Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

“Президент саўғасы” Қарақалпақстанға жетип келди

2022-12-23 | Жәмийет

Шаңарақлық балалар үйи тəрбияланыўшылары, ата-анасының қараўысыз қалған балалар, Ўатанымыз шегараларын қорғаўда қурбан болған әскерий хызметкерлердиң ҳәм социаллық қорғаўға мүтəж болған шаңарақлардың перзентлери ушын “Президент саўғасы” Қарақалпақстанға жетип келди.

 

Президент саўғалары қалалық ҳәм районлық халық билимлендириў бөлимлерине жиберилди.

3 жастан 15 жасқа шекем болған балаларға мөлшерленген “Президент саӯғалары” қурамында Өзбекстан Республикасы Президентиниң балаларға жоллаған Жаңа жыл байрам қутлықлаӯы, 14 түрдеги мазалы кондитер өнимлери, 3 түрдеги оқыӯ қуралы, электрон китап, термос ҳәм шахмат тахтасы киргизилген.

Жаңа жыл байрамы алдында қала ҳәм районларда болып өтетуғын “Президент шыршасы” илажларында бул саўғалар балаларға салтанатлы түрде тапсырылады.

 

Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги

Поделиться