Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
Исбилерменлик субъектлериниң экспорт жумысын қоллап-қуўатлаўдың қосымша илажлары ҳаққында
2022-12-22 | Ҳүжжетлер
Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманы
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 28-январьдағы «2022-2026-жылларға мөлшерленген Жаңа Өзбекстанның раўажланыў стратегиясы ҳаққында»ғы ПП-60-санлы Пәрманына муўапық, сондай-ақ, экспорт жумысын қосымша қоллап-қуўатлаў арқалы жергиликли өнимлердиң жаңа перспективалы базарларға кирип барыўы ушын қолайлы шараятлар жаратыў мақсетинде:
2024-жыл 1-январьға шекем Европа, Түркия, Египет ҳәм Марокко мәмлекетлерине гезлеме, трикотаж материал өнимлерин экспорт етиўде тасыў қәрежетлериниң 70 процентин компенсациялаўға субсидиялар берилетуғыны белгиленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2022-жыл 21-декабрь
Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги