Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
Жаңа Самарқанд: шынлыққа айланған арзыў-әрман
2022-08-24 | Сиясат
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Самарқанд қаласында «Уллы жипек жолы» халықаралық туризм орайының ашылыўына бағышланған салтанатлы мәресимде шығып сөйлеген сөзи
Ассалаўма әлейкум, ҳүрметли Самарқанд халқы!
Ҳүрметли мийманлар!
Бүгин сиз, әзизлер менен бәршемиз ушын қәдирли болған Самарқандтың жаңа келбетин белгилеп беретуғын саўлатлы комплекс – «Уллы жипек жолы» халқаралық туризм орайының салтанатлы ашылыў мәресиминде ушырасып турғанымнан қуўанышлыман.
Халқымыздың ақыл-парасаты ҳәм пидәкерлик мийнети менен бой тикелеген бул комплекс Жаңа Өзбекстанды қурыў жолындағы және бир салмақлы, табыслы нәтийже болды, десек әйне ҳақыйқатты айтқан боламыз.
Әййемги ҳәм нәўқыран Самарқандтың қушағында бой тиклеген мине, усындай заманагөй, уллы архитектуралық комплекс бәршемизге, пүткил халқымызға мүбәрек болсын, буйырсын!
Әзиз ўатанласлар!
Ҳәммемизге жақсы белгили, Самарқанд – миллий мәмлекетшилигимиз ҳәм улыўма, жәҳән цивилизациясы тарийхында айрықша орынға ийе. Бул ески қала тарийхымыздағы еки Ренессанс дәўириниң жүзеге келиўинде ҳәм раўажланыўында әҳмийетли роль атқарған.
Уллы Әмир Темур бабамыз өзи қурған қүдиретли салтанат ушын әйне Самарқанд қаласын пайтахт етип белгилегени де тегиннен емес.
Усы диярда қәлиплескен қутлы дәстүрлерди избе-из даўам еттире отырып, Самарқандтың ески абырайын тиклеў мақсетинде кейинги жылларда оны және де көркем ҳәм абат етиў, ҳақыйқый халықаралық туризм орайына айландырыў бойынша кең көлемли жумысларды әмелге асырмақтамыз.
Жаңадан қурылып, бүгин ашылып атырған «Уллы Жипек жолы» орайы бул жолдағы және бир үлкен қәдем болды. Жылына 2 миллион туристке хызмет ететуғын бул көп тармақлы орайдың қурамында «Мәңги қала» комплекси, Конгресс холл, 8 заманагөй мийманхана, амфитеатр ҳәм көплеген басқа да объектлер бар.
Биз орайдың жойбарын пуқта ислеп шығыў ушын тәжирийбели архитекторлар ҳәм инженерлерден ибарат халқаралық жәмийетшиликти тарттық. Олар таярлаған жойбарды миллий архитектуралық ҳәм қала қурыў тәжирийбемиз, климатымыздан келип шығып, қайта-қайта додаладық ҳәм жетилистирдик.
Бул үлкен орай уллы бабаларымыз дөреткен саўлатлы архитектуралық естеликлерге мүнәсип болып, олардың тарийхый дәстүрлерин даўам еттиреди. Бул комплекс елимизде ҳәзирги ўақытта тырнағы қаланып басланған Үшинши Ренессанс ҳәм алдыңғы тарийхый дәўирлер арасындағы рәмзий көпир болады, деп исенемен.
Дөретиўши халқымыз, жоқары билим ҳәм тәжирийбеге ийе инженер-қәнигелеримиз, нәўқыран жасларымыз әне усындай оғада қыйын ҳәм бийбаҳа жойбарды әмелге асырыў ушын сырт елли шериклеримиз бенене қолды қолға берип, пидәкерлик пенен мийнет етти.
Усы жерде Түркия, Уллы Британия, Италия сыяқлы мәмлекетлердиң жоқары маманлықтағы инженер ҳәм техник хызметкерлери қурылыс процесине белсене қатнасқанын айрықша атап өтиў зәрүр.
Пурсаттан пайдаланып, бүгинги салтанатлы мәресимде қатнасып атырған сырт ел дипломатиялық корпусы ҳәм халықаралық шөлкемлердиң ўәкиллерин шын жүректен қутлықлап, Өзбекстан менен көп қырлы байланысларды раўажландырыўға үлкен үлес қосып атырғаны ушын оларға шын жүректен миннетдаршылық билдиремен.
Буннан кейин де сизлердиң мақтанышлы жумысыңызда мәмлекетлеримиз арасындағы бирге ислесиўди және де беккемлеў, соның ишинде, туризм тараўындағы байланысларды кеңейтиў – әҳмийетли бағдарлардан бири болып қалады, деп үмит етемиз.
Қәдирли дослар!
Усы жаңа сулыў комплекске «Уллы жипек жолы» деп атама бергенимиздиң тийкарында терең мәни бар.
Әсирлер даўамында Қытайдың әййемги Сиан қаласынан басланып, дүньяның көплеген мәмлекетлери аймағынан өткен ҳәм әййемги Римге шекем жетип барған бул үлкен саўда жолы жәҳән халықлары арасындағы экономикалық, мәдений-ағартыўшылық қарым-қатнас қуралы болып келген. Ески Самарқанд болса, Уллы жипек жолының тийкарғы мәнзиллеринен бири болғанын жақсы билемиз.
Соны есапқа алып, биз жаңа орайдағы имаратларда Уллы жипек жолы дәўирине тийисли тарийхый көринислерин де сәўлелендирдик. Мәселен, «Мәңги қала» комплекси нағысларынан әййемги Афрасиёб дийўалларында сақланып қалған Сух мәмлекети ҳүкимдарының Корея, Қытай, Ҳиндстан ҳәм басқа да мәмлекетлердиң елшилерин қабыл етиў мәресиминиң көринислеринен пайдаландық.
Әне, усы мәмлекетлердиң елшилери ҳәм сырт елли туристлер де бул көринислер менен танысып, өз журтларының тарийхын усы жерде көргендей болады, деп ойлайман.
Биз Уллы жипек жолы арқалы раўажланған әне усындай тарийхый дәстүрлерин, бүгин раўажланыў, мәденият, дослық ҳәм бирге ислесиў жолы сыпатында қайта тиклеўге умтылмақтамыз. Усы мақсетте дүнья жәмийетшилиги менен ҳәр қыйлы тараўлардағы байланысларды күшейтиў, елимизге заманагөй илим жетискенликлери, жоқары технологиялар, инвестициялар, жаңа алдыңғы идеялар кирип келиўи ушын шараят жаратпақтамыз.
Улыўма, «Уллы жипек жолы» комплекси Өзбекстанның дүньяға кеңнен ашылып атырған және бир дәрўазасы, десек, әйне ҳақыйқат болады.
Ҳүрметли әнжуман қатнасыўшылары!
Самарқандты ири туризм орайына айландырыўда «Мәңги қала» архитектуралық ансамблиниң орны айрықша. Ол келешекте пүткил Самарқандтың өзине тән «мирәтнамасы»на айланады, деп исенемен.
Бул комплекс ҳәр қандай туристти әййемги әпсаналар әлемине, тарийхый естеликлер дүньясына алып киретуғын шын мәнидеги бийбаҳа жойбар болып табылады.
Әййемги усылда қурылған 14 аймағымызға тән 40 өнерментшилик устаханасының ҳәр бири бийтәкирар келбетке ийе.
Қолы гүл усталар ағашқа нағыс ойыў, гүлалшылық, жипек қағаз ислеп шығарыў, зергерлик ҳәм гилем тоқыў процесслери арқалы туристлердиң көз алдында шеберлик сабақларын алып барады. Атап айтқанда, Риштан гүлалшылығы, Бухара зер тигиўшилиги, Қарақалпақ қараүйи, Марғилан атласы сыяқлы өнерментшилик өнимлери туристлер ушын әмелий көркем өнер дүрданалары сыпатында усынылды.
Бул жерге келген адам тек ғана ески Самарқанд қушағында емес, ал пүткил Өзбекстан жеринде жүргендей болады, оның бар уллылығын ҳәм шексиз тартымлылығын сезинеди.
Бул гөззал орында 280 мың түп саяманлы терек ҳәм путалар егилди, 170 гектар жасыл аймақлар жаратылды.
Әлбетте, орай иске түсиўи нәтийжесинде елимизде туризм тараўын буннан былай да жоқары басқышқа алып шығыў ушын қосымша имканиятлар ашылады.
Усы жерде бир санға итибар бериң. Буннан 3-4 жыл бурын Самарқандқа келетуғын жергиликли ҳәм сырт елли туристлердиң саны 500 мыңнан аспайтуғын еди. Ҳәзирги күнде туризмди раўажландырыў бойынша реформаларымыз, қолайлы инвестициялық орталық жаратыў бойынша ҳәрекетлеримиз себепли Самарқандқа келип атырған сырт елли туристлердиң саны 2 есеге көбейди.
Бул көрсеткишти еле де жоқарылатыў ушын барлық имканиятлар жеткиликли. Атап айтқанда, келеси жылларда Самарқандқа келетуғын сырт елли туристлердиң санын 1,5 миллионнан асырыў бойынша илажлар көрилмекте.
Сол мақсетте ўәлаяттағы 50 ге шамалас мәдений мийрас комплекслерин рестарвациялаў және 600 ден аслам заманагөй мийманхана ҳәм қонақ үйлерин қурыў бойынша анық режелер исленген.
Қалада жәмийетлик транспорт системасын түп-тийкарынан реформалап, электробуслардың қатнаўы жолға қойылады.
Самарқандтың ҳаўа дәрўазасы болған аэропортты пүткиллей жаңадан қурғанымыз, туризмди раўажланлырыў бағдарындағы ең әҳмийетли жумысларымыздан бири болғанына гүман жоқ. Жаңа аэропорт бүгин ашылып атырған «Уллы жипек жолы» орайын қурыўдан гөзленген мақсетлеримизге оғада сәйкес ҳәм үнлес болып табылады.
Әзиз дослар!
Биз жыл басында «Өзбекстан бойлап саяхат етиң!» бағдарламасын қабыл еттик. Усы жолда мине, бүгин Самарқанд қаласында дәслепки нәтийжелерди көрип турмыз. Келешекте бундай заманагөй комплекс Бухара қаласында да қурылады. Усындай жойбарларды республикамыздың барлық аймақларында әмелге асырыў бойынша да режелеримиз бар.
Сол тәризде жергиликли ҳәм сырт ел туристлери ушын елимиздеги 8 мыңнан аслам мәдений мийрас объектлери менен жақыннан танысыў имканияты және де кеңейтиледи.
Улыўма алғанда, әне усындай жумысларымыздың нәтийжесинде келеси бес жылда мәмлекетимизге келетуғын туристлердиң санын ҳәзирги 2 миллионнан 9 миллионға жеткеремиз.
Ең әҳмийетлиси, туризм тараўында мийнет етип атырғанлар 500 мыңнан асады. Оларды оқытыў ҳәм кәсиплик шеберлигин арттырыў мақсетинде Самарқанд қаласында «Жипек жолы» туризм ҳәм мәдений мийрас халықаралық университетиниң жумысы жолға қойылған. Бул билим журтында ҳәзирги күнде 6 мәмлекеттен мыңнан аслам студент оқып билим алмақта, оларға сырт еллы профессорлар сабақ бермекте. Бул жерде 20 мыңға шамалас сийрек ушырасатуғын әдебиятлар ҳәм қолжазбалардан ибарат заманагөй китапхана шөлкемлестирилген.
Қәдирли ўатанласлар!
Есиңизде болса, буннан бир неше жыл бурын сизлер менен биргеликте Самарқандты және «Жер жүзиниң жамалы»на, дүньядағы ең сулыў ҳәм абат қалалардан бирине айландырамыз, деп нийет еткен едик.
Усы мақсет жолында Имам Бухарий бабамыздың естелик комплекси толық қайта қурылмақта. Несип етсе, бул теберик зыярат орны уллы ата-бабаларымыздың мусылман дүньясындағы жоқары абырай-мәртебесине ҳәр тәреплеме мүнәсип болған әжайып орынға айланады.
Әзиз дослар!
Алдымызда үлкен-үлкен сәнелер, ири мәдений-ағартыўшылық илажлар тур. Жанажан Ўатанамыз ғәрезсизлигиниң 31 жыллық байрамы барған сайын жақынласып келмекте.
Шанхай бирге ислесиў шөлкеми саммити, Түркий мәмлекетлердиң шөлкемге ағза мәмлекет басшыларының ушырасыўы сыяқлы абырайлы халықаралық илажлар да жақын айларда әйне Самарқандта болып өтеди.
Келеси жылда болса, ески қалаларымызда Европа тиклениў ҳәм раўажланыў банки басқарыў Кеңесиниң жыллық мәжилиси ҳәм Жәҳән туризм шөлкеминиң Бас ассамблеясы да өткериледи.
Әне усындай үлкен әнжуманларды жоқары дәрежеде шөлкемлестириўде бүгин ашылып атырған жаңа орайымыз да нәтийжели хызмет етеди.
Пурсаттан пайдаланып, Самарқандтың келбетин түп-тийкарынан өзгертип жиберген усы қурылысларды әмелге асырыўда шын жүректен, қәлбиндеги бар меҳри ҳәм садықлығы менен мийнет еткен барлық қурылысшы ҳәм қәнигелерге, исбилерменлерге ҳәм жуўапкер шөлкемлерге, сырт елли шериклеримизге, Самарқанд халқына, көп миллетли пүткил халқымызға миннетдаршылық билдириўге рухсат еткейсиз.
Мине усындай сулыў орынларымыз және де көбейсин!
Уллы Самарқандымыз, жанажан Өзбекстанымыз дүнья турғанша турсын!
Барлық табысларымыздың дөретиўшиси ҳәм қурыўшысы болған кеңпейил ҳәм мийнеткеш халқымыз бәрқулла аман болсын!
Итибарыңыз ушын рахмет.
Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги