Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2025
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

Қайта тиклениўши энергия дәреклерин кеңейтиў бойынша көрсетпелер берилди

2023-02-28 | Экономика

Президент Шавкат Мирзиёев 27-февраль күни қайта тиклениўши энергия дәреклерин кеңейтиў илажлары бойынша мәжилис өткерди.

Кейинги жылларда энергетика пүткил дүнья жүзинде әҳмийетли мәселеге айланып бармақта. Сол себепли потенциаллы мәмлекетлер оның альтернатив жолларын излемекте. Бүгин дүнья энергетикасында «жасыл энергетика» үлеси дерлик 30 процентке жеткен, айырым Европа мәмлекетлеринде 80-90 проценттен артқан.

Өзбекстанда да бул бағдарда жедел жумыс алып барылмақта. Кейинги үш жылда энергетика тараўына 8 миллиард доллар муғдарында тиккелей инвестициялар тартылды. Атап айтқанда, Наўайы ҳәм Самарқанд ўәлаятларында қуяш электр станциялары иске қосылды. Усы жылы 18 усындай станциялар қурылмақта. Бул арқалы шаңарақларға берилетуғын электр энергиясы 50 процентке көбейеди.

Улыўма етип айтқанда, энергетика мәселеси мәмлекетимиз басшысының турақлы итибары ҳәм қадағалаўында. Бул тараўда көплеген жойбарлар, аймақларға еткен сапарлар ўақтында анық ўазыйпалар белгиленбекте.

Өзбекстан Президентиниң усы жылы 16-февральдағы қарары менен қайта тиклениўши энергия дәреклерин енгизиўди жеделлестириў бойынша үлкен бағдарлама қабыл етилди. Соның ишинде, «Жасыл энергия» компаниясы дүзилип, оған дәслепки 10 миллион доллар қаратылды.

Бул бағдарлама бойынша, усы жылы исбилерменлер, социаллық тараў ҳәм халықтың үйлеринде 1 мың 700 Мегаватт қуўатлылықтағы қуяш панельлерин орнатыў нәзерде тутылған.

Мәжилисте жуўапкерлер бул бағдардағы жумыслардың шөлкемлестириўшилик ҳәм финанслық тәреплери бойынша мәлимлеме берди.

Атап айтқанда, социаллық тараў объектлери ҳәм мәмлекетлик уйымларда 220 Мегаватт, исбилерменлер тәрепинен 1 мың 300 Мегаватт ҳәм жаңадан қурылып атырған көп қабатлы турақ жайлардың төбесинде 15 Мегаватт қуўатлылыққа ийе қуяш панельлериниң орнатылатуғыны айтылды. Бул бағдарда Әндижан, Қашқадәрья, Сурхандәрья, Ферғана, Наўайы ҳәм Самарқандта жедел жумыс басланған. Мәмлекетимиз басшысы орынларда жумысларды дурыс шөлкемлестириў бойынша көрсетпелер берди.

Мәжилисте энергетиканың басқа да бағдарларында көрилиўи керек болған ис-илажлар, соның ишинде, халықты тәбийғый газ бенен турақлы тәмийинлеў, экономика тармақларында ҳәм социаллық тараўда энергия нәтийжелилигин арттырыў, газдиң жумсалыўы жоқары болған өндирис қуўатлылықларын көмирге өткериў, геологиялық-излеў жумысларын кеңейтиў, углеводород шийки зат кәнлерин раўажландырыў ҳәм жаңаларын өзлестириў мәселелери де көрип шығылды.

Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги

Поделиться