Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2025
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

Президент мәнаўият ҳәм тәрбияда ата-бабаларымыздың илимий мийрасына сүйениў кереклигин атап өтти

2023-02-17 | Сиясат

Президент Шавкат Мирзиёев Бухара ўәлаятына келип, Баҳауддин Нақшбанд мақбарасын зыярат етти.

Қуран оқылды. Алла тааладан өткенлерге рахмет, елимизге тынышлық-абаданлық тилеп пәтия оқылды.

– Ҳәмме жергерге барып, тараўларға түртки берип, машқалаларды шешип, халықты разы етиўге ҳәрекет етип атырмыз,-деди Шавкат Мирзиёев.-Бүгин Бухараға да жаңа шеклерди белгилеў, адамлардың бирин еки етиў ушын келдик. Барлық қайырлы ислеримизде Алланың өзи мәдеткар болсын.

Алымлар менен сәўбетте диний билим бериўди раўажландырыў, жаўызлыққа қарсы ағартыўшылық пенен гүресиў зәрүрлиги атап өтилди.

– Соңғы жыллары барлық тараўлар қатарында дин бойынша да ашықлық, еркинлик берилди, бир неше илимий орайлар шөлкемлестирдик. Лекин булардан халқымызға қандай мәп болып атыр? Мәп сондай болыўы керек, бул потенциалды жәмийетке жеткериў керек. Бухарий, Мотуридий, Марғинаний сыяқлы уллы ата-бабаларымыздың мийрасына сүйенген ҳалда жаўызлыққа қарсы ағартыўшылық пенен гүресиў зәрүр. Оның ушын диний билим бериўди әмелият пенен байланыстырыў, илимий орайларымызды дүньяда жетекшилерге айландырыў керек,-деди мәмлекетимиз басшысы.

Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги

Поделиться