Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
Аўыл хожалығындағы әҳмийетли мәселелер додаланды
2023-01-24 | Сиясат
Президент Шавкат Мирзиёев 23-январь күни пахта жетистириўди қоллап-қуўатлаў мәселелери бойынша мәжилис өткерди.
Ҳәзирги күнге шекем пахта-тоқымашылық кластерлери тәрепинен тараўға 5 миллиард 300 миллион доллар инвестиция киргизилген, оларға 3 миллиард доллар жеңиллетилген кредитлер ажыратылған. Кластерлер тәрепинен 4 миллиард долларлық 265 жойбар иске қосылып, 300 мың жаңа жумыс орны жаратылған. Нәтийжеде пахта зүрәәтлиги 30 процентке артып, 26 центнерден 34 центнерге жетти.
Бирақ орынларда кластер ҳәм фермерлерди қыйнап атырған машқалалар да бар. Соның ишинде, қосымша қун салығын өз ўақтында төлемегенлиги себепли фермер хожалықларында пеня қарыздарлығы пайда болған.
7 мың фермер пахта майданларын насослар арқалы суўғарыўға мәжбүр болып атыр. Фьючерс шәртнамаларын дүзиўдиң кейинги мүддети белгиленбеген, шәртнамаларды дизимге алыў бойынша ашық-айдын система жоқ.
Мәжилисте тараўдағы бундай машқалалар додаланып, зәрүр илажлар белгиленди.
Атап айтқанда, пахта майданларын насос бенен суўғарыў ушын кеткен электр энергиясы қәрежетлериниң 50 проценти қаплап берилетуғыны атап өтилди.
Өткен жылы ишки базарда минерал төгинниң баҳасы орташа 50 процентке артып, жетиспеўшилик пайда болған еди. Соның ушын минерал төгинлерге бажыхана жеңилликлерин және 3 жылға создырыў усынысы билдирилди.
Жуўапкерлерге кластер ҳәм фермерлер арасындағы шәртнамаларды тәртипке салыў ҳәм есап-санақларды орнына қойыў, пахта ҳәм ғәлле жетистириўди муўапықластырып барыў бойынша көрсетпелер берилди. Қосымша қун салығын өз ўақтында төлемегени ушын фермер хожалықларына есапланған пенялар, бурынғысынан өзгеше түрде, есаптан шығарылатуғыны белгиленди.
Фьючерс шәртнамаларын салық уйымларының электрон мәлимлеме системасында дизимнен өткериў ҳәм Аўыл хожалығы министрлигиниң «Агроплатформа» мәлимлеме системасына интеграциялаў ўазыйпасы қойылды. Сондай-ақ, енди Нью-Йорк биржасының орташа айлық фьючерс котировкаларының анализи Аўыл хожалығы министрлигиниң веб-сайтында жәрияланып барылады.
Пахташылық бағдарындағы илимий институтларды иске қосып, шет еллерде қолланылып атырған өнимдарлы ҳәм аз суў талап ететуғын сортларды локализациялаў зәрүр екенлиги атап өтилди.
Мәжилисте, улыўма, аўыл хожалығындағы быйылғы ўазыйпаларға да тоқтап өтилди.
Соның ишинде, 400 миллион долларлық 600 жойбар иске қосылыўы, қосымша 185 мың тонна сақлаў ҳәм қайта ислеў қуўатлықлары сондай-ақ, 33 районда агрохызмет орайларының шөлкемлестирилетуғыны айтылды.
Жипекшилик санаатында 3 триллион сумлықтан аслам өним таярланып, дерлик 110 миллион долларлық экспорт етилмекте. Бирақ бул тармақта потенциал және де үлкен. Соның ушын Жипекшилик ҳәм жүн санаатын раўажландырыў бойынша комитетине быйыл 26 мың тонна пилле, 1,3 миллион қаракөл териси ҳәм 40 мың тонна жүн ислеп шығарыў ўазыйпасы қойылды.
300 мың гектарда суўды үнемлеўши технологиялар орнатыў, 200 мың гектар жерди лазерли тегислеў режелестирилген. 100 мың гектар егислик жерлерин бөлистирип, 2 миллионнан аслам халықтың бәнтлигин тәмийинлеў де әҳмийетли ўазыйпалардан бири. Бул тийкарғы түрдеги азық-аўқат өнимлери жетерли болып, базарларда баҳаның турақлы болыўында да үлкен әҳмийетке ийе.
Сондай-ақ, елимизде азық-аўқат санаатында жоқары ҳәм орта буўын қәнигелерине талап үлкен. Соның ушын шет еллердиң тәжирийбеси тийкарында бул тараўда жаңа институт шөлкемлестириў усынысы мақулланды.
Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги