Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
Президент бәнтлик мәселесиниң мәҳәлледеги орынланыўын көрди
2023-02-24 | Жәмийет
Мәмлекетимиз басшысы Қаршы районындағы Янги Батош мәҳәллесинде болып, халықтың турмысы менен жақыннан танысты.

Бул жерде 4 мыңнан аслам халық жасайды. Аймақ абаданластырылып, исбилерменлик раўажланбақта. Тоқымашылық кәрханасы, дәрихана, минибанк, азық-аўқат дүканлары ҳәм хызмет көрсетиў устаханалары халық хызметинде.
Мәҳәлледе Жумысты үйге алып ислеў орайы шөлкемлестирилмекте. Президент онда жаратылып атырған шараятларды көзден өткерди.
Бул жерде тигиўшилик, былғары ислеп шығарыў, гилемшилик өнимлериниң таярланыўы менен бирге жумысты үйге алып ислеўшилерге жумыс та үйретиледи. Ҳәким жәрдемшиси ҳәм ҳаял-қызлар белсендиси тәрепинен жумыссыз пуқаралар анықланып, қызығыўшылық ҳәм қәлеўлерине бола бағдарлар бойынша усталарға бириктириледи. Буйыртпаларды таярлаўды толық өзлестирген жумысты үйге алып ислеўшилерге үйинде ислеўи ушын керекли үскене ҳәм шийки зат бериледи. Буйыртпашы ҳәм жумысты үйге алып ислеўши арасында дүзилген шәртнамалар ҳәким жәрдемшиси тәрепинен «Бирден-бир мийнет миллий системасы»на киргизиледи.
Мәмлекетимиз басшысы бул жердеги өнерментлерди шийки зат пенен тәмийинлеў, халық тығыз жайласқан мәҳәллелердеги колледжлердиң белгили ханаларын жумысты үйге алып ислеўшилерге ажыратыў бойынша тапсырма берди.
– Өзи өнер үйрениўдиң ең үлкен тийкары – мәҳәлле. Бул дәстүримизден пайдаланып, жумысты үйге алып ислеў тийкарында, устаз-шәкиртлик тийкарында жасларды өнерли етиў мүмкин. Бул, оларға, әсиресе, ҳаял-қызларға ҳәм руўхый, ҳәм материаллық күш болады,-деди Шавкат Мирзиёев.
Орай Янги Батошдан тысқары оған тутас Батош, Хониён, Тараққиё, Дашт, Жумабозор сыяқлы мәҳәллелерге де хызмет етеди. Ол толық иске қосылса, дерлик 24 мың халықтың бәнтлигинде әҳмийетли фактор болады.
Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги