирли ўатанласлар!
Ҳәммемизге белгили, ҳәр қыйлы тараўларда дәслепки әҳмийетли нәтийжелерге ерисип, жасларымызға үлги болып атырған талантлы қызларымызды усы қутлы байрам алдында Зульфия атындағы мәмлекетлик сыйлық пенен сыйлықлаў жақсы дәстүримизге айланған. Бүгин Зульфияханымға мүнәсип избасар сыпатында тән алынған 28 ақыллы ҳәм талантлы қызларымызға мине, усы сыйлықларды тапсырамыз.
Сиз, әзиз қызларымды өмириңиздеги биринши жетискенлик пенен шын кеўилден қутлықлап, бәршеңизге жаңа табыслар тилеймен.
Бүгинги қуўанышлы күнде өз тараўында үлгили нәтийжелерге ерискен, мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик турмыста белсене қатнасып, жас әўладты ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаўға мүнәсип үлес қосып киятырған ҳүрметли ҳаял-қызларымыздан үлкен бир топары мәмлекетимиздиң жоқары орден ҳәм медалларына миясар болды.
Пурсаттан пайдаланып, олардың барлығын қызғын қутлықлайман.
Әзиз ҳәм қәдирли ўатанласлар!
Ҳәзирги оғада аўыр ҳәм қурамалы заманда биз өз алдымызға үлкен ўазыйпаларды қоймақтамыз. Оларды орынлаў әлбетте, аңсат болмайды. Бирақ, бул мақтанышлы жолда бизге шексиз күш ҳәм жигер беретуғын мәрт ҳәм уллы мәртебели халқымыз, қәдирли аналарымыз, әзиз апа-қарындасларымыз бар екен, гөзлеген уллы мақсетлеримизге әлбетте жетемиз.
Жаңа Өзбекстанды барлығымыз биргеликте қурамыз!
Сизлерге, пүткил елимиздиң ҳаял-қызларына саў-саламатлық, шаңарақлық бахыт, шаңарақларыңызға қут-берекет тилеймен.
Қутлы байрамыңыз мүбәрек болсын!
Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги