Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
Қырғызcтан Президенти Самарқандқа келди
2022-11-10 | Сиясат
Қырғыз Республикасы Президенти Садир Жапаров 10-ноябрь күни Түркий мәмлекетлер шөлкеминиң саммитинде қатнасыў ушын елимизге келди.
Халықаралық аэропортта уллы мәртебели мийманды Өзбекстан Республикасы Бас министри Абдулла Арипов ҳәм басқа да рәсмийлер күтип алды.
Саммит күн тәртибинен экономика, саўда, инвестиция, транспорт, инновация, экология, туризм, мәдений-гуманитарлық ҳәм басқа тараўларда өз-ара пайдалы ҳәм көп тәреплеме бирге ислесиўди және де раўажландырыў, Шөлкем жумысын жетилистириў мәселелери орын алған.
Икром АВВАЛБОЕВ
Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги