Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

«Уллы жипек жолы» комплекси – Өзбекстанның дүньяға кең ашылып атырған дәрўазасы

2022-08-24 | Сиясат

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев «Уллы жипек жолы» халықаралық туризм орайының ашылыў мәресиминде қатнасыў ушын 23-август күни Самарқандқа келди.

Орайдан орын алған «Мәңги қала» комплекси ҳәўлисинде самарқандлы нураныйлар, зиялылар менен қызғын сәўбетлесиў болды. Бул имаратлар қут-берекетли болыўын, бундай жақсылықлар көп болыўын тилеп, пәтия етилди.

Буннан соң «Уллы жипек жолы» халықаралық туризм орайының салтанатлы ашылыў мәресими болды.

Онда мәмлекетимиз басшысы шығып сөйлеп, ҳәммени усы қуўанышлы ўақыя менен қутлықлады.

-Халқымыздың ақыл-парасаты ҳәм пидайы мийнети менен қурылған бул комплекс Жаңа Өзбекстанды қурыў жолындағы және бир салмақлы, табыслы нәтийже болды. Әййемги ҳәм нәўқыран Самарқанд қушағында бой тиклеген мине, усындай заманагөй, уллы архитектуралық комплекс барлығымызға, пүткил халқымызға мүбәрек болсын, буйырсын,-деди Шавкат Мирзиёев.

Самарқанд-миллий мәмлекетшилигимизге тийкар болған, тарийхымыздағы еки Ренессанс дәўиринде де әҳмийетли орын ийелеген қала. Соның ушын туристлер бул жерге тийкарынан әййемги естеликлерди көриў ҳәм уллы орынларды зыярат етиў ушын келетуғын еди. Туризмниң басқа бағдарлары ушын заманагөй комплекслер жоқ еди.

2019-жылы Президент Шавкат Мирзиёевтиң басламасы менен үлкен амбициялы жойбар басланды – Самарқанд районындағы ескек есиў каналы бойында, 212 гектар майданда үлкен комплекс қурыўға кирисилди. Бәринен бурын, тәжирийбели архитектор ҳәм инженерлерден ибарат халықаралық жәмәәт тартылып, пуқта жойбар ислеп шығылды. Мәмлекетимиз басшысы бул жерге бир неше мәрте келип, қурылысты миллий архитектуралық дәстүрлеримиз ҳәм адамларға қолайлық жағынан жетилистирди. Дөретиўшилик жумысларында маман қурылысшыларымыз менен бирге Түркия, Уллы Британия, Италия сыяқлы мәмлекетлердиң жетик қәнигелери қатнасты.

Сол тәризде қысқа ўақыт ишинде, пандемиядағы қыйыншылықларға қарамастан, усы үлкен комплекс қурып питкерилди.

Бул көп тармақлы орай қурамында 8  заманагөй мийманхана, Конгресс холл, «Мәңги қала» комплекси, амфитеатр ҳәм көплеген басқа да имаратлар бар. Ол жылына 2 миллион туристке хызмет көрсетиўи мүмкин.

– Бул үлкен орай уллы ата-бабаларымыз қурған саўлатлы архитектуралық естеликлерге мүнәсип болып, олардың тарийхый дәстүрлерин даўам еттиреди. Бул комплекс мәмлекетимизде ҳәзирги ўақытта тырнағы қаланып басланған Үшинши Ренессанс ҳәм алдыңғы тарийхый дәўирлер арасындағы символикалық көпир болады, деп исенемен,-деди Президент.

Орайдың «Уллы жипек жолы» деп аталыўында да терең мәни бар. Бул жерде сол дәўирге байланыслы тарийхый көринислер сәўлелендирилген. Мәселен, «Мәңги қала» комплекси нағысларында әййемги Афросиёб дийўалларында сақланып қалған Сўғд мәмлекети ҳүкимдарының Корея, Қытай, Ҳиндстан ҳәм басқа да мәмлекетлер елшилерин қабыллаў мәресиминиң көринислеринен пайдаланылған.

Бул жерде әййемги базар, мәмлекетимиздиң барлық аймақларына тән 40 өнерментшилик устаханасы шөлкемлестирилген. Онда усталар ағаш оймакерлиги, гүлалшылық, зергерлик, гилем тоқыў сыяқлы процесслерин туристлерге көрсетеди.

Бул мәмлекетимизде туристлик индустрияны раўажландырыў бағдарындағы үлкен жумыслардың бир бөлеги. Жаңа туризм орайы келеси жыллары Самарқандқа келетуғын сырт ел туристлериниң санын 1,5 миллионнан арттырыўда әҳмийетли орын ийелейди. Улыўма алғанда, келеси бес жылда мәмлекетимизге келетуғын туристлердиң санын ҳәзирги 2 миллионнан 9 миллионға жеткериў мақсет етилген. Ең әҳмийетлиси, туризм тараўында мийнет етип атырғанлардың саны 500 мыңнан асады.

Сондай-ақ, бул жерлеги заманагөй мийманханалар ҳәм Конгресс холл ири әнжуманлар өткериў ушын да шараят жаратады. Жақында Шанхай бирге ислесиў шөлкеминиң саммити, Түркий мәмлекетлер шөлкемине ағза мәмлекетлер басшыларының ушырасыўы сыяқлы абырайлы халықаралық илажлар усы жерде болып өтеди. Келеси жылы болса, тарийхый қаламызда Европа тиклениў ҳәм раўажланыў банки басқарыў Кеңесиниң жыллық мәжилиси ҳәм Жәҳән туризм шөлкеминиң Бас ассамблеясы да өткериледи.

«Мәңги қала дәстаны» музыкалы гүрриңи жаңа орайдың образлы көриниси болды.

Мырза Улығбек обсерваториясынан үлги алып жаратылған амфитеатр сахнасының өзине тән декорациясы ҳәм заманагөй техникалық имканиятлары музыкалы композицияның тек ғана қосық ҳәм аяқ ойынлар емес, ал рең ҳәм сүўретлеў, ҳәр қыйлы шырақлар нуры арқалы толық сәўлелендириўге хызмет етти.

Бул музыкалы композиция киши бир усталар аўылында дүньяға келген жигиттиң гүрриңине тийкарланған. Қызықлы саяхатлар ҳаққындағы китаплардан илҳамланған жигит алыс сапарға атланып, жол даўамында билимлерин байытыў имканиятына ийе болады. Соның менен бирге, ҳәр қыйлы сынақларды жеңип өтеди. Узақ жолды басып өткен жигит әжайып мәканға қәдем қояды ҳәм бул жерде қашанлардур түсинде көрген қызды ушыратады. Оның менен турмыс қурады ҳәм және өз елине қайтып, дөретиўшилик қәдир-қымбатының шынлығын түсинеди. Қум, жулдызлар, самал ҳәм суўдан әрманлар қаласы, яғный Мәңги қаланы қурады.

Халқымыз ҳәм дүнья көркем өнери үнлескен бул музыкалы гүрриңди жаратыўда елимиздиң белгили көркем өнер ғайраткерлери ҳәм жәмәәтлери менен бирге сырт ел дөретиўшилери де қатнасты.

Ўатанымыз ғәрезсизлигиниң отыз бир жыллық байрамы алдында Самарқандтың «Уллы жипек жолы» комплексинен таралған намалар ҳәм жақты нурлар алыс-алысларға жетип, мәмлекетимизде үлкен байрам салтанатларының басланғанынан дәрек берди.

Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги

Поделиться