Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2025
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

Президент Жоқары әскерий авиация билим дәргайын барып көрди

2023-02-24 | Жәмийет

Өзбекстан Республикасы Президенти, Қураллы Күшлер Жоқары Бас сәркардасы Шавкат Мирзиёев Қаршы қаласындағы Жоқары әскерий авиация билим дәргайының жумысы менен танысты.

Ҳәммемизге белгили, бул билимлендириў мәкемеси 1994-жылы Жиззақта дүзилген. Бирақ бул жерде болажақ ушыўшылар әмелият өтеўи ушын шараят жетерли емес еди.

Мәмлекетимиз басшысы 2018-жылы Қаршы районындағы Ханабад әскерий аэродромында болғанында әскерий ушыўшылар таярлаўда бул аэродром имканиятларынан нәтийжели пайдаланыў бойынша усыныслар билдирген еди. Сол тийкарда, жоқары әскерий авиация билим дәргайы 2019-жылы Қаршы қаласына көширилди. Оқыў-шынығыў имаратлары заманагөй тренажёрлар, үскенелер, мәлимлеме технологиялары менен тәмийинленди.

Бул курсантларға Ханабад аэродромында әскерий ҳаўа кемелерин басқарыў ҳәм оларға техникалық хызмет көрсетиў бойынша шынығыўлар алып барыў, тиккелей оқыў полигонларында қатнасыў имканиятын бермекте. Пәрўазға таярлық орайы ҳәм мәлимлеме-ресурс орайы, 4 қәнигелик бағдарлары бойынша оқыў лабораториялары әскерий ушыўшылардың профессионаллық дәрежесин арттырыўға хызмет етпекте.

120 орынлық мәденият орайы, 400 орынлық жатақхана, асхана, сап майданы ҳәм спорт посёлкасы курсантлар қәлеўинде. Ҳәзирги ўақытта бул жерде 276 курсант билим алмақта.

Президентимиз мәкемедеги шараятларды көзден өткерди. Жаслар менен сәўбетте өз қәнигелигине қосымша шет тиллери ҳәм заманагөй технологияларды пухта үйрениўдиң әҳмийети атап өтилди.

– Ҳәр бир мәмлекеттиң қорғаныўы оның қүдиретин көрсетеди. Қорғаныўды болса сизге уқсаған билимли, ақыллы, ерк-ықрарлы әскерлер, инженер ҳәм ушыўшылар тәмийинлейди. Оған мүнәсип болыў ушын бәрқулла оқып-үйренип, өз үстиңизде ислеп, ҳәр тәреплеме жетик болып жетисиўиңиз керек,-деди Шавкат Мирзиёев.

Жоқары Бас Сәркарда билим дәргайының асханасында курсантлар менен бирге түслик етти. Спорт ҳәм оқыў шынығыўларын көрди. Оқыў орны бойлап ҳүжимши, қырыўшы, транспорт самолётлар, жаўынгерлик вертолётлар қатнасыўында әскерий авиация пәрўазлары көрсетилди.

Жуўапкерлерге дүньяда бақланып атырған қәўип-қәтерлерден келип шығып, ҳаўа қорғаныўын жаңа басқышқа көтериў, тәжирийбе түринде ушыўшысыз қурылмалар жыйнаўды жолға қойыў бойынша көрсетпелер берилди. Бул билим дәргайының жумысын да соған муўапық жетилистириў, сырт ел мәкемелери менен биргеликтеги билимлендириў бағдарламаларын әмелге асырыў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги

Поделиться