Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

Президент жаслар менен қызғын пикир алысты

2022-11-25 | Жаслар

Мәмлекетимиз басшысы наўайылы жаслар менен пикирлести.

– Мен қайжерге барсам, көбирек жаслар менен ушырасыўға ҳәрекет етемен. Раўажланыў стратегиямызда, аймақлық бағдарламаларда үлкен мақсетлер қойғанбыз. Егер мәмлекетлик шөлкемлер, барлық дәрежедеги басшылар жаслар мәселелери менен толық шуғылланбайды екен, бул шеклерге ерисип болмайды,-деди Президент.

Наўайылы жаслар қәбилетли, барлық тараўларда белсенди. Быйыл жоқары оқыў орынларына кириў бойынша республикада биринши орынды ийеледи. Халықаралық пән олимпиадалары, абырайлы жарыслар жеңимпазларының да көпшилиги Наўайыдан.

Быйыл жәмлеспеген жаслар арасында исбилерменликти раўажландырыў ушын 50 миллиард сум қаржы берилип, 13 мың 700 жигит-қыз өзлериниң жолын тапқан. 1 мың 600 гектар егислик майдан ажыратылып, 6 мыңнан артық жаслардың бәнтлиги тәмийинленген. Шараяты аўыр студентлерге 6,5 миллиард сум контракт пуллары төлеп берилген.

– Перзентлеримиздиң жетискенликлери, әлбетте, ҳәммемизди толқынландырады. Бирақ буның менен шекленип қалыў керек емес. Жасларымыздың тилегин, талабын, ертеңги күнин тәмийинлеў ушын және нелер ислесек болады? Билим ҳәм кәсиплерди ийелеўи, потенциалын жүзеге шығарыўы ушын қандай жәрдем бериў керек? Мине, усы сораўлар мени қыйнайды,-деди Шавкат Мирзиёев.

Соның ушын, Президент жаслардың пикирлери, усынысларын тыңлады. Жаслардың мийнет базарында талап жоқары болған кәсиплерди үйрениўи ҳәм жумыс табыўына жәрдем бериўши жаңа платформаны иске қосыў ўазыйпасы қойылды.

Санаат зоналарына жасларды тартыў, жайлаўларға суў шығарып, шарўашылық басламаларын Исбилерменлик қоры арқалы қоллап-қуўатлаў бойынша көрсетпелер берилди.

Наўайы қаласында қәнигелескен спорт мектеби ҳәм мәҳәллелерде спорт дөгереклерин шөлкемлестирип, жаслар арасында спортты ғалаба ен жайдырыў зәрүр екенлиги атап өтилди. Жаслар қорынан ўәлаяттағы 325 мектепти китап ҳәм музыка әсбаплары менен тәмийинлеў, мәдений илажларды көбейтиў мәселелерине де әҳмийет қаратылды.

Ушырасыўда алға қойылған басламаларды әмелге асырыў бойынша Наўайы ўәлаятының тәжирийбеси жаратылатуғыны белгиленди. Бул системаның тийкарғы мақсети жасларды руўхый-ағартыўшылық жақтан раўажландырыў, бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм бос ўақытларын мазмунлы шөлкемлестириў болады.

Поделиться