Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

Суд тараўындағы тийкарғы ўазыйпалар додаланды

2022-11-14 | Сиясат

Президент Шавкат Мирзиёев 14-ноябрь күни әдил судлаўды тәмийинлеў бағдарындағы тийкарғы ўазыйпалардың орынланыўы бойынша мәжилис өткерди.

Судлардың жумысы, бәринен бурын, инсан тәғдирине, барлық тараўлардың тәртибине ҳәм раўажланыўына байланыслы мәселе болып табылады. Соның ушын да мәмлекетимизде судлар еркинлигин беккемлеў, жумысларды көриўде ҳадаллық, әдиллик ҳәм нызамлылықты тәмийинлеў илажлары көрилмекте. Кейинги алты жылда бул системаға байланыслы 50 ден аслам нызам, пәрман ҳәм қарарлар қабыл етилди.

Усы дәўирде айыпсыз айыпланған 4 мың адамға ақлаў ҳүкими шығарылған, 26 мыңнан артық шахс суд залынан азат етилген, 47 мың пуқараға  тергеўде қойылған статьялар айыплаўдан шығарылған.

Суд системасына исеним артқаны экономика ҳәм исбилерменликтиң раўажланыўына да тәсир етпекте. Атап айтқанда, алты жылда кәрханалардың саны 2 есеге артып, 530 мыңға жеткен. Елимиздиң экоономикасына 39 миллиард доллар сырт ел инвестициясы кирип келген. Ҳәзирги күнде 15 мыңнан аслам сырт ел ҳәм биргеликтеги кәрханалар жумыс алып бармақта.

Мәмлекетимиздиң Раўажланыў стратегиясында суд процесинде тәреплердиң ҳақыйқый теңлик ҳәм тартысыў принциплерин жүзеге шығарыў, пуқаралар ҳәм исбилерменлик субъектлериниң әдил судлаўға ерисиў дәрежесин арттырыў да белгиленген. Соннан келип шығып, жуўапкер ҳәм қәнигелер халық пенен пикирлесип, тараўдағы машқалаларды үйренген.

Мәжилисте мине, усы машқалалар талланып, тараўды реформалаў бойынша усыныслар додаланды.

Атап өтилгениндей, ҳәр жылы орташа 1 миллион 500 мың халық судларға мүрәжат етеди. Ўәлаят судлары әдил қарар шығарыў бойынша жетерлише жуўапкершилик алмай атырғаны себепли әўерегершиликлер көп. Мысалы ушын, жылдың басынан берли 18 мың пуқара ўәлаят судлары қабыл еткен қарарлардан наразы болып, Жоқары судқа келген.

Судларда жумысларды көрип шығыў ескише даўам етип атыр. Адвокатлардың орны жоқары емес. Тергеўшилер өз үстинде ислемей қойған.

Судқа араласыўлардың алдын алыў ушын судьялардың ўәкиллик мүддети создырылды, мийнет ҳақысы кескин арттырылды. Оларды лаўазымға тайынлаў Судьялар жоқары кеңесине өткерилди. Бирақ бул бойынша еле айырым бослықлар бар.

Соның ушын Президент судларда тартысыў орталығын қәлиплестириў, ҳуқық-қорғаў уйымларының жумысын жетилистириў бойынша көрсетпелер берди.

Ўәлаят судларының жуўапкершилигин арттырыў, жынаят исин айыплаў жуўмағы ҳәм қорғаўшы пикири менен бирге қабыл етиўди нәзерде тутыўшы нызам жойбарларын ислеп шығыў ўазыйпасы қойылды.

Судьялар жоқары мектебин түп-тийкарынан реформалаў, районлық ҳәм ўәлаятлық судлар ушын мүлк, шаңарақ, мийнет қатнасықларына қәнигелескен судьялар таярлаў зәрүр екенлиги атап өтилди. Судьялар жәмийетшилигиниң ўәкилликлерин күшейтиў, судьялардың санын басқышпа-басқыш көбейтиў усынысы мақулланды.

Мәмлекетимиз басшысы тараўда санластырыўды кеңейтип, мәлимлеме системаларын үйлестириў, заманагөй технологиялар арқалы адамларға қолайлықларды арттырыў бойынша тапсырмалар берди.

Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги

Поделиться