Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
Режеп Таййип Эрдоған да Самарқандта
2022-11-10 | Сиясат
Түркия Президенти Режеп Таййип Эрдоған Түркий мәмлекетлер шөлкеминиң биринши саммитине қатнасыў ушын Өзбекстанға жетип келди.
Самарқанд халықаралық аэропортында жоқары мәртебели мийманды Өзбекстан Республикасы Бас министри А.Арипов ҳәм басқа да рәсмий адамлар күтип алды.
Ол Түркий Мәмлекетлер шөлкеминиң Самарқанд саммитинде әҳмийетли қарарлар қабыл етилиўинен тысқары, шөлкемниң келешеги ҳәм әмелдеги бирге ислесиўди тереңлестириў мәселелери додаланатуғынын атап өтти.
Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги