Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
Аграр тараўдағы ўазыйпалар додаланды
2022-10-18 | Сиясат
Президент Шавкат Мирзиёев 18-октябрь күни аграр тараўда жылдың ақырына шекем күтилип атырған нәтийжелер ҳәм келеси жылдағы ўазыйпалар бойынша мәжилис өткерди.
Үш жыл бурын елимизде аўыл хожалығын раўажландырыўдың 2020-2030-жылларға мөлшерленген стратегиясы қабыл етилип, үлкен реформалар басланған еди. Нәтийжеде мийўе-овощ экспорты 1,7 есеге артып, 1,1 миллиард долларды қурайды. Бийдай жетистириўде базар механизмлерине өтилгени нәтийжесинде фермер дәраматы 2 есеге артты. Халыққа жерлерди бөлип бериў есабынан усы жылы қосымша 1 миллион тоннадан аслам азық-аўқат өнимлери жетистирилди.
Климаттың өзгериўи ҳәм дүнья жүзиндеги қыйын жағдай себепли азық-аўқат қәўипсизлиги тийкарғы мәселеге айланбақта. Дүньяда аўыл хожалығы өнимлериниң баҳасы артыўы күтилмекте. Бундай жағдайда, бәринен бурын, халықтың талабын қанаатландырыў ҳәм экспорт имканиятларынан толық пайдаланыў керек.
Мәжилисте аўыл хожалығы министри бул бағдардағы режелер ҳаққында мәлимлеме берди.
Мәмлекетимиз басшысы тараўдағы әҳмийетли ўазыйпаларды көрсетип өтти.
– Аўыл хожалығы мәселесин өз алдына итибарға алып, тез-тез додалап атырғанымыз бийкарға емес. Себеби бул экономикамыздың төрттен бир бөлегин қурайтуғын әҳмийетли тараў. Буның негизинде халқымыздың абаданлығы, баҳаның турақлылығы, қанша жумыс орынлары бар, – деди Шавкат Мирзиёев.
Бәринен бурын, жер ҳәм суў ресурсларынан нәтийжели пайдаланып, өнимдарлықты арттырыў мәселеси көрилди. Фермерлерге топырақтың қурамын анықлаў, туқым таңлаў, егинди суўғарыў ҳәм зыянкеслерден қорғаўда жәрдемлесиў керек екени атап өтилди.
Усы мақсетте 200 мың гектар майданды лазерли тегислеў усынысы мақулланды. Онда өнимдарлық артқан майданлар ушын субсидия ажыратылады, лазерли тегислеў үскенесин сатып алған фермерлердиң қәрежети қаплап бериледи.
Сырт ел компаниялары менен биргеликте аймақларда суў ресурсларын нәтийжели басқарыў жойбарларын иске қосыў ўазыйпасы қойылды.
Дийқаншылық ушын жер ҳәм суў сыяқлы ең зәрүр дәреклерден бири бул қаржы. Фермер хожалықларының финанслық имканиятларын кеңейтиў, кредит ҳәм субсидия алыўды жеңиллетиў зәрүрлиги атап өтилди.
Және бир әҳмийетли бағдар мийўе-овощларды терең қайта ислеў. Бирақ, ҳәзирге бул бағдардағы көрсеткиш төмен. Бағ ҳәм жүзимгершиликтиң 20 процентинде, овощ майданларының дерлик 7 процентинде интенсив усыл енгизилген.
Сол себепли азық-аўқат санаатында 2 мың 163 жойбар қәлиплестирилген. Олардың нәтийжесинде 25 түрдеги азық-аўқат өнимлериниң импорты қысқарып, экспорт имканияты ашылады. 37 мыңнан аслам адам жумыс пенен тәмийинленеди.
Мәмлекетимиз басшысы мийўе-овощларды терең қайта ислеў арқалы қосымша қунды биймәлел 3-4 есеге арттырыў мүмкин екенин атап өтти. Мирабад, Денов, Паркент, Орта Шыршық, Үргенш ҳәм Қува районларында соған қәнигелескен азық-аўқат санаат парклерин шөлкемлестириў бойынша тапсырма берилди.
Президентимиз аўыл хожалығын санластырыў мәселесине айрықша тоқтап өтти.
– Санластырыў болмаса, тараўда реал статистика болмайды. Дурыс мағлыўмат болмағаннан кейин, агрохызметлер раўажланбайды, фермерлер қашан нени ексе, көбирек дәрамат алатуғынын билмейди. Соның ушын бул процессти жеделлестириў керек, – деди мәмлекет басшысы.
Усы жылдың ақырына шекем 3, келеси жылы 4 жойбарды жуўмақлап, жер есабы, субсидия ажыратыў, егислик майданларын мониторинг етиўди толық санластырыў ўазыйпасы қойылды.
Улыўма етип айтқанда, келеси жылы тараўда 600 мың жумыс орнын жаратыў ҳәм экспортты 2 миллиард долларға жеткериў мақсети белгиленди.
Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги