Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

Қаржылардың жумсалыўын қадағалаў мәселелери көрип шығылды

2022-10-17 | Сиясат

Президент Шавкат Мирзиёев жанында 17-октябрь күни мәҳәллелер инфраструктурасына ажыратылып атырған қаржылардың жумсалыўын қадағалаў мәселеси бойынша мәжилис болып өтти.

Бизге белгили, жақында 11-октябрь күни мәҳәллелерде халықты ойландырып атырған мәселелерди шешиў бойынша видеоселектор мәжилиси өткерилген еди. Онда халқымызды қуўандырған, адамлардың мәпине қаратылған оғада көп жаңалықлар айтылды.

Соның ишинде, усы жылдың қалған еки айында 5 мың 284 мәҳәлле инфраструктурасын жақсылаўға 2 триллион 700 миллиард сум ажыратылады. Ишки жолларды оңлаўға қаржылар жәми 2,2 есеге арттырылады. «Басламалы бюджет» шеңберинде 1,5 мың мәҳәлледеги жойбарларға 1 триллион 300 миллиард сум қаратылады. Келеси жылдан «Басламалы бюджет» жойбарлары ушын 8 триллион сум бериледи.

Мәжилисте усы қаржыларды нәтийжели пайдаланыў ҳәм жумсалыўын қадағалаў мәселелери додаланды.

– Келеси жылдан «Абат мәҳәлле», «Абат аўыл», жол қурылысы ҳәм басқа да мәмлекетлик инвестиция бағдарламаларын қәлиплестириў ҳәм әмелге асырыўдың жаңа системасына өтемиз, – деди мәмлекет басшысы. – Бул бағдарламалар ҳәм қәрежетлер тек ғана халық даўыс берген жойбарларға қаратылады. Прокурорлар болса ажыратылып атырған «ҳәр бир сум»ның өз орнында жумсалыўын тәмийинлеп, қадағалаўы керек.

Сол себепли, мәжилисте Өзбекстан Республикасы Бас прокуроры мәмлекетлик бағдарламалардың орынланыўы бойынша жаңа қадағалаў системасын енгизиў, талан-тараж етиў ҳәм нызам бузылыўлардың алдын алыў, қурылысларды ашық-айдын система тийкарында әмелге асырыў илажлары ҳаққында мәлимлеме берди.

Президентимиз қурылыс процесслерин қадағалаўда халықтың қатнасыўын кеңейтиў, объектлерди қабыллаў комиссияларына мәҳәлле баслықларын киргизиў бойынша көрсетпе берди.

Келеси жыл 1-январьдан баслап, баҳасы 10 миллиард сумнан жоқары болған қурылыс объектлерине сырт ел техникалық-қадағалаў қәнигелериниң тартылыўы, мәмлекетлик объектлер бойынша жойбар ҳүжжетлери «Қурылыс ресурслары классификаторы» платформасы тийкарында ислеп шығылыўы белгиленди. Бул платформа қурылыс материалларының баҳаларын бирден-бир принцип тийкарында қәлиплестириў имканиятын береди.

Коррупцияға қарсы гүресиў агентлигине жойбарлар, жумысты бөлип алып ислеўшилер ҳәм қурылыс ҳаққындағы мағлыўматлардың жәмийетшилик ушын ашық-айдынлығын тәмийинлеў ўазыйпасы қойылды.

Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги

Поделиться