Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
Жәмийетлик транспорт тараўында жаңа система енгизиледи
2023-02-01 | Сиясат
Президент Шавкат Мирзиёев 31-январь күни Ташкент ҳәм Нөкис қалалары ҳәм ўәлаят орайларында жәмийетлик транспорттың жаңа системасын енгизиў бойынша мәжилис өткерди.

Жәмийетлик транспорт халықтың узағын жақын етип, қәрежети ҳәм ўақытын үнемлейтуғын, турмыс сапасын көрсететуғын әҳмийетли социаллық хызмет. Елимизде бул хызметтен күнине 10 миллионнан артық жолаўшы пайдаланады.
Мәмлекетимиз басшысының Мүрәжатында жолаўшы тасыўдың сапасын жақсылаў мақсетинде 2023-жылы және 2 мың автобус алып келинетуғыны айтылған еди. Бирақ, деди Президент мәжилисте, қанша көп автобус алып келинбесин, орынлардағы транспорт басқармалары ҳәм автобус парклеринде ҳәзирги жумыс системасы өзгермесе, халықтың талабына жараса хызмет көрсетип болмайды.
Барлық аймақларда халық ушын жаңа турақ жай, мектеп, бақша, емлеўхана ҳәм басқа да мәкемелер қурылып атыр. Бирақ, транспорт тараўы бул өзгерислерден артта қалып, ҳәзирги раўажланыў талапларына сәйкес келмей атыр.
Атап айтқанда. айырым ўәлаят орайында жәмийетлик транспортты раўажландырыў режеси ислеп шығылмаған. Транспорт кәрханалары күнлик түсим режесин орынлаўға байланысып қалғаны себепли автобуслар күнниң «ең дәраматлы» ўақытында ҳәрекетлениўге әдетленип қалған. Қалған ўақытта жолаўшылар узақ күтиў ямаса таксиде жүриўге мәжбүр.
Соның ушын мәжилисте тараўдағы жумыс системасын өзгертип, хызмет сапасын жақсылаў бойынша усыныслар көрип шығылды.
Оған бола, күнлик түсим режесин белгилеў әмелияты бийкар етиледи. Тасыўшыларға қаржылар автобустың жүрген аралығы ҳәм адамлар хызмет сапасынан қанаатланыўына қарап бериледи. Хызмет сапасына автобустағы қолайлықлар ҳәм санитариялық жағдай, кеш қалмастан бәндиргиге жетип келиўине қарап баҳа беретуғын система болады.
Бул система Ташкент, Самарқанд, Әндижан ҳәм Үргениш қалаларында усы жылы, басқа ўәлаят орайлары ҳәм Нөкис қаласында келеси жылы жолға қойылатуғыны белгиленди.
Мәмлекетимиз басшысы жәмийетлик транспорт халыққа қолайлы, исбилерменлерге тартымлы болыўы кереклигин атап өтти.
Ҳәзирги автобус жөнелислерин кейинги жыллардағы халықтың мүтәжлиги тийкарында қайта көрип шығылыўы керек. Президентимиз бул бағдарда жергиликли сораўлар өткерип, халықтың талап ҳәм тилеклерин билиў зәрүр екенлигин атап өтти.
Транспорт паркин избе-из жаңалап барыў да әҳмийетли. Мәжилисте оны хошаметлеў бағдарында усыныслар билдирилди.
Соның ишинде, жәмийетлик транспорт жөнелислери бойынша ашық тендерде автобуслардың жаңалық дәрежеси тийкарғы норма етип белгиленеди. Тасыўшыларға төленетуғын қаржыларды қәлиплестириўде ҳәр жылы автобуслардың 20 процентин жаңалап барыў қәрежетлери нәзерде тутылады.
Буннан тысқары, исбилерменлер алып келген жаңа автобуслар бойынша қосымша қун салығын бөлип-бөлип төлеўге руқсат етиледи. Автобуслар сатып алыў ушын 10 жылға шекемги мүддетке жеңиллетилген кредит бериледи.
Жолларда жәмийетлик транспорттың иркинишсиз ҳәрекетлениўин тәмийинлеў – әҳмийетли мәселе.
Ташкент қаласында 73 тийкарғы көшеде автобуслар ушын айрықша жол шөлкемлестирип, кесилиспелердиң өткериўшеңлигин арттырыў бағдарламасы ислеп шығылды. Бул арқалы автобуслардың орташа тезлиги 1,5 есеге артып, кешигиўлер сапластырылады.
Ўәлаятлар ҳәкимлерине өз аймағында пайтахттағыдай транспорт инфраструктурасын жақсылаў бойынша мәнзилли бағдарламаны тастыйықлап, әмелге асырыўды баслаў тапсырылды. Онда жол ҳәм кесилиспелерде жәмийетлик транспортқа үстинлик бериў, бәндиргилерде халық ҳәм исбилерменлерге шараят жаратыў зәрүр екенлиги көрсетип өтилди.
Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги