Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

2030-жылға шекем Өзбекстан Республикасының «жасыл» экономикаға өтиўине қаратылған реформалардың нәтийжелилигин арттырыў бойынша илажлар ҳаққында

2022-12-02 | Ҳүжжетлер

Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары

2022-2026-жылларға мөлшерленген Жаңа Өзбекстанның раўажланыў стратегиясында белгиленген ўазыйпаларды әмелге асырыў, Өзбекстан Республикасының «жасыл» экономикаға өтиў стратегиясы шеңберинде «жасыл» ҳәм инклюзив экономикалық өсиўди тәмийинлеў бағдарында әмелге асырылып атырған илажлардың нәтийжелилигин арттырыў, қайта тиклениўши энергия дәреклеринен пайдаланыў сондай-ақ, экономиканың барлық тармақларында ресурсларды үнемлеўди және де кеңейтиў мақсетинде:

  1. Төмендегилер:

а) төмендеги стратегиялық мақсетлерге ерисиўге мөлшерленген 2030-жылға шекем Өзбекстан Республикасында «жасыл» экономикаға өтиў ҳәм «жасыл» өсиўди тәмийинлеў бағдарламасы (кейинги орынларда-Бағдарлама) 1-қосымшаға муўапық:

ыссыхана газлериниң жалпы ишки өним бирлигине салыстырма ажыратпаларын 2010-жылдағы дәрежеден 35 процентке қысқартыў;

қайта тиклениўши энергия дәреклериниң өндирислик қуўатлылығын 15 ГВтқа арттырыў ҳәм олардың үлесин электр энергиясын ислеп шығарыў улыўмалық көлеминиң 30 проценттен көбирегине жеткериў;

санаат тараўында энергия нәтийжелилигин кеминде 20 процентке арттырыў;

жалпы ишки өним бирлигине туўра келетуғын энергияның жумсалыў көлемин, соның ишинде, қайта тиклениўши энергия дәреклеринен пайдаланыўды кеңейтиў есабынан 30 процентке азайтыў;

экономиканың барлық тармақларында суўдан пайдаланыў нәтийжелилигин сезилерли дәрежеде арттырыў, 1 миллион гектарға шекемги майданда суўды үнемлеўши суўғарыў технологиясын енгизиў;

жылына 200 миллион нәл егиў ҳәм нәллердиң улыўма санын 1 миллиардтан арттырыў арқалы қалалардағы жасыл майданларды 30 проценттен артығыраққа кеңейтиў;

республикалық тоғай фонды резервлериниң көрсеткишин 90 миллион куб метрден артығыраққа жеткериў;

пайда болатуғын қатты турмыслық шығындыларды қайта ислеў дәрежесин 65 проценттен арттырыў;

б) Санаат тармақларында «жасыл» экономикаға өтиў ҳәм энергия үнемлилигин тәмийинлеў бойынша концепция (кейинги орынларда – Концепция) 2-қосымшаға муўапық;

б) 2030-жылға шекем Өзбекстан Республикасында «жасыл» экономикаға өтиў ҳәм «жасыл» өсиўди тәмийинлеў бойынша ҳәрекетлер режеси (кейинги орынларда – Ҳәрекетлер режеси) 3-қосымшаға муўапық;

г) 25 кәрхана менен шөлкемде ислеп шығарылған өнимниң энергия сыйымлылығы көрсеткишин 2026-жылға келип 2022-жылға салыстырғанда 20 проценкте азайтыўға қаратылған 2022-2026-жыллары экономика тармақларында жанылғы-энергетика ресурсларын үнемлеўдиң мақсетли параметрлери (кейинги орынларда – Мақсетли параметрлер) 4-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

  1. Энергетика министрлиги Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги сондай-ақ, Қаржы министрлиги менен биргеликте үш ай мүддетте Мақсетли параметрлерге ерисиўге қаратылған 2022-2026-жыллары экономика тармақларында жанылғы-энергетика ресурсларын үнемлеў бойынша әмелий илажлар режесин («Жол картасы») ислеп шықсын ҳәм белгиленген тәртипте Министрлер Кабинетине киргизсин.
  2. Төмендегилер:

Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги – «жасыл» экономиканы алға қойыў ҳәм «жасыл» өсиў принциплерин енгизиў, экономика тармақларында ыссыхана газлери тасландыларын қысқартыўға байланыслы жумысты муўапықластырыў бойынша ўәкилликли уйым;

Энергетика министрлиги – «жасыл» энергетиканы раўажландырыў, атап айтқанда, қайта тиклениўши энергия дәреклери ҳәм водород энергетикасын кеңнен енгизиў, сондай-ақ, энергия нәтийжелилигин арттырыў ҳәм ислеп шығарылған өнимлердиң энергия сыйымлылығын азайтыў бойынша ўәкилликли уйым етип белгиленсин.

  1. 2023-жыл 1-июньнен баслап өнимлерди ислеп шығарыўда экология ҳәм қоршаған орталыққа тәсирди шеклеў бойынша қойылып атырған талаплар тийкарында «жасыл сертификатлар» системасы енгизилетуғыны;

б) төмендегилерди нәзерде тутыўшы 2022-2026-жыллары ыссыхана газлериниң шығарылыўын мәмлекет тәрепинен тәртипке салыў инфраструктурасы басқышпа-басқыш жаратылатуғыны:

ыссыхана газлериниң шығарылыўын мәмлекет тәрепинен есапқа алыў ҳәм олардың мәмлекетлик кадастрын жүргизиў;

углерод бирликлериниң реестрин қәлиплестириў ҳәм жүргизиў;

экономика тармақлары кесиминде ыссыхына газлериниң шығарылыўын қысқартыўдың мақсетли көрсеткишлерин белгилеў;

ыссыхана газлериниң шығарылыўын қысқартыў бойынша жумысты мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў;

в) 2024-жыл 1-январьдан баслап барлық ыссыхана газлерин қамтып алыўшы Климат өзгериўи тараўында мониторинг, есап бериў ҳәм тексериўдиң заманагөй системасы (MRV) жолға қойылатуғыны;

г) экономика тармақларында әмелге асырылатуғын инвестициялық жойбарларды режелестириў ҳәм әмелге асырыўдан алдыңғы басқышларда олардың ыссыхана газиниң көлемин қысқартыў имканияты баҳаланып, жойбарлар нәтийжесинде қысқартылған ыссыхана газиниң көлеми сертификатластырылатуғыны ҳәм сыртқы базарларға бағдарланатуғыны;

д) 2024-жыл 1-январьдан баслап жаңадан қурылатуғын, қуўатлылығы 1 МВттан жоқары болған қуяш ҳәм самал электр станцияларын қурыў бойынша инвестициялық жойбарлар шеңберинде бул станциялардың орнатылған қуўатлылығына салыстырмалы түрде 25 проценттен аз болмаған қуўатлылыққа ийе электр энергиясын сақлаў системасы мәжбүрий тәртипте енгизилетуғыны;

е) тармақ ҳәм аймақлық раўажланыў стратегияларын ислеп шығыў шеңберинде тармақлар ҳәм аймақлардың климат өзгериўине салыстырмалы түрде сезиўшеңлик өзгешеликлеринен келип шығып, халық ҳәм экономика тармақларына климат өзгериўи тәсирин азайтыў, сондай-ақ, оған бейимлесиў илажлары ҳәм инвестициялық жойбарлар қамтып алынатуғыны;

ж) Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги:

Париж келисиминиң (Париж, 2015-жыл 12-декабрь) 6-статьясына муўапық, Турақлы раўажланыўды қоллап-қуўатлаў механизми бойынша илажлардың әмелге асырылыўын муўапықластырыў бойынша ўәкилликли уйым (миллий уйым) болып есапланатуғыны;

халықаралық ҳәм республикалық дәрежеде ыссыхана гази саўдасын (Emission Trade System – ETS, Joint Credit Mechanism ҳәм басқалар) тәртипке салыў ҳәм әмелге асырыўды муўапықластырыў ҳәм басқарыў, сондай-ақ, бул тараўдағы жойбарларды әмелге асырыў дәўиринде мониторинг ҳәм есабатларды жүргизиў ушын жуўапкер болған атқарыўшы уйым сыпатында қатнасатуғыны;

з) турақлы «жасыл» экономикалық өсиў, «жасыл» экономикаға өтиўге байланыслы, атап айтқанда, ыссыхана гази тасландылары муғдарына тәсир ететуғын жойбарлар менен илажларды нәзерде тутыўшы нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер ҳәм бағдарламалар ҳүжжетлери Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги менен мәжбүрий тәртипте келисилетуғыны белгиленсин.

  1. Өзбекстан Республикасында «жасыл» экономикаға өтиў илажларын муўапықластырыў бойынша уйымлар аралық кеңес (кейинги орынларда – Уйымлар аралық кеңес) 5-қосымшаға муўапық қурамда дүзилсин ҳәм төмендегилер оның тийкарғы ўазыйпалары етип белгиленсин:

мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер, жергиликли атқарыўшы ҳәкимият уйымлары тәрепинен 2019-2030-жыллар дәўиринде Өзбекстан Республикасының «жасыл» экономикаға өтиў стратегиясы (кейинги орынларда – Стратегия), Бағдарлама ҳәм Ҳәрекетлер режесинде белгиленген илажлардың толық көлемде орынланыўын тәмийинлеў, сондай-ақ, олардың өз ўақтында орынланыўын системалы қадағалаў;

ҳәр шеректе мәмлекетлик уйымлар менен шөлкемлер басшыларының «жасыл» экономиканы раўажландырыў бойынша режелестирилген илажлардың орынланыўы ҳаққындағы есабатларын тыңлаў;

турақлы мониторинг тийкарында Стратегия шеңберинде әмелге асырылып атырған илажлардың нәтийжелилигин арттырыў мақсетинде жуўапкер шөлкемлердиң жумысын жетилистириў илажларын көриў.

  1. Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги, халықаралық финанс институтлары ҳәм раўажланыў бойынша бирге ислесиўши шөлкемлердиң:

Донорлардың муўапықластырыў топарын 6-қосымшаға муўапық қурамда;

Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлигинде қосымша 4 штат бирлигинен ибарат Техникалық секретариатты шөлкемлестириў ҳаққындағы усыныслары мақуллансын.

Өзбекстанда климат өзгериўи ҳәм «жасыл» өсиў бағдарында жумыс алып баратуғын халықаралық финанс институтлары ҳәм раўажланыў бойынша бирге ислесиўши шөлкемлердиң техникалық жәрдем, таллаў ҳәм потенциалды арттырыў бойынша жумысын өз-ара муўапықластырыў Донорлардың муўапықластырыў топарының тийкарғы ўазыйпасы болып есапланатуғыны;

Техникалық секретариат Донорлардың муўапықластырыў топары жумысшы уйымы ўазыйпасын орынлаўшы жойбарлаў офиси болып есапланатуғыны белгиленсин.

  1. «Жасыл» экономикаға өтиў ҳәм оны раўажландырыўда барлық тәреплердиң өз-ара бирге ислесиўдеги жумысын нәтийжели шөлкемлестириў ҳәм муўапықластырыў бағдарында:

Уйымлар аралық кеңес Стратегия, Бағдарлама ҳәм Ҳәрекетлер режесиниң әмелге асырылыўын тәмийинлеў бойынша министрлик ҳәм уйымлардың жумысын нәтийжели шөлкемлестириўди тәмийинлейтуғыны;

Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги Уйымлар аралық кеңестиң жумысшы уйымы болып есапланып, бул бағдардағы илажларды әмелге асырыў бойынша жуўапкер министрлик ҳәм уйымлардың жумысын муўапықластыратуғыны;

Донорлардың муўапықластырыў топары Бағдарлама ҳәм Ҳәрекетлер режесинде белгиленген илажлардың орынланыўын турақлы баҳалап барыў, техникалық ҳәм қаржылай жәрдем тартыў, перспективалы жойбарларды қаржыландырыў дәреклерин қәлиплестириўге жәрдемлесетуғыны;

Техникалық секретариат Донорлардың муўапықластырыў топарының жумысын шөлкемлестиретуғыны, Стратегия, Бағдарлама ҳәм Ҳәрекетлер режесинде белгиленген ўазыйпаларды әмелге асырыўда оны Уйымлар аралық кеңес пенен өз-ара муўапықластырыўға жәрдемелесетуғыны белгиленсин.

  1. Гидрометеорология хызмети орайы ҳәм Қайта тиклениўши энергия дәреклери миллий илимий-изертлеў институты еки ай мүддетте Инновациялық раўажланыў министрлигиниң Илимди қаржыландырыў ҳәм инновацияларды қоллап-қуўатлаў қоры қаржылары есабынан Республика бойлап қуяш, самал ҳәм биогаз энергиясы ресурслары бойынша инновациялық мағлыўматлар базасын қәлиплестирсин.
  2. Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги:

а) еки ай мүддетте Техникалық секретариат ҳәм уйымлар аралық жумысшы топарларды шөлкемлестириў ҳәм олардың жумыс жүргизиў тәртиби ҳаққындағы режелерди, Донорлардың муўапықластырыў топарының регламентин ислеп шықсын ҳәм тастыйықлаў ушын Уйымлар аралық кеңеске киргизсин.

Онда, Донорлардың муўапықластырыў топарының регламентинде:

оның жумысын нәтийжели жолға қойыў;

климат өзгериўи ҳәм «жасыл» өсиў бойынша халықаралық финанс институтлары сондай-ақ, раўажланыў бойынша бирге ислесиўши шөлкемлердиң ҳәрекетлери өз-ара қайталаныўын сапластырыў ҳәм алдын алыў;

климат өзгериўи ҳәм «жасыл» өсиў мәселелери бойынша министрликлер ҳәм уйымлар менен нәтийжели бирге ислесиўди жолға қойыў нәзерде тутылсын;

б) Энергетика министрлиги, Қаржы министрлиги ҳәм халықаралық финанс институтлары менен биргеликте «жасыл сертификатлар» системасы 2023-жыл 1-июньнен баслап енгизилиўин тәмийинлесин;

в) Гидрометеорология хызмети орайы менен биргеликте Климат өзгериўи тараўында мониторинг, есабат бериў ҳәм тексериўдиң заманагөй системасы (MRV) 2024-жыл 1-январьдан баслап толық жолға қойылыўын тәмийинлесин;

г) Қаржы министрлиги, басқа да министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте үш ай мүддетте сырт ел экспертлерин тартқан ҳалда, санаат кәрханаларында экологиялық, социаллық ҳәм корпоративлик басқарыў принциплерин (ESG) енгизиўди жеделлестириўди нәзерде тутыўшы усынысларды ислеп шықсын ҳәм Министрлер Кабинетине киргизсин;

д) Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў бойынша мәмлекетлик комитети, Энергетика министрлиги, Қаржы министрлиги, Гидрометеорология хызмети орайы ҳәм басқа да мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте 2022-2026-жыллары ыссыхана газлериниң шығарылыўын мәмлекет тәрепинен тәртипке салыў инфраструктурасының жаратылыўын тәмийинлесин, сондай-ақ, 2023-жыл 1-майға шекем Өзбекстан Республикасының «Ыссыхана газлериниң шығарылыўын шеклеў ҳаққында»ғы нызам жойбарын ислеп шықсын ҳәм Министрлер Кабинетине киргизсин;

Мәмлекетлик активлерди басқарыў агентлиги, Қаржы министрлиги, Энергетика министрлиги ҳәм хожалық бирлеспелери менен биргеликте еки ай мүддетте ири санаат кәрханаларының тийисли басқарыў уйымларында төмендегилер тастыйықланыўын муўапықластырсын:

ири өндирислик кәрханаларда қуўатлықты модернизациялаў ҳәм реконструкциялаў арқалы энергияны үнемлеў, энергия нәтийжелилигин арттырыў бойынша техникалық сиясатты ислеп шығыў, оның көрсеткишлерин жыллық бизнес-режелерге киргизиў бойынша тийисли басқарыў қарарлары;

ислеп шығарылып атырған өнимлер (жумыслар, хызметлер) бирлигине жумсалатуғын жанылғы-энергия ресурсларының нормаларын анықлайтуғын, тармақлар кесиминдеги методика ҳәм қолланбалар.

  1. Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў бойынша мәмлекетлик комитети Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги, Турақ жай коммуналлық хызмет көрсетиў министрлиги, Қаржы министрлиги менен биргеликте 2023-жыл 1-июльға шекем «патасландырыўшы төлейди» принципин толық енгизиў, сондай-ақ, патасланыў ушын белгиленген жыйым ставкасын арттырыў ҳәм патасландырыўшы элементлердиң дизимин кеңейтиў арқалы қоршаған орталық патасланыўы ушын жыйым системасын жетилистириўди нәзерде тутатуғын нормативлик-ҳуқықый ҳүжжет жойбарын Министрлер Кабинетине киргизсин.
  2. Инновациялық раўажланыў министрлиги Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги, Экономика министрлиги сондай-ақ, Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў бойынша мәмлекетлик комитети менен биргеликте ҳәр жылы 1-декабрьге гекем «жасыл» экономиканы раўажландырыў бағдарларында илимий-изертлеў ҳәм инновациялық жойбарлардың мақсетли бағдарламаларын Илим ҳәм технологиялар бойынша республикалық кеңеске тастыйықлаў ушын киргизип барсын ҳәм бул тараўда төмендегилерге айрықша итибар қаратсын:

«жасыл» экономика тараўындағы тийкарғы бағдарлар бойынша фундаменталь ҳәм әмелий изертлеўлерди алып барыў;

экономика тармақларында «жасыл» технологиялар, атап айтқанда, ресурс үнемлеўши, шығындысыз ислеп шығарыў, шығындыларды қайта ислеў имканиятын бериўши технологияларды ҳәм қәўипсиз химиялық элементлерди қолланыўға өтиў сондай-ақ, қайта тиклениўши энергия технологияларынан пайдаланыў имканиятларын үйрениў ҳәм оларды әмелиятта қолланыў;

перспективалы инновациялық қолланбалар ҳәм «стартап» жойбарларды әмелге асырыў, оларды коммерцияластырыў ҳәм технологиялар трансферин қоллап-қуўатлаў.

Мақсетли бағдарламаларды қаржыландырыў қәрежетлери илимий жумысқа байланыслы мәмлекетлик бағдарламаларды әмелге асырыў ушын ажыратылған қаржылар шеңберинде, сондай-ақ, Инновациялық раўажланыў ҳәм новаторлық идеяларын қоллап-қуўатлаў қорының қаржылары есабынан қапланатуғыны белгилеп қойылсын.

  1. Министрлер Кабинети еки ай мүддетте республикамызда қайта тиклениўши энергия дәреклерин ҳәм водород энергетикасын раўажландырыў бойынша анық илажлар режесин тастыйықласын.
  2. Министрлер Кабинети атқарыў аппараты Геология, кән-металлургия тараўлары ҳәм санаатты раўажландырыў мәселелери департаменти структурасына Министрлер Кабинети атқарыў аппаратының бос штат бирлиги есабынан бас қәниге лаўазымы киргизилсин.
  3. Усы қарарда белгиленген илажлардың сапалы ҳәм өз ўақтында орынланыўын муўапықластырыў ҳәм мониторинг етиўдиң төмендеги тәртиби белгиленсин:

министрликлер ҳәм уйымлар, жергиликли атқарыў ҳәкимияты уйымлары, мәмлекет қатнасыўындағы кәрханалар – ҳәр шеректе есап бериў шерегинен  кейинги айдың 5-сәнесине шекем Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлигине усы қарар менен тастыйықланған Ҳәрекетлер режеси сондай-ақ, тармақлар кесиминдеги ресурс үнемлеў бағдарламаларында нәзерде тутылған илажларды әмелге асырыў ҳәм Мақсетли көрсеткишлерге ерисиў жағдайы ҳаққында есабат береди;

Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги жуўапкер министрлик ҳәм уйымлардың жумысын уйымлар аралық муўапықластырады, ҳәр шеректе есап бериў шерегинен кейинги айдың 15-сәнесине шекем усы қарар менен белгиленген илажлардың орынланыўы ҳаққында улыўмаласқан аналитикалық мағлыўматларды Уйымлар аралық кеңеске киргизеди;

Уйымлар аралық кеңес ҳәр шеректиң жуўмағы менен әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққында Өзбекстан Республикасы бас министри ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясына мағлыўмат киргизеди.

  1. Өзбекстан Республикасы Президентиниң ҳәм Өзбекстан Республикасы Ҳүкиметиниң айырым қарарларына 7-қосымшаға муўапық өзгерислер киргизилсин.
  2. Усы қарардың орынланыўын шөлкемлестириўге жуўапкер ҳәм жеке жуўапкер етип Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасарлары Ж.А.Қўчқоров ҳәм Ж.Т.Мирзамаҳмудов белгиленсин.

Өзбекстан Республикасы

Президенти                            Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2022-жыл 2-декабрь

Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги

Поделиться