Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

Суў тәмийнатын жақсылаўға байланыслы жойбарлар көрип шығылды

2022-12-06 | Сиясат

Президент Шавкат Мирзиёев 5-декабрь күни Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Ферғана ойпаты ўәлаятларында суў тәмийнатын жақсылаўға байланыслы жойбарлар менен танысты.

Қарақалпақстанның агросанааттағы үлкен потенциалын жүзеге шығарыўға, бәринен бурын, суў керек. Аймақта суў ресурсларын басқарыўды жақсылаў мақсетинде 2015-жылдан берли Жәҳән банкиниң қатнасыўында 260 миллион долларлық жойбар әмелге асырылды. 650 километр канал ҳәм 556 суў объекти тикленип, 5 мың гектардан зыят жер лазер менен тегисленди.

Жумыс нәтийжели шөлкемлестирилгени ҳәм көп нәрселер локализацияланғаны нәтийжесинде жойбар баҳасынан 48 миллион доллар үнемленген. Сонлықтан жойбарды даўам еттирип, қалған қаржыны Беруний, Төрткүл ҳәм Елликқала районларына қаратыў усыныс етилмекте. Соның есабынан 216 километр канал ҳәм 406 гидротехникалық объектти тиклеў мүмкин. Нәтийжеде ҳәзир насос пенен суўғарылып атырған 300 ден аслам фермер хожалықларының атызына суў өзиниң ағысы менен келеди, жылына  300 миллион куб суў үнемленеди.

Мәмлекетимиз басшысы бул усынысты мақуллап, суў тәмийнаты жақсыланатуғын жерлерде жоқары дәраматлы егинлер егиў, суўды үнемлейтуғын технологияларды енгизиў бойынша көрсетпелер берди.

Әндижан, Наманган ҳәм Ферғана ўәлаятларының топырағы өнимдарлы. Бирақ 235 насос станциясы ескиргени себепли 380 мың гектар жерде суў тәмийнаты қыйынласқан, соннан 60 мың гектары пайдаланыўдан шығып қалған. Қала берсе, бул насос станцияларында электр энергиясы нормаға салыстырғанда 1, 5-2 есеге көп жумсалмақта.

Сонлықтан Европа тиклениў ҳәм раўажланыў банки менен биргеликте усы ўәлаятлардағы насос станцияларын модернизациялаў режелестирилген. Биринши басқышта 118 насос станциясын жаңалаў мөлшерленген.

Соның нәтийжесинде 30 мың гектар майдан қайта пайдаланыўға киргизиледи, 57 мың гектар суўғарылатуғын жердиң суў тәмийнаты жақсыланады. 4 мың 375 қыйтақ жер суў менен тәмийинленеди. Жылына  290 миллион киловатт-саат электр энергиясы  үнемленеди.

Энергия ҳәм эксплуатация қәрежетлери қысқарыўының есабынан бул жойбар 7 жылда өзин жаўады.

Президентимиз жойбар шеңбериндеги жумысларға жергиликли исбилерменлерди көбирек тартыў зәрүрлигин атап өтти.

Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги

Поделиться