Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
Шанхай бирге ислесиў шөлкеминиң Самарқанд саммити: өз-ара байланыстағы дүньяда қарым-қатнас ҳәм бирге ислесиў
2022-09-12 | Сиясат
Өзбекстанның Шанхай бирге ислесиў шөлкемине басшылығы дүнья жүзинде жедел процесслер болып атырған өзине тән «тарийхый эволюция» басқышына туўра келди – бир тарийхый дәўир жуўмақланбақта ҳәм болжаў қыйын болған жаңа дәўир басланбақта.
Халықаралық бирге ислесиўдиң универсал принцип ҳәм нормаларына тийкарланған системасы изден шығып атырғаны бүгинги күнниң ҳақыйқаты болып табылады. Буның тийкарғы себеплеринен бири – глобал дәрежеде мәмлекетлер арасында өз-ара исенимниң дағдарысқа ушырап атырғаны менен байланыслы. Бул болса өз гезегинде гиосиясий қарама-қарсылықларға хошамет берип, «блокларға тийислилик» стереотиплериниң қайта туўылыў қәўипин жүзеге келтирмекте. Мәмлекетлер арасындағы бундай өз-ара исенимсизлик процеси дүнья экономикасының бурынғы раўажланыў жолына қайтыўын ҳәм глобал тәмийнат шынжырларының тиклениўин қыйынластырмақта.
Дүньяның ҳәр қыйлы орынларында даўам етип атырған қураллы урыслар саўда ҳәм инвестициялық ағымларды изден шығарып, азық-аўқат ҳәм энергетика қәўипсизлигин тәмийинлеў бағдарындағы машқалаларды және де кескинлестирмекте.
Соның менен бир қатарда, глобаллық ықлымның өзгериўи, тәбийғый байлықлар ҳәм суў ресурслары жетиспеўиниң артыўы, биоҳәрқыйлылыққа зыян келиўи және қәўипли жуқпалы кеселликлер тарқалыўы жәмийетлеримиздиң ҳәлсиз тәреплерин және де айқынырақ көрсетип бермекте. Бул машқалалар адамзаттың тәғдирине тиккелей байланыслы болған бирдей қәдирият ҳәм жемислердиң жоғалыўына алып келип, адамлардың турмысы ҳәм жумысына қәўип салмақта, олардың дәрамат дәреклерин қысқартпақта.
Бундай қыйын шараятта бир ҳақыйқат анық: ҳеш бир мәмлекет жалғыз өзи усы глобал қәўип-қәтерден шетлеп өте ямаса сапластыра алмайды.
Бүгин биз жасап атырған, процесслер өз-ара тығыз байланыслы дүньяда қәўипли машқалалар дөгерегинен шығыўдың бирден-бир жолы – конструктивлик қарым-қатнас ҳәм ҳәр бир тәрептиң мәплерин есапқа алыў ҳәм ҳүрмет етиўге тийкарланған көп тәреплеме бирге ислесиў болып табылады. Әйне кризислер дәўиринде мәмлекетлер, олар мейли үлкен, мейли киши болсын, өзлериниң тар шеңбердеги мәплерин үстин қоймай, керисинше, тийкарғы итибарды глобал бирлесиўге қаратыўы керек. Тынышлық, қәўипсизлик ҳәм турақлы раўажланыўға қәўип туўдырып атырған, ҳәр бир мәмлекетке қәўип туўдыратығын қәтерлерге қарсы улыўма ҳәрекет ҳәм имканиятларды бирлестириў ҳәм жумсаў бәршемиз ушын бирдей пайдалы.
Нәтийжели халықаралық бирге ислесиў – бул дүньяда турақлы, исенимли ҳәм абадан раўажланыўдың ең әҳмийетли факторы болып табылады. Әйне усындай қатнас заманымыздың әҳмийетли машқалаларын бирге шешиў, жаңа қәўип-қәтер ҳәм социаллық ләрзелерден қорғаныў ушын ең анық, мақул ҳәм нәтийжели жол болып табылады.
Табыслы регионаллық бирге ислесиў модели
Бәршениң ҳәм ҳәр бир тәрептиң мәплерине жуўап беретуғын халықаралық бирге ислесиўди көп тәреплеме институтларсыз әмелге асыра алмаймыз. Бул институтлар жумысындағы белгили бир кемшиликлерге қарамастан, олар регионаллық ҳәм глобаллық көлемде мәмлекетлер аралық бирге ислесиўдиң ең әҳмийетли қуралы болып хызмет етиўди даўам етпекте. Халықаралық ҳәм регионаллық шөлкемлер мәмлекетлер арасындағы ҳәр қыйлы келиспеўшиликлерди жеңип өтиў, өз-ара түсинисиўди беккемлеў, сиясий ҳәм экономикалық бирге ислесиўди раўажландырыў, саўда-сатықты кеңейтиў және мәдений-гуманитарлық алмасыўды хошаметлеўде жәрдем береди.
Көп тәреплеме жумыс ислеўге тийкарланған ең жас институтлардың бири – Шанхай бирге ислесиў шөлкеми саррас мине, усындай мақсет ҳәм ўазыйпаларды гөзлейди. Бул шөлкем мәдений-цивилизациялық көз қараслары ҳәр қыйлы, өзиниң сыртқы бағдарлары ҳәм миллий раўажланыў моделлерине ийе мәмлекетлерди бирлестире алған өзине тән мәмлекетлераралық шөлкем болып табылады. Тарийх ушын қысқа дәўирде ШБШ үлкен жолды басып өтип, глобал сиясий ҳәм экономикалық системаның ажыралмас бөлегине айланды, деп беккем исеним менен айтыў мүмкин.
Бүгинги күнге келип ШБШ жәмийетшилиги – үлкен географиялық мәканды қамтып алған ҳәм планетамыз халқының дерлик ярымын бирлестирген, дүньядағы ең ири регионаллық шөлкем болып табылады.
ШБШның халықаралық шөлкем сыпатындағы тартымлылығы оның жумысының тийкарын қурайтуғын төмендеги принциплерде көринбекте: Шанхай бирге ислесиў шөлкеминиң ҳәр қыйлы блоклардан жырақ статусқа ийе екени, ашық-айдынлық, үшинши мәмлекетлер ямаса халықаралық шөлкемлерге қарсы қаратылмағаны, барлық қатнасыўшы тәреплердиң теңлигин ҳәм суверенитетин ҳүрмет етиў, ишки ислерге араласпаў, сиясий қарама-қарсылық ҳәм даўлы қарсыласлыққа жол қоймаў.
Шанхай бирге ислесиў шөлкеми табысының гиреўи – регионаллық қәўипсизликти тәмийинлеў арқалы көп тәреплеме бирге ислесиўди алға қойыўда.
ШБШ өзиниң мазмунына бола, тынышлық, бирге ислесиў ҳәм раўажланыў жолында бирлесиўине, айырыўшылық элементинен жырақ болған тартымлы мәканға айланыўы зәрүр.
Сол себепли де ШБШ жумысына қосылыў тилегиндеги мәмлекетлердиң саны жылдан-жылға артып бармақта. Бул тенденция халықаралық ҳәм регионаллық қатнасықлар системасы трансформация процесин басынан өткерип атырған бүгинги шараятта айқын көзге тасланбақта.
ШБШ мәканындағы мәмлекетлердиң жоқары адамгершилик, интеллектуаллық ҳәм технологиялық потенциалына, жедел раўажланып атырған экономикаларға ҳәм еле толық пайдаланылмаған тәбийғый резервлерге ийе екени шөлкемниң экономикалық әҳмийетин буннан былай да арттырыўға хызмет етеди.
Бүгинги күнде ШБШға ағза мәмлекетлер жалпы ишки өнимниң улыўма көлеми жәҳән көрсеткишлериниң дерлик шерек бөлегин қурамақта. Бул болса енди ғана 20 жасқа толған бул регионаллық Шөлкем тәрепинен дүньяның турақлы раўажланыўына қосылып атырған үлесиниң салмағы басым екенинен дәрек береди.
Жаңа сынақлар ҳәм имканиятлар жүзеге келип атырған бүгинги дүньяда ШБШның трансформациясы ҳәм раўажланыўы ушын тек ғана ағзалар санының көбейиўиниң есабынан емес, ал шөлкемниң раўажланыўының жаңа стратегиялық бағдарларды алға қойыў арқалы кең перспективалар бар. Бул жерде гәп транспорт ҳәм өз-ара байланыслылық, энергетика, азық-аўқат ҳәм экология қәўипсизлиги, инновациялар, санлы трансформация ҳәм «жасыл» экономика сыяқлы әҳмийетли бағдарлар туўралы бармақта.
Өзбекстанның ШБШдағы басшылығы: биргеликте раўажланыў арқалы улыўма жетискенликлерге қарай
Өзбекстан Республикасы Шанхай бирге ислесиў шөлкемине басшылық етиў сыяқлы ўазыйпаны өз мойнына алғаннан соң, тийкарғы итибарды бирге ислесиўдиң жаңа горизонтларын ашыў ҳәм ҳәр бир қатнасыўшы мәмлекеттиң пайдаланылмаған резервлерин иске қосыў арқалы Шөлкемди жедел раўажландырыў стратегиясына қаратты.
Бизиң тийкарғы сүренимиз – «Ҳәр биримиз күшли болсақ ғана ШБШ күшли болады». Оны әмелде жүзеге шығарыў жолында Шөлкемди буннан былай да күшли ҳәм халықаралық шериклеримиз ушын және де тартымлы болыўына ерисиў ушын көп ҳәрекет еттик.
Жыл даўамында өткерилген сексеннен аслам ири илажлар шеңберинде ШБШ ушын кең көлемли күн тәртиби қәлиплестирилди. Онда қәўипсизлик тараўындағы байланысларды буннан былай да кеңейтиў, транспорт ҳәм экономикалық өз-ара байланыслылықты күшейтиў, Шөлкемниң халықаралық майдандағы орнын беккемлеў, раўажланыўдың жаңа жолларын ҳәм орайларын излеў сыяқлы көплеген әҳмийетли мәселелер қамтып алынды.
Өз раўажланыўының жаңа тарийхый басқышында турған ШБШ ушын үлкен перспективаға ийе бул бағдарлар Өзбекстанның басшылығы дәўиринде таярланған отыздан аслам концептуаллық бағдарлама, келисим ҳәм қарарларда өз көринисин тапты.
Соны айрықша атап өтиў керек, елимиздиң ШБШға басшылығы елимизде кейинги алты жылда әмелге асырылып киятырған жедел ҳәм ашық-айдын сыртқы сиясаттың логикалық даўамы болды. Бул сиясат, бәринен бурын, ШБШның географиялық өзеги болған, бүгинги күнде жақын қоңсышылық ҳәм бирге ислесиўди беккемлеў бағдарындағы унамлы ҳәм изге қайтпайтуғын процесслер жүз берип атырған Орайлық Азия регионында әмелге аспақта.
ШБШға ағза барлық мәмлекетлер – ең жақын қоңсыларымыз, досларымыз ҳәм стретегиялық шериклеримиз болып табылады.
Шөлкемге басшылық бизге олар менен көп тәреплеме кооперацияларды буннан былай да беккемлеў менен бирге ҳәр бир мәмлекет пенен еки тәреплеме бирге ислесиўди кеңейтиў ҳәм және де кең көлемли шериклик ушын жаңа бағдарларды белгилеп алыўға жақсы имканиятлар берди.
Соған беккем исенемен, бүгин ШБШ шеңберинде қәлиплескен мине усындай унамлы ҳәм табыслы тәжирийбеден Аўғанстанды раўажландырыў мәселесинде де пайдаланыў оғада әҳмийетли ҳәм актуал болып табылады. Ҳеш гүмансыз, Аўғанстан ШБШ мәканынының бөлеги болып табылады. Бүгин аўған халқы қоңсы ҳәм тилеклес мәмлекетлердиң жәрдемине ҳәр қашанғыдан да мүтәж. Аўғанстанға биргеликте жәрдем қолын созыўымыз, мәмлекеттиң социаллық-экономикалық раўажланыўына, регионаллық ҳәм глобаллық раўажланыў процесслерине интеграцияласыўына жәрдемлесиўимиз ҳәм сол арқалы усы мәмлекеттиң көп жыллық кризистен шығыўы ушын қолайлы шараят жаратып бериў бизиң руўхый парызымыз болып табылады.
Әсирлер даўамында глобал көлемдеги мәмлекетлер ҳәм регионаллық күш орайлары арасындағы қарама-қарсылықларда буфер ролин атқарып келген Аўғанстан енди Орайлық ҳәм Қубла Азияны байланыстыратуғын көпир ўазыйпасын атқарыўдай жаңа тынышлық миссиясында өзин көрсетиўи керек.
Бундай өз-ара пайдалы регионлараралық бирге ислесиўдиң үлги нышаны сыпатында Трансаўған коридорының қурылыс жойбарын айтыў мүмкин. Соны да түсиниў керек, «Термиз – Мозары Шариф – Қабыл – Пешавар» темир жолы сыяқлы қоспа инфраструктуралық жойбарларды биргеликте әмелге асырыў арқалы, биз социаллық-экономикалық ҳәм транспорт-коммуникациялық ўазыйпаларды шешип ғана қоймай, регионаллық қәўипсизликти тәмийинлеўге де салмақлы үлес қосыўымыз мүмкин.
Өз-ара позицияларымызды жақынластырып, тыныш, турақлы ҳәм абадан Аўғанстан ушын ШБШның жаңа күн тәртибин биргеликте ислеп шыға алыўымызға исенемен. Сонда ғана шын мәниде турақлы ҳәм избе-из раўажланып атырған, пүтин қәўипсизликке ийе болған ШБШ мәканын қура аламыз.
«Самарқанд руўхы» – бирге ислесиў, өз-ара түсинисиў ҳәм дослықтың көриниси
Саўда-экономикалық ҳәм өндирислик байланыслардың үзилисине алып келген үш жыллық «пандемия тәнеписинен» кейин ШБШ мәмлекетлери ҳәм халықларына тиккелей қарым-қатнас зәрүр.
Уллы Жипек жолының дүрданасы болған ески Самарқанд қаласы дүньяның он төрт мәмлекетиниң жетекшилерин Шөлкемниң ҳәм оған ағза мәмлекеттиң абаданлығына ҳәм раўажланыўына хызмет ететуғын жаңа және алдыңғы усыныслар ҳәм басламалар менен күтип алыўға таяр.
Усы әпсанаўий қала Шанхай бирге ислесиў шөлкеминиң тарийхында жетискенликтиң және бир бетин ашыўына гүман жок. Самарқандтың абырайлы тарийхый мийрасы оған хызмет етеди. Көп әсирлер даўамында бул қала Европадан Қытайға шекем болған мәмлекетлерди беккем байланыстырып, Арқа менен Қубланы, Шығыс пенен Батысты бирден-бир кесилиспеде тутастырған.
Әзел-әзелден Самарқанд ҳәр қыйлы идея ҳәм билимлер «қайнаған» мәкан болып, бул жерде адамзаттың тыныш ҳәм абадан жасаў, өзиниң күш ҳәм имканиятларын жүзеге шығарыў, бахытлы турмыс кешириў сыяқлы бирдей мақсетлер жәмленген. Бул теберик жерде жасайтуғын ҳәр бир адам, жақсы қоңсы – бул Қудайдың инсанға берген бахтының бир бөлеги екенин, тыныш-татыў қоңсышылық болса берекет дәреги екенин терең аңлаған. Өйткени, бирге ислесиў, саўда, дөретиўшилик, илим ҳәм көркем өнер, адамгершилик идеялар болған жерде жақсылықлар көбейеди, халықлар абадан ҳәм өз-ара татыў жасайды.
Бүгин заманагөй ҳәм жедел раўажланып атырған инфраструктураларға ийе болған Самарқандтың бундай бийбаҳа тәреплери оны регионаллық ҳәм глобал қәўип-қәтерлерди биргеликте додалаў, бул бағдарда зәрүр шешимлерди излеп табыў ушын ең қолайлы ҳәм оптимал майданға айландырмақта.
Адамзаттың бир пүтинлиги ҳәм өз-ара байланыслылығы сол дәрежеде жоқары, жүзеге келген қәўип-қәтерлердиң көпшилиги тек ғана регионлар емес, ал улыўма көлемдеги бирге ислесиўди талап етпекте.
Көп жыллық биргеликтеги жумысларымыздың тәжирийбесине сүйенип ШБШның Самарқанд саммити улыўма қәўипсизлик ҳәм раўажланыў жолындағы өз-ара ҳүрмет, исеним, конструктивлик бирге ислесиў принциплерине тийкарланған жаңа, инклюзив сөйлесиўди жолға қойыў бағдарында өзине тән үлги бола алады.
Самарқанд сыртқы сиясат байынша баслы бағдарлары ҳәр түрли болған мәмлекетлерди бирлестириў ҳәм келисимге келтире алатуғын әне усындай платформаға айлана алады.
Тарийх ушын қәлиплескен түсиникке бола, Самарқандтан турып қарағанда, дүнья шашаў емес, ал бир пүтин ҳәм бөлинбес болып көринеди. «Самарқанд руўхы» деген сийрек ушырасатуғын феноменниң мазмуны да тийкарынан сонда жәмленген болып, ол халықаралық бирге ислесиўдиң, соның ишинде, ШБШ шеңбериндеги шерикликтиң принципиаллық жақтан жаңа форматын қәлиплестириў бағдарында беккем тийкар болыўы мүмкин.
Тийкарынан алғанда, «Самарқанд руўхы» буннан 20 жыл бурын мәмлекетлеримиздиң дәўир талапларына сай, жаңа шөлкемин жаратыўға түртки болған «Шанхай руўхы»н үйлесимли түрде толықтырып турады.
Сол себепли Самарқандта ШБШ турмысының жаңа басқышы басланғанының гүўасы боламыз – Шөлкемниң қурамы кеңейип, оның келешек күн тәртиби қәлиплеседи ҳәм бунда терең символикалық мәни жәмленгенине беккем исенемиз.
Шанхай бирге ислесиў шөлкеминиң болажақ саммитинде қабыл етилетуғын қарарлар регионаллық дәрежеде де, глобаллық көлемде де пикирлесиў, өз-ара түсинисиў ҳәм бирге ислесиўди беккемлеўге салмақлы үлес қосатуғынына беккем исенемен.
Шавкат МИРЗИЁЕВ,
Өзбекстан Республикасы Президенти
Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги