Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
Өзбекстан Республикасы Президенти АҚШ Конгресси делегациясын қабыллады
2022-08-23 | Сиясат
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 22-август күни АҚШ Конгрессиниң ағзалары Трент Келли ҳәм Дэрин Лахуд қатнасыўындағы делегацияны қабыллады.
Ушырасыўда Өзбекстан менен АҚШ арасындағы стратегиялық шериклик қатнасықларын буннан былай да раўажландырыў ҳәм көп қырлы бирге ислесиўди кеңейтиў мәселелери көрип шығылды.
Парламентлер арасында жедел алмасыўларды ҳәм конгрессменлер ўәкиллик етип атырған Миссисипи ҳәм Иллинойс штатлары менен әмелий бирге ислесиўди даўам еттириўге айрықша итибар қаратылды.
Кейинги жылларда еки тәреплеме қатнасықларда ерисилген жоқары дәреже қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Нәтийжели сөйлесиўлер кеңеймекте, өз-ара сапар етиўлер әмелге асырылмақта. Мәмлекетлеримиз арасындағы товар алмасыў өткен жылда 53 процентке, усы жылдың басынан болса және 20 процентке артты. Базарымызда табыслы жумыс алып барып атырған АҚШ компанияларының саны артып бармақта.
Мысал сыпатында «Silverleaf» компаниясының Жиззақ ўәлаятындағы агрокластерди раўажландырыў бағдарындағы нәтийжели жумысы көрсетип өтилди.
Мәмлекетимиз басшысы АҚШ Конгрессинде жумыс алып барып атырған Өзбекстан бойынша кокустың нәтийжели жумысын жоқары баҳалады.
Сондай-ақ, денсаўлықты сақлаў, билимлендириў, аўыл хожалығы, санаат ҳәм жоқары технологиялар тараўында өз-ара пайдалы бирге ислесиўди кеңейтиў мәселелери додаланды.
АҚШтың усы аймақларынан исбилерменлер делегацияларының мәмлекетимизге сапарларын шөлкемлестириўге келисип алынды.
Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги