Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

Өзбекстан Президенти Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Бас хаткериниң орынбасарын қабыллады

2022-09-14 | ШБШ

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 14-сентябрь күни ШБШның Самарқанд саммитинде қатнасыў ушын мәмлекетимизге келген БМШ Бас хаткериниң сиясий мәселелер ҳәм тынышлық орнатыў бойынша орынбасары Розмари ДиКарлоны қабыллады.

Өзбекстан ҳәм БМШ арасындағы әмелий бирге ислесиўдиң перспективалы бағдарлары, әҳмийетли халықаралық мәселелер, мәмлекетимизде 2030-жылға шекем Турақлы раўажланыў мақсетлерине ерисиў бағдарындағы жумыслар бойынша толық пикир алысылды.

Розмари ДиКарло Президент Шавкат Мирзиёевқа шын кеўилден қабыллағаны ушын миннетдаршылық билдирди. БМШ Бас хаткери Антониу Гутерриштиң сәлемин жеткерип, ол 2022-2026-жыллары Жаңа Өзбекстанды раўажландырыў стратегиясы шеңберинде әмелге асырылып атырған реформаларды қоллап-қуўатлайтуғынын билдирди.

Кейинги жыллары Өзбекстанның БМШ структураларындағы қатнасының жеделлескени қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Мәмлекетимиздиң басламасы менен БМШ Бас Ассамблеясының регионаллық бирге ислесиў ҳәм өз-ара байланыслылықты алға қойыўға қаратылған бес резолюциясы қабыл етилди.

Өзбекстан 2020-2021-жыллары ФАОның Европа ҳәм Орайлық Азия бойынша 32-регионаллық конференциясында басшылық еткени, БМШтың Инсан ҳуқықлары бойынша кеңесине ағза болып киргени, ЮНЕСКОның киши жастағы балалар тәрбиясы ҳәм билимлендириўи бойынша жәҳән конференциясы ҳәм Жәҳән туристлик шөлкеминиң (ЮНВНТО) Бас ассамблеясын өткериўди режелестирип атырғаны айрықша атап өтилди.

Тәреплер Арал теңизи апатшылығының ақыбетлерин жумсартыў, Аўғанстанда тынышлық орнатыў ҳәм аўған халқына жәрдемлесиў жойбарларын әмелге асырыў, Орайлық Азияда турақлы раўажланыўды әмелге асырыў ҳәм өз-ара байланыслылықты беккемлеў бағдарындағы бирге ислесиўди беккемлеўге келисип алды.

Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги

Поделиться