Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
Өзбекстан Президенти Тәжикстан Президентин юбилей сәнеси менен шын жүректен қутлықлады
2022-10-05 | Сиясат
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 5-октябрь күни Тәжикстан Республикасы Президенти Эмомали Раҳмон менен телефон арқалы сөйлести.
Мәмлекетимиз басшысы Тәжикстан жетекшисин 70 жыллық юбилейи менен шын жүректен қутлықлап, оған беккем денсаўлық, бахыт-ығбал, үлкен жетискенликлер, дос Тәжикстан халқына болса тынышлық-татыўлық ҳәм раўажланыў тиледи.
Президент Эмомали Рахманның заманагөй Тәжикстанды қурыў ҳәм мәмлекеттиң халықаралық көлемдеги абырайын арттырыў, Өзбекстан ҳәм Тәжикстан арасындағы дослық ҳәм жақын қоңсышылық, стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық қатнасықларында бүгинги жоқары дәрежеге ерисиўдеги орны айрықша атап өтилди.
Сөйлесиў барысында алдын ерисилген ҳәм қабыл етилген келисимлерди әмелге асырыў мәселелери көрип шығылды. Санаат, аўыл хожалығы, энергетика, транспорт ҳәм басқа да әҳмийетли бағдарлардағы баслы кооперациялық жойбарларды алға қойыўға хызмет ететуғын Биргеликтеги инвестициялар фонды өз жумысын баслағаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.
Жедел аймақлараралық сөйлесиўлерди буннан былай да кеңейтиў, еллеримизде қоспа исбилерменлик ҳәм мәдений илажларды өткериў әҳмийетли екени атап өтилди.
Сондай-ақ, регионаллық күн тәртибиниң әҳмийетли мәселелери бойынша пикир алысылды, болажақ көп тәреплеме ушырасыўлар режеси көрип шығылды.
Өзбекстан ҳәм Тәжикстан Президентлериниң телефон арқалы сөйлесиўи ҳәр қашанғыдай ашық, қызғын ҳәм дослық руўхында өтти.
Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги