Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

Реформалардың кейинги басқышы бойынша ўазыйпалар көрсетип өтилди

2022-09-21 | Сиясат

Президент Шавкат Мирзиёев 20-сентябрь күни реформаларды және де жеделлестириў ҳәм нәтийжелилигин тәмийинлеў мәселелери бойынша мәжилис өткерди.

Халқымызға жақсы белгили, кейинги жыллары мәмлекетимизде түпкиликли реформалар дәўири болды. Көплеп тараўларда биринши гезектеги машқалалар шешилди.

Атап айтқанда, сырт ел валютасының еркин конвертациясы жолға қойылды. Салық системасы реформаланып, салықлар саны азайтылды. Исбилерменлик ушын имканият кеңейтилди. Бажыхана тәртиплери әпиўайыластырылды. Барлық тараўларда мәлимлеме технологиялары енгизилмекте. Аўыл хожалығында базар механизмлерине өтилмекте. Мәжбүрий ҳәм балалар мийнетине шек қойылды.

Аймақларды раўажландырыў, социаллық мәселелерди шешиў бойынша да жаңа системалар енгизилди. Билимлендириў ҳәм медицинада сапаны арттырыў илажлары көрилмекте. Улыўма, ҳәзирги күнде 100 ден аслам тараўлар менен бағдарларда реформалар әмелге асырылып келинбекте.

Келешекте, дүньядағы тез өзгериўшең сиясий-эконмикалық жағдайды есапқа алып, турақлы өсиўди даўам еттириў, халықтың жасаў жағдайы ҳәм турмыс шараятларын және де жақсылаў мақсетинде реформалардың кейинги басқышын әмелге асырыў зәрүр. Ең тийкарғысы, бул реформаларды асықпастан, логикалық избе-изликте ҳәм системалы ислеў керек.

Усы мақсетте, мәмлекетимиз басшысының 9-сентябрьдеги пәрманы менен, Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Стратегиялық реформалар агентлиги шөлкемлестирилди.

Мәжилисте усы Агентлик жумысын жолға қойыў мәселелери додаланып, тийкарғы бағдарлар көрсетип өтилди.

- Реформалар нәтийжесинде унамлы өзгерис болыўы, адамлар буны өз өмиринде сезиўи керек. Агентлик оның ушын баслы реформаларды анықлайтуғын, оларды өз-ара муўапықластыратуғын ҳәм нәтийжелиликти тәмийинлейтуғын структураға айланыўы керек,-деди Президент.

Мәжилисте бул бағдардағы тийкарғы ўазыйпаларға тоқтап өтилди. Айрықша тараўлар менен тармақларды реформалаў бойынша усыныслар ислеп шығыў, реформалардың үстинлиги ҳәм логикалық избе-излигин белгилеў, мәмлекетлик бағдарламалардың орынланыўын мониторинг етиў, системалы машқалалары анықлаў ҳәм тийисли илажлар көриў мине, усындай әҳмийетли ўазыйпалардан болып есапланады.

Мәселен, таллаўлар аўыл ҳәм суў хожалығы, жер қатнасықлары, экономикада мәмлекет үлесин қысқартыў, транспорт, комуналлық хожалық, медицина сыяқлы тараўларда қойылған мақсетлерге ерисилмегенин көрсетпекте. Стратегиялық реформалар агентлиги бундай машқалаларды сын көзқарастан таллап, жумысты жеделлестириў бойынша анық илажлар белгилейди.

Жумыс орынларының көбейиўи ҳәм халық дәраматларының өсиўи ушын экономиканың тийкарғы тармақларын анықлаў да жүдә әҳмийетли.

Соның ушын мәмлекетимиз басшысы халықтың барлық қатламларына унамлы тәсир ететуғын реформаларды анықлап, «жол картасы»н ислеп шығыў бойынша көрсетпе берди. Онда халықтан ең көп мүрәжат болып атырған тараўларға итибар қаратыў, олар бойынша неге ерисилиўи ҳәм халық қандай мәп көриўин анық көрсетиў зәрүр екенлигин атап өтти.

Тийкарғы тараўларда реформалаў ҳәм муўапықластырыў бойынша министрликлер ҳәм уйымлардың тәжирийбели қәнигелери және халықаралық экспертлерден ибарат Жойбарлаў топарларын қәлиплестириў ўазыйпасы қойылды.

Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги

Поделиться