Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

Жеңилликлердиң нәтийжелилиги талланды

2022-11-01 | Сиясат

Президент Шавкат Мирзиёевтиң жанында экономика тармақларына бағдарланған жеңилликлер нәтийжелилигин таллаў бойынша мәжилис болып өтти.

Инсанлар өз бизнесин баслаўы, раўажланбаған кәрханалар ямаса шетки аймақлар «аяққа турып алыўы» ҳәм жаңа экспорт базарларына кириўи ушын гейде жәрдем керек. Бул соңғы нәтийжеде жаңа жумыс орынларының пайда болыўы ҳәм халық дәраматларының артыўына хызмет етеди.

Усы мақсетте кейинги жыллары бир қатар жеңилликлер енгизилди. 2021-жылы олардың жәми көлеми 51 триллион сумды қураған. Нәтийжеде өткен жылы 170 мың жаңа исбилерменлик субъекти ашылған, 500 мыңнан аслам жумыс орны жаратылған.

Кейинги алты жылда тек ғана салық тараўында 1 мың 400 ге шамалас жеңилликлер берилген.

Экспортты қоллап-қуўатлаўға қаратылған субсидиялар да өзиниң нәтийжесин берип, исбилерменлердиң сыртқы базарға шығыўына жәрдем болмақта. Тек ғана өткен жылы 280 миллиард сумнан артық сондай субсидиялар ажыратылған болып, оның 220 миллиардға шамаласы экспорт бойынша транспорт қәрежетлерине қаратылған. Нәтийжеде 2 мың 800 кәрхана биринши мәрте сыртқы базарға шыққан.

Сондай-ақ, экспортшы кәрханаларға халықаралық стандартластырыў ҳәм сертификациялаў, қамсызландырыў ҳәм ҳәттеки, реклама қәрежетлериниң айырым бөлегии қаплап берилмекте. Нәтийжеде электр техникасы тармағында берилген ҳәр бир сум субсидия есабынан 870 сумлық экспорт әмелге асырылған. Бул көрсеткиш тоқымашылық тараўында 555 сум, қурылыс материаллары тараўында 273 сумды қураған.

Исбилерменлерге жәрдемлесиў ушын кредит процентлерин компенсациялаў ҳәм кредит кепилликлерин бериў системасы жаратылды. Оларға кредит жүклемелерин азайтыў мақсетинде Исбилерменлик жумысын қоллап-қуўатлаў қоры тәрепинен 6 триллион 100 миллиард сумлық миннетлемелер алынған болып, усы жылдың өзинде 2 триллион 500 миллиард сумлық компенсациялар төлеп берилген.

Бирақ, орынларда жеңилликлерден нәтийжесиз ямаса мақсетсиз пайдаланыў жағдайлары да ушырасып турмақта. Мәселен, мәмлекетлик бюджеттен 127 түрдеги субсидиялар енгизилген болса да, әмелде олардың 15 инен пайдаланылмай атыр.

Тармақлар ҳәм тараўлар бойынша да жеңилликлер нәтийжелилиги бирдей емес. Мысалы ушын, аўыл хожалығына берилген ҳәр 1 сум жеңиллик есабынан тараўда 33 сум қосымша қун жаратылмақта. Бул көрсеткиш денсаўлықты сақлаў тараўында 30 сум, билимлендириўде 22 сум, мәлимлеме технологияларында 16 сумды қурамақта.

Мәжилисте жеңилликлердиң нәтийжелилигин арттырыў бойынша көрсетпелер берилди.

– Кейинги жыллары экономика тармақларына түртки бериў ушын алдын тарийхымызда болмаған жеңилликлерди енгизиўге мәжбүр болдық. Бүгин олардан нәтийже, сабақ, тәжирийбе қандай болды, деген сораўға жуўап табыў керек. Бюджеттен ажыратылған ҳәр бир сумның есап-санағын орнына қойыў, жеңилликлердиң нәтийжелилигин арттырыў зәрүр,-деди Шавкат Мирзиёев.

Соннан келип шығып, Бас министрдиң орынбасары ҳәм қаржы министрине жеңиллик ҳәм субсидиялардың нәтийжелилиги көрсеткишлерин белгилеп, олардан нәтийжели пайдаланыў бойынша исенимли қадағалаў системасын енгизиў тапсырылды.

Есап палатасында мониторинг бөлими шөлкемлестирилип, жеңилликлер нәтийжелилигин турақлы таллап барыў ўазыйпасы қойылды.

Салық ҳәм бажыхана жеңилликлерин хатлаўдан өткерип, нәтийжесизлерин бийкарлаў, сырт ел ҳәм жергиликли инвесторлар ушын берилген жеңилликлерди бирдей етиў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Аймақлар кесиминде алғанда, салық жеңилликлериниң 31 проценти Ташкент қаласына туўра келмекте. Қарақалпақстан Республикасы, Жиззақ, Хорезм ҳәм Сурхандәрья ўәлаятларының үлеси 2 проценттен артпайды. Бирақ Сурхандәрьяның Алтынсай районында да, Ташкент қаласының Мирабад районында да исбилерменлер ушын белгиленген талаплар, салықлар, жеңилликлер, субсидия, компенсация ҳәм преференциялар бирдей.

Соның ушын мәмлекетимиз басшысы салық жеңилликлерин аймақлардың раўажланыў дәрежесинен келип шығып белгилеў бойынша көрсетпе берди.

– Енди орынларға барып, мәнзилли қарарлар қабыл етип, жеңилликлерден дурыс пайдаланып, ең шетки районларды да раўажланыў жолына алып шығыў керек,-деди Президент.

Халық ҳәм исбилерменлердиң бул бағдарда хабардарлығын арттырып, жеңилликлерден пайдаланыўға қамтылыўын кеңейтиў зәрүр екенлиги атап өтилди. Субсидиялар бойынша бирден-бир ашық портал жаратып, жеңилликлерди басқышпа-басқыш сол арқалы бериў усынысы билдирилди.

Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги

Поделиться