Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
Коммуналлық тараўдағы жойбарлар ҳаққында мәлимлеме берилди
2022-12-10 | Сиясат
Президент Шавкат Мирзиёев коммуналлық хызметлерди жақсылаў ҳәм халықты ишимлик суўы менен тәмийинлеў бағдарындағы жумыслардың есабаты менен танысты.
Елимизде 39 мың 700 ге шамалас көп қабатлы турақ жайлар бар. Оларда жасаўшы халыққа сапалы хызмет көрсетиў мақсетинде басқарыў-сервис компаниялары шөлкемлестирилмекте. Усы жылдың басында бундай шөлкемлер 324 болған болса, ҳәзирги күнге келип 766 ға жеткен. Усы тәризде, 36 мыңнан аслам ямаса 92 процент көп қабатлы турақ жайлар басқарыў-сервис компанияларына қамтып алынған.
Усы жылдың өзинде олар тәрепинен қурылыс, оңлаў, техника ҳәм үскенелер сатып алыўға 262 миллиард сум инвестиция киргизилген. Жаңадан шөлкемлестирилген компанияларда 14 мыңға шамалас жумыс орны жаратылған.
Хожалықлар ҳаққындағы мағлыўматлар ҳәм есап-санақлар «Мениң үйим» биллинг системасында топланбақта. Усы жылдың өткен дәўиринде бул система арқалы 206 миллиард сум төленген.
Тараўдағы әҳмийетли ўазыйпалардан бири – үйлерди ыссылық пенен турақлы тәмийинлеў. Бул бағдарда аймақларда мәнзилли жойбарлар әмелге асырылмақта.
Көп қабатлы турақ жайлардың ярымынан көби орайласқан ҳәм индивидуал ыссылық тәмийнаты системасына ийе. Қалғанлары альтернатив печлер, электр ысытқышлар ямаса басқа да үскенелер жәрдеминде ысытылады.
Турақ жай коммуналлық хызмет көрсетиў министрлиги қарамағында 495 қазанхана жумыс алып бармақта. 2018-2021-жыллары олардың 47 си ҳәм 78 километр ыссылық тармағы реконструкцияланды. Быйыл Бухара, Самарқанд, Қаршы, Жиззақ, Наманган, Асака сыяқлы қалалардағы және 24 қазанхана ҳәм 182 километр тармақ жаңаланды. Нәтийжеде 70 мың хожалық ҳәм 113 социаллық объект үзликсиз ыссылық энергиясы менен тәмийинленди.
Улыўма айтқанда, усы жойбарлар нәтийжесинде көп қабатлы турақ жайлардың ыссылық энергиясы менен тәмийинлениў дәрежеси және де артты. Жылына 130 миллион куб метр тәбийғый газ, 1 миллион 200 мың киловатт-саат электр энергиясы үнемленетуғын болды.
Бундай жумысларды избе-из даўам еттирип, 2023-жылғы инвестиция бағдарламасы шеңберинде 3 жаңа қазанхана қурыў, 10 ын оңлаў ҳәм ыссылық тармақларын тартыў режелестирилген.
Халықты орайласқан ишимлик суўы менен тәмийинлеў бойынша да көп жумыслар исленбекте. Усы жылы 527 объект ҳәм дерлик 7 мың километр тармақ қурылды. Жылдың басында халықтың ишимлик суўы менен тәмийинлениў дәрежеси 70 процент болған болса, жылдың ақырында бул көрсеткишти 74 процентке жеткериў режелестирилген.
Мәҳәллелер кесиминде айтқанда, 9 мың 309 мәҳәлледен 3 мың 800 и толық, дерлик 4 мыңының айырым бөлеги орайласқан ишимлик суўы менен тәмийинленген. Қалған аўылларда суўды транспортта жеткериў, соның менен бирге, имканияты бар орынларға тармақ тартыў илажлары көрилмекте. Соның ишинде, 2023-жылы Инвестиция бағдарламасына тийкарланып 62, «Абат аўыл» ҳәм «Абат мәҳәлле» бағдарламалары шеңберинде 373 объект пайдаланыўға тапсырылыўы режелестирилген.
Бул жумыслардың нәтийжесинде 403 мәҳәлледеги 3 миллионнан аслам халықтың ишимлик суўы тәмийнаты жақсыланады, 181 мәҳәлле биринши мәрте усы тармаққа жалғанады.
Сондай-ақ, мәмлекеттиң социаллық буйыртпасы арқалы район орайынан алыста жайласқан мәҳәллелерди ишимлик суўы менен тәмийинлеў жойбарлары әмелге асырылмақта. Келеси жылы 17 сондай аўылға 251 километр қубыр тартылыўы режелестирилген.
Мәмлекетимиз басшысы бул жумыслардың турмыс сапасы ҳәм халық саламатлығындағы әҳмийетин атап өтип, қосымша көрсетпелер берди
Дерек: Өзбекстан Республикасы Президентиниң рәсмий веб-сайти