Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
Жадидлер мийрасын үйрениўге бағышланған Халықаралық конференция қатнасыўшыларына
2023-03-07 | Сиясат
Ҳүрметли конференция қатнасыўшылары!
Қәдирли мийманлар!
Бәринен бурын, сизлерди жадид ағартыўшыларының өмири ҳәм жәмийетлик жумысы, илимий-дөретиўшилик мийрасын үйрениўге бағышланған халықаралық конференцияның ашылыўы менен қутлықлайман.
Бул абырайлы әнжуманды шөлкемлестириў ҳәм өткериўде бизди қоллап-қуўатлаған Түркий мәмлекетлер шөлкеми, ТҮРКСАЙ, Халықаралық түрк академиясы, Түрк мәденияты ҳәм мийрасы халықаралық фонды, Түркий мәмлекетлер парламентлери ассамблеясының басшылары менен ўәкиллерине, барлық сырт ел илимпазларына шын кеўлимнен миннетдаршылық билдиремен.
Әзиз дослар!
XIX әсирдиң ақыры ҳәм XX әсирдиң басларында бир қатар шығыс ҳәм мусылман мәмлекетлеринде пайда болған жадидшилик ҳәрекети Түркстан үлкесинде терең тарийхый тамырларға ийе. Елимиз үлкен жәмийетлик-сиясий әҳмийетке ийе бул процесслерде шетте қалмағаны керисинше, бул ҳәрекеттиң орайларынан бирине айланғанын атап өтиў орынлы.
Өз заманының алдыңғы ғайраткерлери болған жадидлер оғада қурамалы ҳәм қыйын шараятта билим ҳәм ағартыўшылықты тарқатыў, тәлим-тәрбия тараўын түпкиликли реформалаў арқалы миллий раўажланыўға ерисиў идеясы менен ортаға шықты.
Усы мақсетте өз қаржылары есабынан мектеп ҳәм театрлар, баспа ҳәм китапханалар, газета ҳәм журналлар шөлкемлестирди, қәбилетли жасларды шет еллерге оқыўға жиберди. Олардың бул уллы басламалары ҳәм ҳәрекетлери жәмийетлик турмыста үлкен бурылыс жасап, қүдиретли толқынға айланды.
Тарийхта еки уллы Ренессансқа тийкар болған регионымызда үшинши Ренессансты жадид бабаларымыз әмелге асырыўы мүмкин еди, деп ойлайман. Тилекке қарсы, езиўши дүзим олардың ийгиликли идеялары менен әмелий ҳәрекетлерин толық жүзеге шығарыўға имканият бермеди.
Биз бүгин мәмлекетимизде еркин пуқаралық жәмийети, ҳуқықый демократиялық мәмлекет қурып, жадид бабаларымыздың гуманистлик көзқарасларына сүйенемиз, олардың мийрасынан руўхый күш-қуўат аламыз.
Елимизде езиўши дүзим дәўиринде сиясий репрессияға ушыраған ата-бабаларымыздың естелигин мәңгилестириў бойынша үлкен жумыслар әмелге асырылмақта. 31-август – Репрессия қурбанларын еслеў күни сыпатында кеңнен белгиленбекте. «Шейитлер естелиги» естелик комплекси, Репрессия қурбанлары естелиги мәмлекетлик музейи ҳәм оның аймақлық бөлимлери жумыс алып бармақта. Жадидшилик ҳәрекети тарийхына байланыслы илимий изертлеўлер, көркем шығармалар, кинофильмлер көплеп жаратылмақта. Уллы ағартыўшыларымыздың атлары менен аталатуғын естелик комплекслери, билимлендириў мәкемелери, музейлер, бағ ҳәм парклер қурылмақта.
Өткен үш жыл даўамында Өзбекстан Жоқары суды тәрепинен репрессия қурбаны болған төрт жүзден аслам ўатанласларымыздың атлары ақланды. Олардың айырым бөлегин жадидшилик ҳәрекети ўәкиллери қурайтуғыны итибарлы тәрепи болып есапланады.
Ҳүрметли дослар!
Биз мәрипатшы бабаларымыздың муқаддес әрманларын жүзеге шығарыў ушын мәмлекетимизде жаңа Ренессанс тийкарын жаратыўды стратегиялық ўазыйпа етип белгилегенбиз. Усы мақсетте илим, тәлим-тәрбия, мәденият тараўларында түпкиликли реформаларды әмелге асырмақтамыз.
Бул бағдарда бәринен бурын билимлендириў системасын заман талаплары тийкарында шөлкемлестириў, муғаллим ҳәм тәрбияшылардың жәмийетимиз турмысындағы орны ҳәм тәсирин күшейтиўге баслы әҳмийет қаратпақтамыз.
Кейинги алты жылда республикамызда мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлериниң саны дерлик 6 есеге көбейип, 4988 ден 29420 ға, жоқары оқыў орынларының саны болса 77 ден 213 ге жеткерилди. Елимизде жаңа түрдеги Президент мектеплери, дөретиўшилик мектеплери, қәнигелескен мектеплердиң жумысы жолға қойылмақта.
Перзентлеримизди ҳәр тәреплеме жетик, миллий ҳәм улыўма адамгершилик қәдириятларға садық инсанлар етип тәрбиялаўда раўажланыўды сүйгиш ата-бабаларымыздың ақыл-парасаты, ерк-ықрары ҳәм жигерлилиги ҳәммемиз ушын үлги мектеби болып хызмет етеди.
Биз халықаралық илимий орайлар, дүнья илимпазлары менен биргеликте жадидлер жумысын және де терең үйрениўди әҳмийетли ўазыйпа деп есаплаймыз. Бул бийбаҳа мийрас арқалы ҳәзирги күнде инсаниятты тәшўишке салып атырған жүдә көп сораўларға дурыс жуўап таба аламыз. Бул бийбаҳа байлықты қанша жедел үгит-нәсиятласақ, халқымыз, әсиресе, жасларымыз ҳәзирги күнги тыныш ҳәм еркин өмирдиң қәдирин түсинип жетеди.
Әнжуманның барлық қатнасыўшыларына саў-саламатлық, жаңа дөретиўшилик жетискенликлер, конференция жумысына болса табыслар тилеймен.
Шавкат Мирзиёев,
Өзбекстан Республикасы Президенти
Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги